Мектепти нызамсыз табыс табыў орнына айландырмайық

 

Соңғы жыллары мәмлекетмизде барлық тараўлар сыяклы билимлендириў тараўына да үлкен итибар қаратылған. Бул бағдарда бир қатар нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы ҳүжжетлер тийкарында билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў,  оларды жетик қәнигелер менен тәмийинлеў, олардың билимин жетистириў бағдарында бир канша унамлы ислер әмелге асырылмакта.

Ҳәр бир инсан мектепте алған билими ҳәм устазлар тәрбиясы тийкарында өмир деп аталған гүзар жолға атланады. Бул жолларды сүрникпестен басып өтиўде шаңарақта ҳәм мектепте алған билим ҳәм тәрбия үлкен әҳмийетке ийе. Солай екен бул дәргайды қәстерлеп абайлаў ҳәр биримиздин миннетли ўазыйпамыз есапланады.

Бирақ, жәмийетимизде айырым нәпсиниң қулына айланган инсанлар да табылады. Соның ишинде жынаят ислери бойынша Елликкала районлық судында көрип шығылған жынаят исиндеги төмендеги жағдайлар кимди болса да ойландырыўы сөзсиз.

Жынаят исинде айыпланыўшы сыпатында катнастырылған С.Р алдын бир нешше мәрте аўыр түрдеги жынаятлар ислегени ушын оның жәмийеттеги жүрис-турысын қадағалаў мақсетинде 2022-жылдың 21-июнь күни жынаят ислери бойынша Беруний районлық суды тәрепинен ҳәкимшилик қадағалаўына алыныўына карамастан ол және бир нызамсыз иске қол урды.

Атап айтатуғын болсақ, С.Р. Елликқала районы “Сарабий” АПЖ аймағында жайласқан Қарақалпакстан Республикасы Мәденият Министрлигине қараслы 23-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде қараўыл болып ислеп жүрип, ғәрезли мақсетлерде усы мектеп ишинде кыз ҳәм жигитлерге жынысый қатнаста болыўына пуллы хызмет көрсетип шараят жаратып келген.

“Гүзе күнде емес, күнинде сынады”-дегениндей оның өзинше ҳеш кимге билдирмей ақша таўып жүремен деген нийети әмелге аспай, 2022- жылдың 9-октябрь күни “Д” исимли шахс пенен Б.А исимли шахстың өз-ара жынысый қатнаста болыўы ушын 100.000 сум есабынан мектептиң бир ханасын ажыратып, гезектеги пуллы хызметин көрсетип атырған жеринде ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен қолға алынған.

Әлбетте, бул жынаятлы ис бойынша С.Р ға нызамда белгиленген тәртипте тийисли жаза шарасы тайынланды.

Жоқарыда гүўасы болғанымыздай усы тараўдың жуўапкерли  ўәкиллериниң өз хызмет ўазыйпасына итибарсызлығы және бир жынаяттың келип шыгыўына себепши болғандай көринеди. Себеби, пуқара С.Р ды жумыска қабыллаў ўақтында оның шахсы тийисли тәртипте тексерилип алыныўы ҳәм бул мәкемеде жумыс ислеўи каншелли дурыс екенлигине азғана итибар қаратылыўы керек.

Солай екен бизиң ҳәр биримиз, бул жағдайлардан жуўмақ шығарып жынаятшылықтың алдын алыўда белсене қатнасыўымыз тийис.

 

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

ҚМУда “Жоқары оқыў орны Коррупциясыз тараў” атамасында тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти

 

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жоқары оқыў орны-Коррупциясыз тараў” атамасында тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокуроры А.Зарипов Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық суды судьясы Р.Каукышев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеў басқармасы баслығы орынбасары Р.Игамбердиев, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги үгит-нәсият бөлими баслығы А.Отеўлиев, университет проректорлары, бөлим баслықлары, факультет деканлары, оқыў ислери бойынша декан орынбасары, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары, топар тюторлары ҳәм университет профилактика инспекторлары қатнасты.

