9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Быйыл 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге отыз жыл толмақта.

 

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Б.Исламов Қарақалпақстан Республикасы судлары судья ҳәм суд хызметкерлерине байрам қутлықлаўын жоллады. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы судында салтанатлы байрам иләжы өткерилип, онда барлық тараў ўәкиллери белсене қатнасты.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов барлық жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң отыз жыллығы менен қутлықлап, суд-ҳуқық тараўында Конституция тийкарында әмелге асырылған реформалар ҳәм тараў жумысларын жетилистириўдеги, халықтың әдил судлаўға болған исеним арттырыў, судларды ҳақыйқый әдалат қорғанына айландырыў бағдарындағы әмелий нәтийжелерге тоқтап өтти ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

 

Онда тийкарынан былай делинген:

 

Ҳүрметли судья ҳәм суд хызметкерлери!

 

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен!

Буннан отыз жыл алдын, 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы өткен дәўир аралығында қарақалпақ халқының нешше жыллық арзыў-үмитлерин жүзеге шығарыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамүстинлиги ҳәмде әдәлат турақлылығын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетли ҳүжжет сыпатында әҳмийетли орын тутып келмекте.

Ең тийкарғысы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 11-статьясында судтың мәмлекет ҳәкимияти системасында-үш ҳәкимияттың бири сыпатында белгилеп қойылғанлығы ҳәр бир судья ҳәм суд хызметкерине айрықша мақтаныш бағышлайды.

Сондай-ақ, бул өз нәўбетинде, олардан конституциялық принциплерге қатаң бойсыныў, өзине жүклетилген жоқары жуўапкершиликти барқулла терең аңлаў, әдиллик ҳәм хадаллықты жумысының тийкарғы өлшеми деп билиў, пидайылық көрсетип жумыс алып барыўды талап етеди.

Соны айрықша мақтаныш пенен айтқым келеди, бүгинги күнде Сизлер өзиңиздиң үлгили искерлигиңиз бенен бул жуўапкершиликли ўазыйпаларды мақтаныш пенен атқарып, суд ҳәкимиятының абыройын жоқарылатыўға ылайықлы үлес қоспақтасыз.

 

Қәдирли дослар!

 

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен және бир мәртебе шын жүректен қутлықлайман. Ҳәмийше саў-аман болыңлар!

 

Ҳүрмет пенен,
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Б.Исламов

 

Қарақалпақстан Республикасы судларының барлық мийнет жәмәәти усындай итибар ҳәм хошамет ушын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығына айрықша миннетдаршылық билдирип, исенимди ақлаў жолында бар күш-жигеримизди аямай хызмет етемиз деп исеним билдиремиз.

 

Жазадан шәртли рәўиште азат етилди  

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультетиниң мәжилислер залында, студентлер қатнасында көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Көшпели суд мәжилисинде жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов басшылығында бирнеше пуқараға қарата инсаныйлық акти қолланылды. Бул шахслар илгери жынаят сәдир етип, Хожели районы ИИО Пробация топары қадағалаўында суд тәрепинен тайынланған жазаны өтеп келип, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, руўхан дүзелгени, жынайый қылмысының ақыбетин терең аңлап жетип, әмелде пушайман болғанлықлары мүнәсибети менен шәртли рәўиште суд залынан азат етилди.

