Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 08-июнь күниндеги «Жер мүнәсибетлеринде теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў иләжлары ҳаққында»ғы ПП-6243-санлы Пәрманы менен жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған режимин енгизиў, жерге тийисли мүлкшилик ҳәм ҳуқықый мүнәсибетлерде турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў ҳәм жер ийелериниң мүлкшилик ҳуқықларын кепиллик бериўдиң жаңа ҳуқықый тийкары жаратылды.

 

Оған көре аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етилиўи белгиленди, соның менен бирге 2021-жылы 1-август күнинен баслап жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымларының жер мүнәсибетлерине тийисли қарар, буйрық ямаса басқа түрдеги ҳүжжет қабыллаў ҳуқықы бийкар етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясы жаңа редакциясында қабыл етилип, усы статьяның 2-бөлими, 1-бәнтинде жер участкаларын бериў яғный мүлк етип бериў аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, сондай-ақ жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион жәрдеминде әмелге асырылыўы белгиленди.

 

Соның менен бирге жоқарыдағы Нызам менен Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 27-статьясында жаңа редакцияда қабылланды. Оған көре Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарға шекем жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мүлк ҳуқықы тийкарында реализация етиледи.

 

2021-жылы 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Нызамына көре, Өзбекстан Республикасының пуқарасы тәрепинен – жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў, соның менен бирге исбилерменлик ҳәм де қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын өзине берилген ҳәм мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў, турақлы пайдаланыў ямаса ижәра ҳуқықы тийкарында өзине тийисли болған жер участкаларына салыстырғанда меншиклестириў ҳаққында арза бериледи. Жер участкасына болған турақлы пайдаланыў (ийелик қылыў) мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик қылыў ямаса ижәра ҳуқықы тийисли тәртипте Өзбекстан Республикасының юридикалық ҳәм физикалық шахсларға өткерилгенде оларға усы жер участкасын меншиклестириўге болған ҳуқықы да өтеди. Арза мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы арқалы бериледи.

 

Жер участкаларына болған мүлк ҳуқықы ушын мамлекет ордери ҳуқықты белгилейтуғын ҳүжжет болып, ол меншиклестирилетуғын жер участкасының қунын төлеў толық ҳәм өз ўақытында әмелге асырылғаннан кейин бир ис күни ишинде Өзбекстан Республикасы мәмлекет активлерин басқарыў агентлиги тәрепинен бериледи.

 

Меншиклестирилетуғын жер участкасына болған жеке меншик ҳуқықы оған болған ҳуқық көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекет реестрине мағлыўматларды электрон тәризде кириў арқалы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап жүзеге келеди.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы

Ҳәкимшилик судының баслығы                                     

 

ХУҚЫҚЫЙ ТӘСИР ШАРАЛАРЫН ҚОЛЛАӮ ТИЙКАРЛАРЫ

Хуқықый тәсир шараларын қоллаỹ хаққындағы арзалар менен судқа мүрәжат етиỹге қадағалаỹшы органлар хақлы.Хуқықый тәсир шараларына төмендегилер киреди:

-жумысын тоқтатыỹ;

-әтирап тәбийий орталыққа зиянлы тәсир көрсетип атырған объектлердиӊ жумысын қысқартыỹ ҳәм қайта қәнийгелестириỹ;

-жумысын шеклеỹ, тоқтатып қойыỹ ҳәм қадаған етиỹ, күтилмеген жағдайлар, эпедемиялар ҳәм халықтыӊ өмири ҳәм ден саỹлығы ушын басқа қәỹип жүзеге келиỹиниӊ алдын алыỹ менен байланыслы жағдайда жумысын он ис күнинен көп болмаған мүддетке шеклеỹ яки тоқтатып турыỹ ждағдайлары буннан тысқары;

-банк есапбетлери бойынша операцияларды тоқтатып қойыỹ, нызамда нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары;

-финанс жәриймаларды қоллаỹ;

-исбилерменлик жумысыныӊ айрым түрлери менен шуғылланыỹ ушын лицензиялардыӊ әмел қылыныỹын он ис күнинен көп болған мүддетке тоқтатып турыỹ яки олардыӊ әмел кылыỹын қысқартыỹ, буннан Өзбекстан Республикасы Министерлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасы       Орайлық банк тәрепинен берилетуғын лицензиялар буннан тысқары.

Хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ хаққында арза судқа жазба түрде бериледи ҳәм арза бериỹши тәрепинен яки ỹәкили тәрепинен қол қойылады.

Хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ хаққындағы арзаға төмендеги арзаныӊ көширме нусқасы ҳәм арзаға қосымша қылынған хүжжетлер жуỹапкер ҳәм үшинши шахсларға жиберилгенлигин тастыйқлаỹшы, белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда почта қәрежети төлегенлиги хаққындағы хүжжетлер менен биргеликте төмендеги хүжжетлер қосымша қылынады:

1) жумысын тоқтатыỹ, әтирап тәбийий орталыққа зиянлы тәсир көрсетип атырған объектлердиӊ жумысын қысқартыỹ ҳәм қәнийгелестириỹ хаққындағы арзаға-шөлкемлестириỹ хүжжетлериниӊ тийисли тәртипте тастыйқланған көширме нусқалары, юридик шахс яки пуқара тәрепинен норматив-хуқықый хүжжетлер талаплары бузылғанлығын тастыйқлаỹшы, жумысын қысқартыỹ әтирап тәбийий орталыққа зиянлы тәсир көрсетип атырған объектлердиӊ жумысын қысқартыỹ ҳәм қайта қәнийгелестириỹ ушын тийкар болатуғын дәлийллер;

2) жумысын шеклеỹ, тоқтатып қойыỹ ҳәм қадаған етиỹ хаққындағы арзаға шөлкемлестириỹ хүжжетлериниӊ тийисли тәртипте тастыйқланған көширме нусқалары, юридик шахс яки пуқара тәрепинен норматив-хуқықый хүжжетлер талаплары бузылғанлығын тастыйқлаỹшы, жумысын шеклеỹ , тоқтатып турыỹ ҳәм қадаған етиỹ ушын тийкар болатуғын дәлиллер;

3) банк есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып қойыỹ хаққындағы арзаларға -салық тексериỹин өткериỹге салық төлеỹши тәрепинен тосқынлық қылғанлығы  яки салық төлеỹши дарамадлар алыỹ ушын пайдаланып атырған ямаса салық салыỹ объектин сақлаỹ менен байланыслы аймақларды, имаратларды соныӊ ишинде орынларды көзден кешириỹ ушын Мәмлекетлик салық органыныӊ лаỹазымлы шахсларын киргизиỹден бас тартқанлығы хаққындағы тастыйқлаỹшы дәлил;

4) финанслық жәриймаларды қоллаỹ хаққындағы арзаға -тексериỹ нәтийжелери менен дүзилген акт яки басқа хүжжет ҳәм оған қосымша қылынатуғын хүжжетлерегер оларды дүзиỹ ямаса қабыл қылыỹ нызам хүжжетлерин нәзерде тутылған болса тексериỹ материалларын көрип шығыỹ баяннамасы ҳәм қарар, қарардыӊ көширме нусқасы жуỹапкерге тапсырылғанлығын яки жиберилгенлигин тастыйқлаỹшы дәлил;

5) исбилерменлик жумысыныӊ айрым түрлери менен шуғылланыỹ ушын лицензиялардыӊ әмел қылыныỹын он ис күнинен көп болған мүддетке тоқтатып турыỹ яки олардыӊ әмел кылыỹын қысқартыỹ хаққындағы арзаға лицензия ҳәм лицензия шәртнаманыӊ тийисли тәризде тастыйқланған көширме нусқалары норматив-хуқықый хүжжетлерталаплары ҳәм лицензия шәртнамасыныӊ шәртлери бузылғанлығын тастыйқлаỹшы дәлил қосымша қылыныỹы шәрт.

Хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ хаққындағы ис исти суд мәжлисинде көрип шығыỹға тайынлаỹ хаққындағы уйғарыỹ шығарылған күннен баслап он бес күннен артық болмаған мүддетте көрип шығылады, финанс жәрийма қоллаỹ хаққындағы ислер буннан тысқары.

Суд хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ хаққындағы исти көргенде хуқықықбузарлық хәдийсеси болған яки болмағанлығын ҳәм оны исленгенлиги фактин; тексериỹ ушын ҳәм тексериỹ нәтийжелери бойынша далалатнама яки басқа хүжжет дүзиỹ ушын тийкарлар ҳәм қадағалаỹшы органныӊ ỹәкиллери бар яки жоқлығын бундай хуқықбузарлықты ислегенлиги ушын нызам хүжжетлеринде нәзерде тутылғанлығы яки тутылмағанлығын ҳәм хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ тийкарлардыӊ бар яки жоқлығын анықлайды.

Хуқықый тәсир шарасын қоллаỹ хаққындағы ис бойынша келисим питим дүзиỹге жол қойылмайды.

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды судьясы;                                     Н.Балтабаева

 

Қабыллаўда төрт районның пуқаралары қатнасты

 

Орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халықтың дәртин тыңлаў, олардың машқалаларын унамлы шешиўде күтилген нәтийжелерди бермекте.

 

Шымбай районы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби имаратында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары  тәрепинен Шымбай, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир районы пуқаралары ушын  көшпели қабыллаў өткерилди.

 

Қабыллаўда суд қарарларының орынланыўы, наразылық билдириў, алимент мәселеси, ажырасыў, қарызын өндириў, кредит, турақ жай, жәрдем пул алыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша 60 қа шамалас мүрәжат көрип шығылды.

 

Атап айтқанда, Қараөзек районынан А.Ташкараев үйи кадастрдан өткенлиги, бирақ ҳәким тәрепинен қарар шығарылмай атырғанлығын, Шымбай районынан Б.Камалова «Қишлоққурилиш банк» АКБ тәрепинен турақ жай бойынша биреў өзиниң атынан кредит алғанынан наразылығы, және усы районнан Б.Ережепов балаларына жәрдем пул берилмей атырғанлығын мәлим еткен. Р.Исмайлова студент қызының контракт пулын төлеў мәселесинде жәрдем сораған. Ал, Кегейли районынан Н.Азизов ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте ЖШЖ ашқанын, бирақ ҳәким жәрдемшиси жумыстан кеткенннен соң ЖШЖ 6 ай ҳәрекетсиз турғаныны ушын салық қарыздарлығы шығып, оны өндириў ушын МОБ қа жиберилгенинен наразы екенин билдирди.

 

Көрилген мәселелердиң айырымлары өз орнында шешилип, айырымларына тийисли мәсләҳәтлер берилди.










 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Ҳәкимшилик судларға арза (шағым) менен мүрәжат етиў тәртиби қандай?

 

Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң 4-статьясына муўапық, ҳәр қандай мәпдар шахс өзиниң бузылған яки тартысып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын ҳәкимшилик судына (судқа) мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Усы кодекстиң 128-статьясында «Арза (шағым) судқа жазба түрде бериледи. Оған арза бериўши яки оның ўәкили тәрепинен қол қойылады. Арзада (шағымда) арза (шағым) берилип атырған судтың атамасы, исте қатнасыўшы шахслардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, жайласқан жери (почта мәнзили) яки жасаў орны, арыз етилген талапларға тийкар болған жағдайлар (егер олар бар болса), арыз етилген талаплардың тийкарларын тастыйықлаўшы дәлиллер көрсетилиўи керек. Сондай-ақ, арза бериўшиниң нызам ҳүжжетлерине тийкарлап келтирген талаплары, талап бир неше жуўапкерге қаратылган болса, олардың ҳәр бирине байланыслы талаплар, қосымша етилип атырған ҳүжжетлердиң дизими, арзада (шағымда) арза бериўшиниң яки оның ўәкилиниң телефон, факс номерлери, электрон мәнзили көрсетилиўи мүмкин, деп белгиленген.