 

 

Ушырасыўды университет ректоры А.Реймов алып барып, ол өз сөзинде коррупция дүня көлеминде шешилиўи керек болған глобал машқалалардың бири екенлиги, бундай жаман иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий еконмикалық раўажланыўына кери тәсирин көрсетип, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң аяқ асты болыўына алып келетуғынлығын, усындай унамсыз жағдайларға қарсы гүресиў бүгинги күн сиясатының әҳмийетли мәселелериниң бири екенлигин айтып өтти.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим прокуроры А.Зарипов сөзге шығып, коррупцияға қарсы гүресиў, оларға имканият жаратып берип атырған себеп ҳәм жағдайлардың алдын алыў бойынша бир қатар Нызамлар ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилгенлигин ҳәм айрым жоқары оқыў орынларнда коррупция менен байланыслы ҳалатлардың ушырасып атырғанлығын айтып, бәршени бундай жаман иллеттен аўлақ болыўға шақырды. Сондай-ақ, илажда сөзге шыққанлар коррупция –жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсир етип қоймастан, елимиздеги ҳәрекет етип турған нызамларға исенимсизлик ҳәм оларға ҳүрметсизлик түсинигин пайда ететуғынлығын, сонлықтанда бул иллетке қарсы гүресиў ең алды менен ҳәр бир инсанның өзине байланыслы екенлигин, коррупциянын алдын алыўда жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў керек екенлигин айтып, бәршени бул жаман иллетке қарсы гүресиўде бийпарўа болмаўға шақырды.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

 

 

 

Лицей оқыўшылары судьялардың жумыслары менен танысты

 

Қарақалпақстан Республикасы судында Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейиниң оқыўшылары менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының кадрлар менен ислесиў бойынша жуўапкерли хызметкери, судья аға жәрдемшиси А.Абдрасулиев, бас консультанты М.Бектурғанов, лицей муғаллими Ш.Ибрагимовлар шығып сөйлеп, оқыўшыларға суд системасы, суд-ҳуқық реформалары, судлардағы мәлимлеме-коммуникация имканиятлары туўралы мағлыўматлар берилди.

Оқыўшыларға Өзбекстан Республикасының суд системасы, судтың ўазыйпалары, биринши мәрте судьялық лаўазымына талабанға қойылатуғын талаплар, судларда кадрлар менен ислесиў, судтың қадрлар резервин қәлиплестириў, суд уйымларына жумысқа кириў тәртиби ҳәм талаплары, мәмлекетимиздеги соңғы суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылған реформалар ҳаққында кеңнен айтып өтилди.

Сондай-ақ, ислерди видеоконференц байланыс арқалы көриў, суд қарарларының көширмелерин электрон тәртипте интернет арқалы алыў, суд мәжилислерине аралықтан турып қатнасыў, мәкемелер менен интеграцияланыў имканиятлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди.

Буннан соң оқыўшылар суд имаратындағы мәлимлеме-коммуникация үскенелери, суд мәжилиси заллары менен танысты.

  • Лицейимизде ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да тийисли мәкемелер менен бирге оқыўшылардың әмелий билимлерин арттырыў мақсетинде көшпели оқыў-сабақларын шөлкемлестириў жолға қойылған. Бүгин бизлер Қарақалпақстан Республикасы судына келип, бул жердеги қәнигелерден олардың жумыслары ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болдық. Ушырасыў даўамында алған билимлеримиз бизге әмелий сабақ болды, десек қәтелеспеймиз,-дейди лицей оқыўшысы Әзиз Қудайбергенов.

Оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Пәрман ҳәм стратегия пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң суд арқалы нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди

θзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январьдағы әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейттириў ҳәм судлар искерлигининиң нәтийжелигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққындағы 11-санлы Пәрманы менен 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли СТРАТЕГИЯСЫ тастыйықланды.
СТРАТЕГИЯ ның улыўма қағыйдаларында, 2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўдың қысқа мүддетли стартегиясы суд-ҳуқық системасының жедел реформа қылыныўын тәмийенлеў, сондай-ақ халықтың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыў мақсетинде ислеп шығылған.
Стратегия θзбекстан Республикасында суд ҳәкимиятын раўажландырыўдың стратегик мақсетлери, үстин жөнелислери ҳәмде келешектеги ең тийкарғы ўазыйпаларды белгилейди.
Стратегияда, “Инсан қәдири ушын” идеясы тийкарында әдил суд системасын дүзиў ҳәмде оның хызметин халық мәпи ҳәм инсан қәдир-қымбатын нәтийжели қорғаўға жөнелтириў;
Әдалатлы суд қарарлары қабыл етилиўине ерисиў арқалы халықтың, исбилерменлердиң суд системасына болған исенимин беккемлеў, ҳәр бир шахс суд ҳәм судьялар көринисинде өзиниң исенимли қорғаўшысын көриўге ерисиў;
Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге өз ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин судларда қорғаўы ушын бәрше имкәниятларды жаратыў, суд ислерин жүритиўде тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы процесдураларын толық жүзеге шығарыў, судлардың қалыслығын әмелде тәмийенлеўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў;
Судлар искерлигин толық санластырыў, жасалма интелект технологияларын енгизиў, мәкемелер аралық електрон мағлыўмат алмасыўын жақсылаў, суд мәжлисилерине аралықтан турып қатнасыў имкәниятларын кеңейттириў;
Судьялардың ғәрезсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы кепилликлерин күшейттириў, судқа ҳүрметсизлик қылыў ҳәм суд исине араласыў жағдайларының алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў;
Мәмлекет атынан суд қарарларын қабыл етип атырған судлар ҳәм судьяларға, сондай-ақ олардың қарарларына қарата ҳәр бир пуқараға сол қатарда бәрше дәрежедеги лаўазымлы шахсларда ҳүрмет руўхын қәлиплестириў;
Суд қарарларының қатаң орынланыўын тәмийинлеў, бул бойынша мәмлекетлик органлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин асырыў шараларын көриў;
Судьялар ҳәм суд хызметкерлеринде жоқары қатнас мәдениятын қәлиплестириў арқалы судқа мүрәжат қылған ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменлерге судтан, негизинде болса мәмлекеттен разылық сезимин оятыў тийкарғы ўазыйпалары көрсетилген.
Стратегияда, инсан қәдирин уллылаўға қаратылған нызамшылықты жетилистириў, әдил судлаў сыпатын түптен асырыў, суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги кепилликлерин еледе күшейттриў, судьялар корпусын кәлиплестириў, судьяларды танлаў, лаўазымға тайынлаў, оқытыў ҳәм олардың тәжрийбесин асырыў системасын жетилистириў, суд процесслери ҳәм суд қарарлары жүзесинен жәмийетшилик арасында дурыс ҳәм қалыс пикирди қәлиплестириў, суд ҳүжжетлери орынланыўын тәмийинлеў, судларда хабар-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм хабар қәўипсизлигин тәмийинлеў, судларда коррупцияға қарсы гүресиў, халықаралық бирге ислесиў ҳәм суд ҳәкимиятын материаллық-техникалық жағынан тәмийинлеў тийкарғы жөнелислери көрсетилген.
Бул ўазыйпалар ҳәм жөнелислер пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери суд арқалы нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қайрат Қыпшақбаев,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы

Ғаўыш урлаған пуқараға ҳәкимшилик шара көрилди

 

Ҳуқықбузар К.Г  Бозатаў районы Аспантай АПЖ аймағында жайласқан «Петро-Федоров» ЖШЖ жерине егилген жүўери нәлиниң 30 (отыз) баў ғаўышын рухсатсыз алып, «Петро-Федоров» ЖШЖға жәми 60.000 сум материаллық зыян жеткизген.

 

Солай етип, ҳуқықбузар К.Г бул ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 61-статясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты әмелге асырған.

 

Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының қарарына тийкар Ҳуқықбузар К.Г.ға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 61-статьясы 1-бөлими менен айыплы деп табылып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 61-статясы 1-бөлими менен ҲЖҳКниң 33-статясы қолланып, базалық есаплаў муғдарының 2/1 (екиден бир бөлеги), яғный, 150.000 сум жәрийма жазасы тайынланды.

 

Ис бойынша «Петро-Федоров» ЖШЖ ға жеткерилген 60.000 сум материаллық зыян ҳуқықбузар К.Г тәрепинен толық төленгенлиги итибарға алынды.