Сондай-ақ көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 183-статьясы ҳәм 194-статьясы 1-бөлими менен ҳуқықбузыўшылар қатарында иске тартылған А.А, Қ.Е ҳәмде П.Алардың қарсысына топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды. Ҳуқықбузыўшылар А.А, Қ.Е ҳәмде П.Алар 2023-жыл 30-март күни саат 23:50 лер шамасында, жәмийетлик орын болған Хожели районы, Т.Ещанов көшеси бойында жайласқан коп қабатлы үйдиң алдында спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында шаўқым шығарып, сол жердеги пуқаралардың тынышлығын бузып, жәмийетте орнатылған жүрис-турыс қағыйдаларын менсинбестен, жәмийетлик тәртипти қастан бузып, сол жерге барған ИИБ хызметкериниң нызамлы талапларына бойсынбастан қарсылық көрсеткен. Ҳуқықбузыўшылар А.А, Қ.Е ҳәмде П.Алардың ҳәр бирине 183-статьясы ҳәм 194-статьясы 1-бөлими менен 7 (жети) сутка ҳәкимшилик қамақ жаза шарасы тайынланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 183-статьясы ҳәм 194-статьясы 2-бөлими менен ҳуқықбузыўшылар қатарында иске тартылған А.И ҳәмде 183-статьясы, 161-статьясы, 187-статьясы 1-бөлими ҳәм 194-статьясы 2-бөлими менен ҳуқықбузыўшы К.Бның қарсысына топланған ҳәкимшилик иси көрип шығылды ҳәм ҳуқықбузыўшы Г.А ларға 15 (он бес) сутка ҳәкимшилик қамақ жаза шарасы тайынланды.

 

 

  Ибрайым Алланиязов,

жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы                                             

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Соңғы жылларда мәмлекетимизде ден-саўлықты сақлаў саласын түпкиликли реформалаў, оны раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў мәмлекет сиясатының алдағы бағдарларынан бирине айналды. Бирлемши медицина-санитариялық жәрдемди, қыстаўлы медициналық жәрдемди ҳәм қәнигелистирилген медициналық хызметлер тармағын өз ишине алыўшы үш басқышлы миллий медицина модели жаратылды, ҳалыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлер нәтийжелилигин, сыпатын ҳәм қолайлығын асырыў тәмийинленбекте.

Соның менен бирге, ақырғы ўақытларда наўқаслар ҳәм олардың жақын туўысқанлары тәрепинен медицина хызметкерлерине қастыянлық қылыў жағдайлары көбейип бармақта. Бунда медицина хызметкерлерин наўқаслардың ден-саўлығы жаманласыўында яки өлиминде тийкарсыз айыплаў, сондай-ақ ҳеш бир себепсиз шыпакерлерге ҳәм орта медицина хызметкерлерине қастыянлық қылыў жағдайлары жүз бермекте.

Усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, медицина саласы хызметкерлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде,

Өзбекстан Республикасының 2023 жыл 27 март сәнесиндеги
ӨРН-827-санлы «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсебети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киритиў ҳақында»ғы Нызамы  менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси төмендегише,

«Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылыў» деген мазмундағы 1977-статья менен толықтырылды.

Оған көре, медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылыў яки сол мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште ҳәр қандай формада тәсир өткизиў, —

пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазамлы шахсларға болса — жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес суткаға шекем мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Мен ойлайман нызамшылыққа киритилип атырған бул өзгерислер жәмийетимизде медицина саласы хызметкерлерине қарата жүз берип атырған жоқарыдағыдай кеўилсиз жағдайлардың ҳәм олардың кәсиплик искерлигине ҳәр қандай түрде араласыўлардың алдын алыўға, медицина хызметкерлериниң ҳуқықларын қорғаўға, шыпакерлик кәсибиниң абырайын асырыўға, пуқараларымызға өз ўақтында ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетилиўине хызмет етеди.

 

 

Еркин Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                   

«Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары» атамасында семинар өткерилди

«Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары» атамасында семинар өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақтан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақтан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбеткадиров, Қарақалпақтан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақтан Республикасы ИИМ тергеў басқармасы тергеўшилери, Қарақалпақтан Республикасы бажыхана басқармасы, Қарақалпақтан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы қәнигелери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетиниң профессор-оқытыўшылары, судьялар ҳәм Өзбекстан судьялар жоқарғы мектеби тыңлаўшылары,  ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақтан Республикасы судының баслығы К.Тарихов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм басқарып барды. Барлық семинар қатнасыўшылар 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабул етилгениниң отыз жыллық қутлы сәнеси менен қутлықлап , бүгинги өткерилип атырған иләждың әҳмийети жөнинде сөз етти.