 

Арза бериўши арза менен мүрәжат еткенде усы Кодекстиң 130-статьясына муўапық, арзаға (шағымға) белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда мәмлекетлик бажы пулы төленгенлигин, егер усы түрдеги ислер ушын нызамда нәзерде тутылған болса, белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда почта қәрежетлери төленгенлигин, арзаның (шағымның) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жуўапкерге ҳәм үшинши шахсларға жиберилгенлигин, арыз етилген талапларға тийкар болған жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша етиледи. Сондай-ақ, арзаға (шағымды) қол қойыў ўәкиллиги, егер оған ўәкил тәрепинен қол қойылған болса, деп белгиленген.

 

Егер арза бериўши Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң 134-статьясы талапларына әмел етпегенде «Судья арзаны (шағымды) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди төмендеги жағдайларда қайтарады. Яғный, егер арзаның (шағымның) усы Кодекстиң 128-статьясында белгиленген түри ҳәм мазмунына әмел етилмеген, жуўапкер ҳәм үшинши шахсларға арзаның (шағымның) ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин тастыйықлаўшы дәлийллер берилмеген болса қайтарады. Сондай-ақ, мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежетлери белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер берилмеген болса, мәмлекетлик бажы төлеўди кешиктириў, бөлип-бөлип төлеў мүмкин екенлиги нызамда нәзерде тутылған жағдайларда болса, бул ҳаққында өтиниш хаты болмаса ямаса өтиниш хаты қанаатландырылмаған болса, деп белгиленген.

 

Руслан Жумабаев,

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды судьясы.

9 шахс 15 суткаға қамалды

 

Нөкис қаласы бойынша ИИО ЖМБ 4-сан ИИБ хызметкерлери тәрепинен алып барылған ис-илажлар нәтийжесинде Нөкис қаласы аймағында майда бийзарылық қылған пуқаралар ҳәм инсан өмирине зыян жеткерилетуғын өткир ушлы буйым алып жүрген пуқаралар анықланған.

Бул пуқаралардың қарсысына тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен  Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 185прим 2 ҳәмде 183-статясына тийкарланып 9 ҳуқықбузар шахсларға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазалары тайынланды.

Бәрше пуқараларымыздан жәмийетлик орынларда белгиленген тәртип қағыйдаларға әмел етиўин сорап қаламыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Алимент төлемегени ушын 15 күнлик қамаққа алынды

 

Халқымыз әзелден перзент тәрбиясына айрықша итибар қаратып, олардың әдепли, өнерли ҳәм оқымыслы инсанлар болып жетилисиўи ушын қолайлы шараятлар жаратып берген. Бирақ, соңғы жыллары шаңарақлардағы келиспеўшиликлер себепли жүз берип атырған ерли-зайыплылардың ажырасыўлары перзент тәрбиясында айырым олқылықлардың пайда болыўына себеп болмақта.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 474-статьясында, материаллық жәрдемге мүтәж ержетпеген яки мийнетке жарамсыз шахсты материаллық тәмийинлеўден бас тартыў ямаса оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ушын судтың шешиўши қарарына яки суд буйрығына тийкарланып өндирилиўи тийис болған пул қаржысын еки айдан артық мүддет даўамында төлемеў, ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы көрсетилген.

Лекин, тилекке қарсы өз перзентиниң тәрбиясы ҳәм камалға келиўи ушын тийисли төлемлерди төлемей жүрген пуқараларымыздың жәмийетимиз арасында барлығы көпшиликти таң қалдырады.