 

Зухра Байымбетова,  
Жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судының баслығы

 

Пробация хызмети есабында турып жаза өтеп атырған шахслар менен ислесиў бойынша Хожели районлық исши топарының мәжилиси өткерилди

 

 

2022-жылдың 2-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Суд, Ишки ислер министрлиги, Мәҳалле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Бәнтлик ҳам мийнет мүнәсибетлери министрлиги, Ден-саўлықты сақлаў министрлиги, Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы Басқармасының «Еркинен айырыў менен байланыслы болмаған пробация есабында турып жаза өтеп атырған шахслардың минез-қулқы үстинен бақлаў алып барыў, оларды социаллық турмысқа қәлиплестириў ҳәм қайта жынаят ислеўлериниң алдын алыў жумысларын сыпат жағынан жәнеде асырыў ҳаққында»ғы Қоспа қарары қабыл етилген еди.

Қоспа қарардың қабыл етилиўинен тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының жәмәәт қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПП-27-санлы Пәрманы талапларының Қарақалпақстан Республикасы аймағында сөзсиз орынланыўына ерисиўди тәмийинлеўден ибарат.

Қоспа қарар менен пробация есабындағы шахслар менен мәнзилли жумысларды әмелге асырыў бойынша ис-иләжлар режеси 2-қосымшаға муўапық;

Нөкис қаласы ҳәм барлық районларда прокурор орынбасары, район (қала) ҳәкими орынбасары, жынаят ислери бойынша суд баслығы, ИИБ баслығы орынбасары, Бәнтлик бөлими баслығы, Жаслар агентлигиниң район (қала)лық бөлими баслығы қурамындағы исши топар 3-қосымшаға муўапық тастыйықланды

Исши топардың тийкарғы ўазыйпасы – республикада пробация бақлаўына алынған шахслар менен профилактик ислерди алып барыў, оларға социаллық жәрдемлер көрсетилиўи үстинен бақлаўды жәнеде күшейтириў бойынша ислеп шығылған ис-иләжлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў болып есапланады.

 

 

Мине усы мақсетте Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районлық исши топардың мәжилиси өткерилди. Мәжилисте Президент Пәрманы, Қоспа қарар талаплары терең үйренилип, исши топар алдында турған ўазыйпалар кең додаланды.

Буннан соң, исши топар ағзалары Хожели районы бойынша пробация есабында турған 179 шахс пенен ушырасыў өткерип, оларға келешекте туўры жолға түсиў, нызамларды ҳүрмет етиў, жынаят көшесине қайта кирмеў ҳаққында ҳуқықый түсиниклер берип, оларға социаллық жәрдемлер көрсетилиўи, кәсипке бағдарлаў бойынша әмелге асырылатуғын ислер ҳаққында пикирлер алмасылды.

 

Жынаят ислери бойынша

Хожели районы судының баслығы                           И.Алланиязов

Рәсмий мәлимлеме: Нөкис қаласындағы ғалабалық тәртипсизликлер бойынша 22 судланыўшыға ҳүким оқылды

2023-жыл 31-январь күни, Бухара ўәлаяты судының имаратында 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласындағы ғалабалық тәртипсизликлерди ислегенликте айыпланып атырған 22 судланыўшыға байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша суд процеси тамамланып, суд ҳүкими жәрияланды.

 

Бул жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының судьясы Елиўбай Абибуллаевтың басшылығында биринши инстанция судында көрип шығылды.

 

Жәрияланған суд ҳүкимине бола, Саламат Қалилаев, Нурлан Султамуратовқа 3 жылдан; Полат Нурниязовқа 4 жыл; Қаҳарман Сейтимов ҳәм Бердах Генжебаевқа 5 жылдан; Саиипназар Калимов, Арыслан Темирханов ҳәм Полат Шәмшетовқа 6 жылдан; Амирбек Адилбеков, Бахтияр Қәдирбергенов, Сейдабулла Медетов ҳәм Нурлан Найиповқа 7 жылдан; Разбек Бекмуратов, Султанбек Каипов, Дәўлетмурат Джийемуратов ҳәм Байрам Сейтниязовқа 8 жылдан; Аллабай Тоқымбетовқа 8 жыл 6 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

Еркинен айырыў жазасына судланғанларға тайынланған жаза мүддетлерин олар қамаққа алынған күннен баслап есапланатуғыны белгиленип, жазаны улыўма тәртиптеги колонияларда өтеў белгиленди.

