Некеден ажыратыў ҳаққындағы арза қанаатландырылмастан қалдырылды

Шаңарақ муқаддес дәргай. Ата-бабаларымыз әзелден шаңарақты усылай қадирлеп, онда перзентлердиң дүньяға келип, әўладлар даўамлылығының беккем қорғаны сыпатында қәдирлеп келген. Шаңарақта әке басшы, ана болса оның орынбасары, перзентлери мине усы шаңарақтың беккемлигин ҳәм аўызбиршилигин тәмийинлеўде әҳмийетли роль тутады.

 

Малика менен Манас (атлары өзгертилген) 2008-жылы жақсы нийетлер менен бир көпшикке бас қойып, турмыс қурады. Бул еки жас жубайдың мухаббаттың қүдиретинен жүреклери шәўкилдеп, турмыс машқаласынан, оның аўыр жүгинен аўлақ бахытлы күнлери өте баслады. Сол арада 2009-жылы биринши идиралды перзенти Қыяс туўылады, буннан соң 2012-жылы Мадина, 2018-жылы Жәдигер дүньяға келеди.  Ҳәр бир перзенти дүньяға келгенде өзинде жоқ шексиз қуўанышқа бөленген Манастың кейин ала минезиде өзгерип, өз ерк-ықрарына күши жетпей ишиўшиликке берилип кетеди.

 

«Бир күн урыс-жәнжел болған үйден қырқ күн берекет көтериледи» дегениндей Манас ишип келип үйде урыс шығаратуғын, ҳәтте кишкене балаларына болыўына қарамастан Маликаға қол көтеретуғын әдет шығарды. Күнлер усылай өте берди. Енди өзине болған мухаббаттың сөнгенин, және минезлериде бара-бара бир-бирине туўры келмей үйде урыстың көбейип кеткенин, Манастың да өзгермеслигин түсинген Малика жәнжелли күнлердиң биринде үш баласын ертип төркинке кетип қалады.

 

Бул арада Манаста қылған қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, бала-шағасын үйине алып қайтыўдың илажын таппай арақ пенен жолдас болып жүре береди. Буннан Маликаның әбден ары келип, ҳәтте перзентлери де күйеўиниң көзине көринбегенине ашыўланып, ажырасыў ушын  судқа арза менен мүрәжат етеди.

 

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды тәрепинен 2021-жыл июль айында еки жасты некеден ажыратыў бойынша ис көрип шығылып, суд тәреплердиң пикирлерин тыңлап, оларды турмыстан ажыратып, үш баланы тири жетим етиў ушын жетерли дәлийллер келтирилмеген деп есаплап, Маликаның даўа арзасын қанаатландырмастан қалдырады. Суд шаңарақты жарасыўға шақырды. Сонда да, Малика өз пикиринен қайтпай және Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясына пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды 2021 жыл 24 июльдағы бийлигин бийкар етиўди сорап апелляциялық шағымын келтиреди. Бул ис ашық суд мәжлисинде көрип шығылып, коллегия ағзалары да талапкердиң ҳәм ўәкилдиң түсиндирмелерин тыӊлап, апелляциялық шағымда келтирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен биргеликте үйренип ҳәм додалап, биринши инстанция судының бийлигин өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырмастан қалдырыўды лазым тапты.

 

Себеби, ис бойынша анықланған ҳалатларға қарағанда, тәреплер 2008-жыл май айында турмыс қурған, 2009-жыл Қараөзек районы ПҲАЖ бөлими арқалы нызамлы некеден өткен. Орталарында 2009-жылы, 2012-жылы ҳәм 2018-жылы туўылған перзентлери бар. Тәреплер өз-ара келиспеўшиликлер себепли 2020-жыл март айынан баслап бөлек жасап атырған.

 

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына көре, егер суд ер ҳәм ҳаялдың буннан былай биргеликте жасаўына ҳәм шаңарақты сақлап қалыўға мүмкиншилиги жоқ деп тапса, оларды некеден ажыратады.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды Пленумының «Судлар тәрепинен некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамшылықты қоллаў әмелияты ҳақкында»ғы 2011-жыл            20-июль күнги 6-санлы қарарының 14-бәнти, 1-хатбасына көре, некеден ажыратыў менен байланыслы ислер бойынша нызамлы ҳәм тийкарлы бийлик қабыл етилиўи ушын суд истиң ҳақыйқый жағдайларын ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексерип шығыўы, сондай-ақ ерли-зайып ортасындағы өз-ара мүнәсебетлер жағдайын, некеден ажыратыў мәселеси қойылыўына тийкар болған себеплер, ерли-зайып ортасындағы келиспеўшиликтиң анық себеплерин анықлаўы шәрт. Сол мақсетлерде, суд исти еки тәреп қатнасыўында көриўи лазым, усы Қарардың 16-бәнтине көре, некеден ажыратыў ҳаққындағы талап, тек ғана ерли-зайып буннан былай бирге жасаўларының ҳәм шаңарақ пүткиллей бузылғанлығы себепли оны сақлап қалыўдың иләжи жоқлығы анықланған ҳалда ғана қанаатландырылыўы лазым. Турмыста кешетуғын ўақтыншалық келиспеўшиликлер ҳәм күтилмеген себеплерге көре ерли-зайып ортасында келип шыққан қарама-қарсылықлар, сондай-ақ ерли-зайыплының биреўи яки ҳәр екеўиниң тийкарлы ўәжлер келтирмеген ҳалда неке мүнәсебетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайды. Некеден ажыратыўға тийкарлар болмағанда, суд даўаны қанаатландырмастан қалдырады.

 

Биринши инстанция суды тәрепинен талапкер Маликаның некеден ажыратыўға тийкарлы ўәжлер келтирмеген ҳалда неке мүнәсебетлерин даўам еттириўди қәлемеслиги некеден ажыратыў ушын жетерли тийкар бола алмайтуғынлығы, қала берсе жуўапкер Манаста перзентлерин тири жетим болыўын қәлемейтуғынлығы, жарасыўды қәлейтуғынлығы ҳәм шаңарағын сақлап қалыў ушын  ҳәрекет ететуғынлығы итибарға алынып даўа арзаны қанаатландырмастан қалдырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келинген, деп коллегия есаплап, биринши инстанция суды бийлигин өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты.

 

 

Абатбай Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы