«Моншақлы»да пуқаралар менен ушырасыў өткерилди

Қоңырат районы “Моншақлы” мәкән пуқаралар жыйынында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин тусиндириў мақсетинде пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды баслығы Э.Ешмуратов тәрепинен аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерилди.

Онда тийкарынан жаңаланып атырған Өзбекстан Республикасы Конституциясы жөнинде сөз етилер екен, Бас нызамымызда инсан ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, инсан қәдири принципине бағдарланған нормалар туўралы кең мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Конституцияныӊ тексти илимпазлар ямаса қәнигелер тәрепинен кабинетлерде жазылмады. Ал, дәслеп халқымыздыӊ пикири, усыныслары 2 басқышта үйренилди, соннан кейин Конституция жойбары таярланды. Алдынлары Конституцияны қабыл етиўде дәслеп жойбары ислеп шығылып, соӊынан халықтыӊ додалаўына қойылған.

Соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, жоқары оқыў орынлары, мәҳәлле белсендилери ҳәм зыялылар менен болып өткен додалаўларда да және 10 мыӊ қосымша усыныс келип түсти.

Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы  нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды.

Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленбекте.

Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте.

Конституцияда ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атыр.

Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм жойбарға киритилмекте. Улыўма, жойбарда халықтың саламатлығын асыраў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейтирилмекте.

Мағлыўмат ушын: Бунда, усы жылда “Кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады.

Көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери
– 15 тен 25 ке шекем, тексериўлер – 10 нан 20 ға шекем, дәрилер – 64 тен 90 ға асырылады.

Социаллық мәмлекетке тән бундай жақынласыў билимлендириў тараўы бойынша да көплеген статья ҳәм нормаларда өз сәўлелениўин таппақта. Билимлендириў ҳәм илим-пәнге байланыслы нормалар дерлик 2 есеге асып атыр.

Сондай-ақ, мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы конституциялық беккемленбекте.

Енди, перзентлер тәрбиясы, оларға билим бериў, бәркамал ер жеткериў ҳәм ата-ана мәжбүрияты сыпатында белгиленбекте. Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәмде қорғаў, оның физикалық, интеллектуал ҳәм мәдений тәрептен толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннети сыпатында белгиленбекте.

Конституцияда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең жоқары мақсети етип белгиленбекте.

Инсан ҳуқықларына тийисли нормалар 3 еседен артыққа аспақта.

Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм мәкеме жумысының мазмунына айланыўы қатаң талап етип белгиленбекте.

Нызамлардағы анықсызлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр.

Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына  муўапық ҳәмде усы Конституцияға муўапық болыўы кепиллениўи белгиленбекте.

Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен инсанға қарата қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары сәйкеслик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы кереклиги беккемленбекте.

Нызамшылықта белгиленбеген миннет ҳеш кимниң мойнына оның разылығысыз жүклениўи мүмкин емеслиги көрсетилмекте.

Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған.

Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте.

Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымына сайланыў ямаса тайынланыў мүддетлери бойынша шеклеўлер белгиленеди.

Қарақалпақстан халқы көтерген барлық усыныслар усы Конституция жойбарында ҳәр тәреплеме инабатқа алынды.

Аймақтың өзине тән этник, мәдений өзгешеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, айрықша ҳуқықый статусын итибарға алып жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасы менен байланыслы бирде-бир статья өзгермеди.

Соның менен бирге, Конституцияның барлық тексти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, тек ғана статьялардың тәртип номери өзгерген. Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте.

Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбеймекте, ҳәзирги ўақытта 155 ти қурамақта.

Аралбойы мәселеси Конституция дәрежесине алып шығылды.

Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәмде тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди.

Ушырасыўда жаңаланып атырған Конституциядағы усы ҳәм басқада статья ҳәм нормалар халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығы айрықша атап өтилди.

 

Э.Ешмуратов, 

пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды баслығы