 

Сондай-ақ, Азамат Нуратдинов 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 13 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 17 күн;

 

Ахмет Сметуллаев 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 22 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 8 күн;

 

Азамат Турданов 5 жыл, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 25 күни шегирилип, өтеў ушын 4 жыл 5 ай 5 күн еркин шеклеў жазасына судланды.

 

Еркинликти шеклеў жазасына судланған А.Нуратдинов, А.Сметуллаев ҳәм А.Турданов суд залында қамақтан азат етилди.

 

Лолагүл Қаллыханова 8 жыл еркинен айырыў жазасына судланып, ЖКның 62-статьясына тийкарланып дәслепки қамақта отырған 6 ай 24 күни тайынланған жазадан шегирилип, өтеў ушын 7 жыл 5 ай 6 күн еркинен айырыў жазасы қалдырылып, ЖКның 72-статьясы қолланылып, жаза 3 жыл мүддети менен шәртли деп белгиленип, суд залында қамақтан азат етилди.

 

Дәўлетмурат Тәжимуратов ЖКның 159-статьясы 4-бөлими, 167-статьясы 3-бөлими «а» бәнти, 243-статьясы, 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 244-1-статьясы 3-бөлими «а», «б», «г» бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылып, ЖКның 59-статьясы тәртибинде 16 жыл еркинен айырыў жазасына судланып, жазаның дәслепки 2 жылын түрмеде, қалған бөлимин қатты тәртипли колонияда өтеў белгиленди.

 

Сондай-ақ, судланғанлар Д.Тәжимуратов, Л.Қаллыханова, А.Турданов, А.Сметтулаев ҳәм Д.Джиемуратовтың айыбынан ЖКның 28,104-статьясы 3 бөлими «а» бәнти, судланғанлар Р.Бекмуратов пенен С.Каиповтың айыбынан ЖКның 104-статьясы 3-бөлими «а» бәнти, судланған А.Нуратдиновтың айыбынан ЖКның 244-1-статьясы 3-бөлими «г» бәнти шығарылды.

 

Буннан тысқары, жүз берген жынаятлар ақыбетинде жеткерилген 6,8 миллиард сумнан артық зыянның 256 миллион сумы қапланғанлығы инабатқа алынып, қапланбаған 6,5 миллиард сумнан артық муғдардағы материаллық зыянларды судланғанлардан солидар тәртипте өндириў, өзлестириў жолы менен талан-тараж етилген 228 миллион сум зыянды судланған Д.Тәжимуратовтан өндириў, судланғанларға тийисли болып жынаят иси шеңберинде хатлаўға алынған мүлклерди зыянды қаплаўға қаратыў белгиленди.

 

Бул ҳүкимнен наразы болған тәреплер Қарақалпақстан Республикасы суды арқалы Жоқарғы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясына процессуаллық нызамшылықта белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде шағымлар бериўге, прокурор болса протест билдириўге ҳақылы екенлиги мәлим етиледи.

 

Сондай-ақ, жынаят исин тергеў даўамында жол қойылған айырым қәте-кемшиликлер бойынша айрықша  уйғарыў шығарылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

 

Пуқаралық ислери бойынша мүрәжатлар не себептен көбейген?

2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды. 

 

Атап айтқанда, жыл даўамында судлар өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 30773 ис болып, соннан 27684 ис көрилип тамамланған, 3087 ис кейинги жылға қалдық болып өткен. Олардың улыўма саны өткен жылға салыстырғанда 52,5 процентке көбейген.

 

Сондай-ақ, судлар тәрепинен 2022-жылда 22134 пуқаралық ис көрип тамамланған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 21,9 процентке көбейген.

 

– Сондай-ақ, жыл даўамында пуқаралық ислери бойынша судларында жәми 17053 суд буйрығы шығарылған. Бул көрсеткиш те алдынғы жылға салыстырғанда 6,6 процентке көбейген. Әсиресе, мийнет хақы өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары 1150 ге, алимент өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары 236 ға көбейген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбарасы А.Керимбаев.

