Бала саўдасы
Жаңа туўылған нәрестелер — ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде адам саўдасының көп пайызын қураўы ашшы ҳақыйқат.
Хош, буның алдын алыў мүмкинбе?
Әлбетте мүмкин. Егер биз жас аналарды бул жолдан қайтара алсақ, турақлы түрде профилактик сәўбетлер өткерсек, жәмийет тәрепинен алданған қызларға пәс нәзер менен қаралмаса, зорлыққа ушыраған ҳаял дуньяға келтириўи мүмкин болған баланың “ҳарамы” дейилиўине жол қойылмаса яки улыўма буның алды алынса.
Бир қарағанда, үрп-әдетлерге тийкарланған жәмийетте унамсыз иллетлерге орын жоқ. Биринши нәўбетте, муқәддес динимизде ҳәр қандай зорлықты-биреўдиң ҳаялына (қызына, сиңлисине) жаман көз бенен қараў қатты қараланады.
Бирақ бизлер 21-әсирде жасап атырмыз. Қәлеймизбе-жоқпа, глобалласыў процесси кетип атыр. Усы процесс бизиң жәмийетимизди де шетлеп өтип атырған жоқ. Мың жыллық қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизгеде шаң салмақта. Сол себепли, социаллық тармақларда “Зорлады, некесиз бала туўылды, баласын сатыўға урынды» сыяқлы хабарлар тез-тез көзге түседи. Жасларымыздың дерлик көп ўақты интернетте социаллық тармақларды пайдаланыў менен өтеди. Олардың қызығыўшылығын шеклеўдиң мүмкиншилиги жоқ. Тек ғана бир жолы бар, ол да болса жаслығынан үрп-әдетлеримизди қулағына сиңдириў.
Қандай қызлар алданып қалады? Көбинисе, шаңарағы тыныш емес, жетиспеўшиликте жасайтуғын, мүтажлиги бар шаңарақлар қызлары. Буның тийкарғы себеби, шаңарақта мийрим көрмей өскен қызды алдаў оғада аңсат.
Неге бизлерде алданған қызлар ҳәммениң жеркенишине себеп болып, баланы үйине алып кетиўи керек? Неге баланы дүньяға келтириўде “үлесин” қосқан жигит шетте қалыўы керек? Себеби, “ДНК” тестлерин өткериўге, судласыўға мүтажлиги бар шаңарақлардың пули жоқ. Солай екен, дүнъяға келтирилген алдаў мийўеси болған баланы өз-өзинен тәрбиялаўдың мүмкиншилиги жоқ. Сол себепли бала саўдасы менен байланыслы жынаятлар күн сайын көбейип атыр.
Ҳәр бала туўылыўы менен Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленгениндей оның пуқаралық ҳуқықлары пайда болады. Солай екен, бала сатыў-жынайый жуўапкершиликке алып келеди.
Азат Сейтанов,
жынаят ислери бойынша Нөкис район суды баслығы