 

Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы кеңеси комитет баслығы З.Реймова сөзге шығып, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың тиккелей басламасы менен барлық тараўлардағы сыяқлы, суд-ҳуқық тараўында да избе излик пенен бир қанша реформалар әмелге асырылып атырғанлығн атап өтти. Сондай-ақ, 2022-2026-жылларда Өзбекстан Республикасын жәнеде раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясының екинши бағдарында нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын жәнеде реформалаўға қаратылған суд ҳәкимиятының шын мәнидеги бийғәрезлигин ҳәм де пуқаралардың ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәм экономикалық нызамшылығын, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасы нәтийжелилигин асырыў, суд процесси даўамында тартысыў принципин толық қәлиплестириў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын түптен жақсылаў нәзерде тутылған. Белгиленген ўазыйпалар тийкарында, Қарақалпақтан Республикасы судлары ҳәм оның қала ҳәм районлардағы судлары тәрепинен бүгинги күнде пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеўге байланыслы бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

 

Атап айтқанда, Қарақалпақтан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2 545 шахсқа қарата 1969 жынаят иси көрип тамамланған болса, Қарақалпақтан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен 22 134 пуқаралық ис көрип тамамланған, Қарақалпақтан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен жәми 10 135 экономикалық ис, Қарақалпақтан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен жәми 756 ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрип тамамланған.

 

Семинар күн тәртибине бола, дәслепки баянатты судлар ғәрезлигин тәмийинлеўдиң конституциялық тийкарлары бойынша Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң жынайый-ҳуқықый ҳәм пуқаралық-ҳуқықый пәнлер кафедрасы доценти Қ.Сейтназаров баянат жасады.

Көпшиликтиң хабары бар, усы жылдың 30-апрель күни киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша Өзбекстан Республикасында улыўма халықлық референдум өткерилиўи белгиленген.

Референдум – халқымыз турмысында жаңа бет ашатуғын әҳмийетли сиясий илаж. Жаңа редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң қорғалыўы және де жетилистирилмекте. Соның ишинде, Конституциямыз алдын әмел етип келген «мәмлекет-жәмийет-инсан» принципин «инсан-жәмийет-мәмлекет» деп өзгертиў, яғный, бәринен бурын, инсан мәпин ҳәмме нәрседен үстин қойыўды мақсет еткен. Жойбарға тийкарланып инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды, ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емес. Инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери тиккелей әмел етеди сондай-ақ, нызамлар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жумысының мәнис-мазмунын белгилеп береди.

 

Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды.

Жаңаланып атырған Конституция халықшыл мәмлекет қурыў мақсетинде күшли парламент, ықшам ҳәм жуўапкерли ҳүкимет, ғәрезсиз ҳәм әдалатлы суд системасын қурыўға қаратылған. Атап айтқанда, Парламенттиң суд ҳәм қадағалаў уйымлары, ҳуқықты қорғаўшы уйымлар ҳәм арнаўлы хызметлер жумысы үстинен қадағалаў функциялары күшейтилмекте. Суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын Сенат тәрепинен сайлаў системасы киргизилмекте. Айырым жоқары лаўазымлы шахслардың лаўазымына сайланыў ямаса тайынланыў мүддетлери бойынша шеклеўлер белгиленеди.

 

Сенат Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасы Спикери, Жоқары суд ҳәм Судьялар жоқары кеңеси баслықлары, олардың орынбасарлары, Бас прокурор, Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы, ҳәкимлерди лаўазымға еки мүддеттен артық сайлаў ямаса тайынлаўға шеклеў киргизилмекте.

Конституциялық суд судьяларын қайта сайланыў ҳуқықысыз 10 жылға сайлаў тәртиби белгиленбекте (ҳәзирги ўақытта биринши мәрте 5 жылға, кейин және 10 жылға сайланады). Баянатшы усы ҳам басқада, конституциядағы жаңа статья ҳәм нормалар жөнинде қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўмат берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Г.Зарипова «Жаңаланып атырған Конституцияның мазмун-мәниси» бойынша баянат жасады.

 

 

 

 

 

 

 

Өзбекстан Республикасының жаңа редакцияда қабыл етилиўи күтилип атырған Конституциясында ҳәммеге маман юридикалық жәрдем алыў ҳуқықының кепиллениўи, нызамда нәзерде тутылған жағдайларда, юридикалық жәрдем мәмлекет есабынан көрсетилиўи, ҳуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен қорғалыўы белгиленген. Сондай-ақ, мәмлекет жәбирленгенлерге қорғалыў ҳәм әдил судлаўдан пайдаланыўды тәмийинлеўи, оларға жеткерилген зыянның орны қапланыўы ушын шараятлар жаратылыўы тәмийинлениўи нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетова «Суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўда нызам үстинлигин тәмийнлеўдиң конституциялық тийкарлары ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, коррупцияны сапластырыў илажлары» атамасында баянат жасады.

Суд системасында коррупцияға қарсы гүресиў тараўында алып барылып атырылған ислер тиккелей, Республикамызда бул бойынша Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында əмелге асырылып атырылған реформалар менен байланыслы. Сондай ақ, Ш.Мирзиёевтың басламасы менен киритилген «Коррупцияға қарсы гуресиў ҳаққында»ғы нызам 2016 жылы 24 ноябрде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатаси тәрепинен қабыл етилип, бул нызам 2016 жылы 13 декабрде Сенат тәрепинен мақулланған ҳәм бул нызам 2017 жылы 3 январь куни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен имзаланды.

«Коррупцияға қарсы гуресиў ҳаққында»ғы нызамның 4-статьясына муўапық, коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери болып, нызамлылық, пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəпдлериниң үстинлиги, ашықлық, системалылық, мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыўға байланыслы ис-илажлардың үстинлигин, жуўапкершиликтиң бар екенлиги белгиленген.

Усы нызамның 6-статьясында, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мəмлекетлик сиясаты мəмлекетлик дəстүрлер ҳəм басқа дəстүрлер тийкарында əмелге асырылыўы мүмкинлиги кɵрсетилген.

Нызамның 25-статьясында, судлардың ғəрезсизлигин ҳəм еркинлигин, олардың искерлигиниң ашықлығын тəмийинлеў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын жуўапкершиликтиң бар екенлиги принципин тəмийинлеў ис-илажларының бири сыпатында кɵрсетилген.

Семинарда баянатшы тәрепинен бул бойынша кең түрде тусиниклер берилди. Иләж қатнасыўшылардың өз-ара сораў жуўап ҳәм пикир алмасыўлары менен даўам етти.

Жаңаланып атырған Конституция- пуқаралардың ҳуқықый қорғаўшысы

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы К.Қыпшақбаев, судья жәрдемшиси  А.Жолдасовалардың қатнасыўында Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында тараў хызметкерлери менен ушырасыў болып өтти.

 

 

Онда сөзге шыққанлар, жаӊа конституцияныӊ тийкарғы, принципиаллық жаӊалықлары ҳаққында айтып, Өзбекстан – социаллық мәмлекет деп белгиленип атырғанына итибар қаратты. Социаллық, бул – инсанға итибар ҳәм ғамхорлық, дегени.

 

    

Мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы Конституциядағы нормалар 3 есеге көбейтилмекте. Атап айтқанда, конституцияда ҳәр кимниң турақ-жайлы болыў ҳуқықы белгиленип атыр.

Мағлыўмат ушын: өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын жаңа квартиралар алыўға шараят жаратып берилген. Быйылғы жылы 90 мың шаңарақты турақ-жайлы етиў шеги алынған. Жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткериў үстинде исленип атыр.

Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға муўапық емес ҳалда турақ-жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ-жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ-жайдың баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәм де тең баҳада қапланыўы тәмийинлениўи кепилленип атыр.

Халықты кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы ҳәм жойбарға киритилмекте. Улыўма, жойбарда халықтың саламатлығын асыраў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейтирилмекте.

Мағлыўмат ушын: Бунда, усы жылда “Кепилленген хызметлер пакети” қайта көрип шығылып, 20 түрдеги кеселликлер бойынша диагностика, емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады.

Көп ушырайтуғын 20 түрдеги кеселликлер бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери  – 15 тен 25 ке шекем, тексериўлер – 10 нан 20 ға шекем, дәрилер – 64 тен 90 ға асырылады.

Ушрасыўда усы ҳәм басқада тараў қәнигелери ушын әҳмийетли болған мағлыўмат ҳәм түсиниклер берилди.

 

 

К.Қыпшақбаев,

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы 

Жаңаланған Конституция, ондағы өзгерис ҳәм қосымшаларға бағышланған ушырасыў өткерилди

Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов тәрепинен Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлери менен жаңаланған Конституция, ондағы өзгерис ҳәм қосымшаларға бағышланған ушырасыў өткерилди. Онда, судья Б.Байрамуратов сөзге шығып, референдум–халқымыз турмысында жаңа бет ашатуғын әҳмийетли сиясий илаж екенлигин атап өтти.

 

Конституция жойбарындағы статьялар саны әмелдеги 128 ден 155 ке, нормалар саны 275 тен 434 ке артты. Яғный, Тийкарғы нызамымыздыӊ 65 процент тексти халқымыздыӊ усыныслары тийкарында жаӊаланды. Ушырасыўда қатнасыўшыларға Конституциядағы тийкарғы өзгерислер, оның халқымыз турмысындағы әҳмийети жөнинде кең түрде мағлыўмат берди.

Нызамшылыққа киритилген соңғы ɵзгерислер

2023-жыл 27-март күни ӨРН-826-санлы «Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының Жынаят Кодексине ҳəмде Ɵзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексине қосымша ҳəм ɵзгерислер киритиў ҳаққында» ҳəмде ӨРН-827-санлы «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейттирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексине қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы нызамлары қабыл етилди.

ӨРН-826-санлы нызам менен Жынаят Кодексиниң 1482 –статьясы тɵмендеги мазмундағы үшинши бɵлим менен толдырылды, оған кɵре мийнетке қандай бир формада мəжбүрлеў, буннан нызамда белгиленген жағдайлардан тысқары, билим бериў шɵлкеминиң педагог хызметкерине қарата тап усындай қылмыс ушын ҳəкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки үш жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырыўға ямаса үш жылға шекем мийнетте дүзетиў ислери менен жазаланады.

Ал, бул нызам менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексиниң 51-статьясы тɵмендеги екинши бɵлим менен толтырылды,  оған кɵре билимлендириў шɵлкеминиң педагог хызмтекерин мийнетке қандайда бир формада мəжбүрлеў базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады деп ѳзгерис киритилмекте.

ӨРН-827-санлы нызам менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодекси 1977-статьясы менен толтырылды, оған кɵре медицина хызметкериниң нызамлы медициналық хызметине тосқынлық қылыў яки сол мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште  түрлише тәсир ɵткизиў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес сутка мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Усы Нызамлардың қабыл етилиўи медицина ҳəмде педагог хызметкерлери  ҳуқықларын қорғаўға ҳәм олардың кәсиплик хызметине түрли жағдайларда араласыўлардың алдын алыўға, шыпакерлик ҳəмде педагог кәсибиниң статусын ҳәм абыройын асырыўға хызмет етеди.

 

Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды судьясы                         

ЖАҢАЛАНҒАН КОНСТИТУЦИЯ ҲӘМ ЖАҢА ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕН НЫЗАМЛАРДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Хожели районы педагогика колледжинде “Мениң мәҳәллем-мениң судьям” шеңберинде ушырасыў болып ѳтти. Оған “Шағалакѳл” мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары, усы оқыў орнының педагог хызметкерлери қатнасты.