Жақында республикамыздың әмелдеги нызамшылығына бойсынбастан суд қарары менен өндирилиўи белгиленген алимент напақа пулларын төлеўден бас тартып жүрген еки пуқараның иси жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен Елликқала районлық Ишки ислер бөлими имаратында өткерилген көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Мәжилисте ис ҳалатлары толық үйренилип, тәреплердиң пикирлери тыңланды ҳәм алимент напақаларын төлеўден билқастан бас тартып жүрген пуқаралар Б.К ҳәмде С.Ф ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 474-статьясы менен айыпкер деп табылып, оларға усы статьяда нәзерде тутылған 15 сутка ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы тайынланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 64-статьясында ата-аналар өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыў ҳәм тәрбиялаўға мәжбүр екенлиги атап көрсетилген.

Солай екен, перзент тәрбиясына жуўапкершилик пенен қараў, оларды материаллық жақтан тәмийинлеў ҳәр бир ата-ананың жуўапкерли ўазыйпасы есапланады. Келешегимиз болған жас әўлад тәрбиясына бийпәрўа болмаўымыз тийис.

 

Оразбай Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Судлар тәрепинен көшпели қабыллаў болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен тастыйықланған 2023-жылдың 1-ярымында Қарақалпақстан Республикасы районлараралық, район (қала) судлары баслыкларының алыс аўылларда көшпели қабылларды өткериў режесине тийкар Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров, Қоңырат районлараралық Економикалық судының баслығы А.Аяпов ҳәм де Қоңырат районлараралық пуқаралық ислери бойынша судының судьясы А.Сейтназаровлар тәрепинен Шоманай районы «Сарманбайкөл» аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыл болып өтти.

Кошпели қабыллаўға Шоманай районы «Сарманбайкѳл» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларынан 25 адам қатнасып, соннан 9 адам судларға тийисли мәселелер менен мүрәжат етти ҳәм ҳуқықый түсиниклер берилди.

Исбилерменлер ушын имканиятлар

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 3-февраль күни «Ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯиниң экономикаға кери тәсирин кемейтириӯ ушын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаӯ ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-43-санлы Қарары қабыл етилди.
Қарарға көре хаӯа райынның өткир суӯып кетиӯи ақыбетинде қыйыншылықларға ушыраған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм искерлигин тез қайта тийклеӯ мақсетинде:

 

-Исбилерменлик субъектлериниң 2023-жыл 1-январ күнине болған
1-февраль жағдайына асқан (пайда болған) салық қарызын 2023-жыл
1-март күнинен 1-июль күнине шекем пайызларсыз, қосымша шәртлер қоймастан ҳәм тәмийнат талап етпестен тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеӯге рухсат бериӯ.

 

Салық комитети салық қарызын бөлип-бөлип төлеӯ имкәниятын бериӯ ҳаққындағы арзаларды 5 күнге шекем мүддетте көрип шығыӯ. Бунда, ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи дәӯиринде толық қуӯатта ислей алмаған салық төлеӯшилердиң январь айы жуӯмағы бойынша пайда болған салық қарызын бөлип-бөлип төлеӯ имкәниятыда берилип атырылғанлығы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлериниң салық қарызына пеня есаплаӯ
2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқтатылыӯы белгиленген.

 

-Сыртқы саӯда опреациялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүритиӯши субъектлерге жәриймалар қолланылыӯы, сондай-ақ, усы қарар күшке киргенге шекем қолланылған жәриймалар өндирилиӯи 2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқтатылыӯы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлерине 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь-февраль айларында мәмлекет мүлкинен пайдаланғанлық ушын ижәра төлемлерин 2023-жыл 1-марттан баслап 1-июль күнине шекем тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеӯге рухсат берилген.

 

Мәмлекет мүлкинен пайдаланыӯ жүзесинен 2022-жылдан баслап әмелде болған ижәра шәртнамалары бойынша ижәра төлемлери муғдары 2023-жыл
1-апрель күнине шекем өзгериссиз қалдырылыӯы белгиленген.