 

Жыл даўамында судларда көрип тамамланған пуқаралық ислердиң 58,2 процентин питимлер (соннан 9720 ис, 43,9 проценти кредит шәртнамасы менен байланыслы), 18,3 процентин шаңарақ қатнасықлары (соннан 2504 ис, 11,3 проценти некеден ажыратыў менен байланыслы), 9,1 процентин айрықша тәртипте көрилетуғын (соннан 606 ис, 2,7 проценти перзентликке алыў ҳаққындағы), 3,5 процентин мийнет қатнасықлары (соннан 291 ис, 1,3 проценти жумысқа тиклеў, 405 ис, 1,8 проценти мийнет ҳақы өндириўге байланыслы), 2,3 процентин турақ жай (соннан 104 ис, 0,4 проценти өзбасымшалық пенен қурылған қурылысты буздырыўға байланыслы), 1,6 процентин меншик ҳуқықы, 1,3 процентин зыянды өндириў, 1,8 процентин жер менен байланыслы, 0,3 процентин коммуналлық төлемлерди өндириў, 0,6 процентин басқа мазмундағы ислер қурайды.

 

Усы жылда көрилген ислерди өткен жылдың сол дәўири менен салыстырғанда питимлер, шаңарақ қатнасықлары, айрықша тәртипте көрилетуғын ҳәм жер менен байланыслы ислер көбейген болса, турақ жай, мийнет қатнасықлары менен байланыслы ислер бираз азайған.

 

Атап айтқанда, питимлер, соның ишинде кредит шәртнамасы менен байланыслы ислер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23,5 процентке көбейген болып, буған соңғы жылларда банклер тәрепинен көплеп кредитлер берилип атырғанлығы, бирақ оны қайтарыў мәселесинде айырым қарыздарларда қыйыншылықлар болып атырғанлығы, нәтийжеде шәртнама шәртлери ҳәм төлем интизамына әмел етилмей атырғанлығы себеп болған.

 

Сондай-ақ, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер, соның ишинде юридикалық фактти белгилеў менен байланыслы ислердиң көбейиўине шахстың өлгенлиги өз ўақтында ПҲАЖ уйымында дизимге алынбай қалғанлығы, бул болса ҳәзирги күнде сол шахстың мийрасхорлары тәрепинен мийрасты қабыл етиўге яки оларға ҳәр қыйлы напақалар тайынланыўына тосқынлық етип атырғанлығы себепли бундай фактлердиң суд арқалы тастыйықланыўына, нәтийже судқа мүрәжат етиўшилер санының көбейиўине алып келген.

 

Соның менен бирге, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жуўапкер лаўазымлы шахслар тәрепинен шаңарақларды сақлап қалыў илажларының жетерли дәрежеде алып барылмағанлығы нәтийжесинде некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзалардың да саны өткен жылға салыстырғанда көбейген.

 

2022-жылы 3677 (3166) некеден ажыратыў ҳаққында даўа қозғатылған ислер көрилип, алдынғы жылға салыстырғанда 22,4 процентке көбейген.

Некеден ажыратылғанлардың көбейиўи тийкарынан Нөкис қаласы, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний районларында бақланған.

 

Судларға келип түскен даўа арзалар ҳәм тәреплердиң суд мәжилислериндеги түсиндирмелеринен тәреплердиң бириниң басқа турмыс қурғанлығы, тәреплер арасында перзент жоқлығы, тәреплерден бири сырт еллерде жургенлиги, қыянети, шаңараққа ата-ана ҳәм басқалардың араласыўы яки минез-қулқының сәйкес келмеўи, мийнет ҳақы, спиртли ишимликлер ишиў, урыў, турақлы түрде азаплаў, тәреплердиң өз-ара басқа келиспеўшиликлери (ҳүрметсизлик, турақлы түрде урыс-жәнжел), басқа себеплер (кеселлиги, қол көтериў ҳалатлары) ажырасыўына себеп етип көрсетилген.

 

Ал, суд әмелиятының анализи соны көрсетеди, егер бир пуқарадан некеден ажыратыў ҳаққында даўа арза келип түссе, оннан кейин тәреплердиң арасында және бир неше даўлар келип шығады, яғный кейин олардың балаларына алимент өндириў, олар менен көрисип турыў, перзентин өзиниң тәрбиясына алып бериў, дүнья-мүлклерин бөлисиў, турақ жайға киргизиў ҳәм турақ жайдан шығарыў ҳ.т.б. даўа арзалар менен судқа мүрәжат етеди, буған олардың жақын туўысқанлары да қосылып баслайды. Нәтийжеде, пуқаралық ислери бойынша судлардың жүклемеси, яғный судта көрилетуғын ислер артып бара береди.