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов жыйналғанларға усы жылдың 30-апрель күни болып ѳтетуғын улыўмахалықлық референдумда Ѳзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы, оған киритилип атырған жаңа ѳзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында кеңнен түсиниклер берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда Ѳзбекстан Республикасының 2023-жыл 27-марттағы “Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын атқарыўына тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик күшейтирилиўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының Жынаят ҳәмде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине қосымша ҳәм ѳзгертиўлер киритиў ҳаққында”ғы ѲРН-826-санлы Нызамы, “Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық қылғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы ѲРН-827-санлы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында сѳз етилип, усы Нызамлар менен педагог ҳәм медицина хызметкерлериниң нызамлы ҳуқық ҳәм мәплери нызам менен қатаң қорғалатуғынлығы түсиндирилди.

Ушырасыў соңында Ѳзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 17 6 прим 3-статьясында нәзерде тутылған (автомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланыў) ҳуқықбузарлығын ислеген 24 пуқараға қарата топланған ҳәкимшилик материаллары кѳшпели ашық суд мәжилисинде кѳрип шығылды.

 

Ибрайым Алланиязов,

жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы                                 

«Шымбай шайхана» мәкән пуқаралар жыйынында көшпели ашық суд өткерилди

Ҳәзирги ўақытта орынларда көшпели суд мәжилислериниң өткерилиўи алдағы ўақытлары жүз бериўи мүкмн болған түрли жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған. Нәўбеттеги көшпели ашық суд мәжилиси пайтахтымыздағы «Шымбай шайхана» мәкән пуқаралар жыйыны турғынларының қатнасыўында өткерилди.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаров басшылығында, судья жәрдемшиси И.Мурзамбетовтың хаткерлигинде, тәреплерден мәмлекетлик айыплаўшы Шоманай районы прокурорының аға жәрдемшиси А.Худайназаров, жәбирлениўши И.С (исмлери өзгертилген), гүманланыўшы Қ. В ның қатнасында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси көшпели ашық суд мәжлисинде көрип шығылды.

Дәслепки тергеў уйымы ҳүжжетлерине көре, усы жылдың 2-февраль күни саат 20:15 лер шамасында Нөкис қаласы Е.Алакөз көшеси бойлап Дамас автотранспортын басқарып киятырған И.С әмелдеги жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 11-бәнти «г» пункти, 77-бәнтинде көрсетилген талапларды қопал түрде бузып, «Ургаз» гилем имараты алдындағы пиядалар өтиўи ушын арналған орыннан жолды кесип өтип атырған пуқара Қ.В ны қағып алған. Нәтийжеде Қ.В орта дәрежедеги аўырлықтағы дене жарақатын алып емлеўханаға түскен.
Суд мәжилисинде гүманланыўшы өзиниң айыбын толық мойынлап, қылмысынан шын кеўилден пушайман екенлигин, ислеген қылмысының ақыбетлерин түсинип жеткенлигин, ҳәзирги ўақытта жәбирлениўшиге келтирилген материаллық зыянды толық қаплағанлығын, жәбирлениўши менен бирде-бир басымсыз жарасқанлығын айтып, жынаят исин өндиристен қысқартыўға қарсылығы жоқлығын билдирди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 66 прим 1 –статьясына муўапық, жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўши менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды сапластырса, жарасқанлық мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин.
Суд, жәбирлениўши гүман қылыныўшы менен жарасыў ҳаққындағы арзаларын жынаят иси ҳүжжетлери менен үйренип, исте қатнасып атырған прокурордың жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў ҳаққындағы пикирин тыңлап, жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды лазым тапты.

Инсан қәдири ушын

Кегейли районындағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Конституциялық нызам жойбарының мазмун–мәнисине бағышланған ушырасыў өткерилди.

Онда Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы А.Салиев ҳәм жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратовалар сөзге шығып, бас нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер “Инсан қәдири ушын” баслы идея тийкарында әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Иләж барысында Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети, Референдум түсиниги бойынша аймақ турғынларына кең түрде мағлыўмат берилди.

 

Райса Бекмуратова,

жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы 

Skip to content