 

-Исбилерменлик субъектлери тәрепинен бөлип-бөлип төлеӯ шәрти менен сатып алынған мәмлекет активлери бойынша 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь айларында төлениӯи лазым болған төлемлер, соның менен бирге дәслепки төлем төленбегенлиги ушын пайызлар ҳәм пенялар есаплаӯ 2023-жыл 1-апрель күнине шекем тоқатылып турылыӯы белгиленген.

 

Белгилениӯинше, 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь айларында мәмлекетлик сатып алыӯ шеңберинде дүзилген шәртнамалар шәртлери ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи себепли орынланбағанлығы ушын исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик буйыртпашылары (соның менен бир қатарда, устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 пайыз ҳәм оннан жоқары болған кәрханалар) тәрепинен жәрийма ҳәм пенялар қолланылмайды.

 

-Ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи ақыбетинде қыйыншылықларға ушыраған исбилерменлик субъектлерине қарата 2023-жыл 1-апрель күнине шекем мәмлекет пайдасына өндириӯлер менен байланыслы суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлериниң мәжбүрий орынланыӯ тоқтатылып турылыӯы белгиленген.

 

-Орайлық банкке акционерлик банклери менен биргеликте усы қыс мәӯсиминде ҳаӯа райының өткир суӯып кетиӯи себепли зыян көрген исбилерменлик субъектлериниң:

 

-кредитлери бойынша 2023-жыл январь-март айлары ушын төлемлер мүддетин 2023-жыл 1-июнь күнине шекем узайттырыӯ;

 

-мүддети өткен кредитлерге жәрийма санкциялары ҳәм гиреӯ тәмийнаты бойынша 2023-жыл 1-апрель күнине шекем өндириӯ шараларын қолламаслық;

 

-искерлиги үзиликсизлигин тәмийнлеӯге, соның менен бирге ӯақтыншалық пул ағымларындағы үзилислерди қаплаӯ ҳәм айланба қәрежетлерин толтырыӯға қаратылған қысқа мүддетли (револьвер) кредит өнимлерин алдыннан мақулланған (модул) қарарлар тийкарында усыныӯ;

 

жарамсыз жағдайға келген тийкарғы қуралларын оңлаӯ ушын кредитлер ажыратыӯ;

 

-кредит бюроларында кредитлери бойынша төлемлер мүддетиниң узайтырылыӯын олардың кредит тарийхы ҳәм скоринг көрсеткишлерин тексериӯди инәбатқа алмаӯ бойынша тийисли шаралар көриӯ тапсырылған.

 

Бунда, мүддети узайтырылған кредитлер сыпаты жаманрақ тәрийпленбейди ҳәмде усы кредитлер бойынша қосымша шамалаӯ жоғалтыӯларға қарсы захиралар қәлиплестириӯ талап етилмейди деп белгиленген.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық судының баслығы                                       З.Д.Бердимуратов

Көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди

Хожели районындағы Пәрўаз МПЖ имаратында, «Мениң мәҳәллем мениң судьям» атамасында алдаўшылық жынаяты бойынша көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, ИИБ профилактика инспекторы А.Тилеўмуратов ҳәм басқалар жынаятшылық, атап айтқанда, бала саўдасы жынаятының алдын алыў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында түсиниклер берип өтти.

Көшпели судта Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов тәрепинен алдаўшылық жынаятын ислеген А.Б.ға қарата топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суд мәжилисине усы аймақ турғынлары, судланыўшының туўған-туўысқанлары, алдын судланған пуқаралар, сондай-ақ, районлық ишки ислер бөлиминиң профилактикалық есабына алынған пуқаралар қатнасты.

Пуқара А.Б. өзиниң аталас жеңгеси Б.Р.ды  оның атына банктен 30 миллион сум кредит шығарып бериўин айтып алдап, оның исениминен қастан пайдаланып, жеңгесиниң паспортын, ИНН санын, пластик картасын алып, оның электрон имзасынан пайдаланып, банктен пул шығарып алады. Бирақ, банктен ажыратылған 30 миллион сум пулды жеңгесине берместен, өз мәпине жумсайды.