 

Бул мәселени шешиўдиң жолларынан бири – бул пуқаралық ислери бойынша судларға келип түсип атырған даўа арзалардың санының азайыўына ерисиўимиз керек, деп ойлайман. Мәселен, кредит шәртнамасы бойынша қарыздарлық келип шықпаўының илажларын банклер ҳәм қарыздардың өзи көрип шығыўы керек, қарыздарлықларды өндириўдиң альтернатив усылларынан пайдаланыўы ҳәм тартысты судқа шекем медиатив келисим жоллары менен шешиў, ең баслысы қарыздарларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў илажлары көрилиўи керек. Соның менен бирге, бул бағдарда кепиллик шәртнамасы дүзилип атырғанда оның ҳуқықый ақыбетлерин кепилге толық түсиндириў керек, себеби олардың көпшилиги судта ис көрилип болғаннан кейин оның ақыбетин түсинип жетпекте. Сондай-ақ, кредит ҳәм кепиллик шәртнамаларындағы қолтаңбалардың қәлбекилестирилген жағдайлары ушырасып, бундай шәртнамалар судлар тәрепинен ҳақыйқый емес, деп табылмақта.

 

Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлле ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырыў илажларын еле де күшейтиўи керек, бундай шаңарақлардың ислери судқа жетип келмеўи, судқа даўа арза берилген жағдайда олар ҳаққында дәрҳал хабардар болып, шаңарақлардың қайта тиклениўине қаратылған барлық илажларды көриўи тийис болады.

 

Судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судты түп мәнисинде әдиллик қорғанына айландырыў, халық пенен байланысыўдың тиккелей, жүзбе-жүз, ашық формаларын кеңейтип, пуқаралардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў бағдарындағы ислер еле де даўам етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Судьялар семинар өткерди

Нөкис «Темурийлер мектеби» әскерий-академиялық лицейинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьяларының қатнасыўында семинар өткерилди.

Онда  Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының баслығы Б.Досымбетов ҳәм басқалар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалар, атап айтқанда, 2022-жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар  ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.


Семинарда нызамның мазмун-мәниси терең түсиндирилип, турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў арқалы оларға ҳуқықый, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа түрдеги жәрдемлерди көрсетиў, сондай-ақ, оларға жәмийетте енгизилген жүрис-турыс нормалары ҳәм қағыйдаларын сиңдириўге қаратылған илажлар атап өтилди. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде ишки ислер уйымларының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайларына жайластырыўы районлараралық ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылмақта.

Районлараралық судлар тек республикамыздың орайларында жайласқанлығы, аймақлардың географиялық жайласыўы бир-биринен қашықлығы ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкери усы ис пенен шуғылланыўы даўамында өз хызмет орнын узақ мүддет бос қалдырып атырғанлығы себепли турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыў әмелиятын пуқараларға қолайлылық жаратыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги келип шықпақта. Сол себепли, усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыўға байланыслы нормаларды Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм тийисли ислерди көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларға өткериў тәртиплери түсиндирилди.

Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен нызамшылықтағы реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке, сондай-ақ, оқыўшыларға жеткериўде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Пуқараларды онлайн тәризде қабыллаў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басшылары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

 

 

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы тоғыз  мүрәжат көрип шығылды.

 

 

Соннан, 2 мүрәжат жынаят ислери бойынша, 5 мүрәжат пуқаралық ислери бойынша, 2 мүрәжат ҳәкимшилик ислери бойынша судларға тийисли мүрәжатларды қурайды.

 

Атап айтқанда, Қоңырат районы турғыны К.К исмли пуқара жасап атырған турақ жайды ҳүжжетлестирип алыў бойынша,

 

Қоңырат районы, “Азатлық” МПЖ аймағында жасаўшы С.И исмли пуқара Ҳәкимшилик судының аппеляция тәртибинде мүрәжат етиў мүддетин өткерип алғанлығын, мүддетин тиклеў бойынша,

 

Қоңырат районы  “Үстирт” АПЖ аймағында жасаўшы С.Г исмли пуқара жумысқа тиклеў бойынша сорап мүрәжат етти.

 

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Skip to content