Судта жәбирлениўши Б.Р. өзине келтирилген зыян судланыўшы (қәйни) тәрепинен толық қапланғанын, ол кеширим сорағанын, оған кеширим бергенин, ҳәзирги ўақытта өз-ара жарасып кеткенин билдирип, судланыўшыға қарата жынаят исин жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўды сорады.

Судта судланыўшы А.Б. қылмысынан пушайманлығын билдирип, жәбирлениўшиге келтирилген зыянды толық қаплап бергенин, жәбирлениўши оған кеширим бергенин билдирип, исти жарасыў мүнәсибети менен жуўмақлаўға қарсылығы жоқлығын билдирди.

Сонлықтан ис, суд тәрепинен Жынаят кодексиниң 661-статьясы (тәреплердиң жарасқанлығы мүнәсибети) менен өндиристен қысқартылды.

Ушырасыўда қатнасыўшылар усындай көшпели ашық суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийети ҳаққында пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Кеширим берилип, жазасы жеңиллестирилди

 

Суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың нәтийжесинде, көпшилик жағдайларда  билип-билмей жынаят ислеген адамларға берилген жаза оны жазалаў менен бирге тәрбиялаў характерине ийе болыўы елимизде инсан қәдири оғада жоқары туратуғынлығынан дәрек бермекте.

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратованың басшылығында көшпели ашық суд өткерилди.

Онда дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен айыпланған И.Б.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Суд мәжилисинде анықланған жағдайларға қарағанда, И.Б. 2022-жыл 15-декабрь күни саат 18:00 де өзиниң басқарыўында болған, пуқара Д.А.ға тийисли «Дамас» маркалы автомашинасын исеним хаты ҳәм қамсызландырыў полиси арқалы «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» асфальт жолының Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағынан өтип турған 27-28 километринде «Жол ҳәрекети қағыйдалары» талапларын қопал рәўиште бузып, автомашинасын арқа тәрепке ҳәрекетлендирип атырғанында, автомашинасының арқа тәрепинде турған Н.К.ны қағып алып жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Жол транспорт хәдийсеси ақыбетинде пуқара К.Н. аўыр дене жарақатын алып өзине келместен емлеўханада қайтыс болған.

Суд мәжилисинде судланыўшы Б.И. өзиниң айыбын толық мойынлап, пушайман екенлигин ҳәм жәбиркештен кеширим сорайтуғынын билдирип, өзине жеңиллик бериўди сорап, көрсетпе берди.

Сонлықтан суд, жоқарыдағыларға тийкарланып Б.И.ны Өзбекстан Республикасы ЖКниң 266-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жаза тайынлаўды лазым деп есаплады.

Суд, судланыўшы Б.Иға жаза тайынлағанда, оның өз айыбын толық мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жасаў орнынан унамлы минезлемеге ийе екенлигин, шаңарақлы болып, қарамағында 2 жас перзентлери бар ҳәм олардың жалғыз бағыўшысы екенлигин, оның алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмаған ҳәм судланбаған. Сондай-ақ, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға арза даўы жоқлығын, кеширим бергенлигин оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, жазасын аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза менен толық дүзелиў имканиятының барлығын, оны жәмийеттен ажыратпаған ҳалда қайта тәрбиялаў мүмкин деген жуўмаққа келип, усы ҳалатларды жынаяттың қәўиплилик дәрежесин сезилерли кемейтиўши жағдай деп тапты.

Соның менен бирге, оның мийнетке қәбилетли екенлигин инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып ҳәм оған усы статья менен ЖКниң 57-статьясы қолланылған ҳалда ЖКниң 45-статьясына тийкарланып 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, ҳәр айлық ис ҳақысының 10 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы менен 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

Skip to content