9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Быйыл 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге отыз жыл толмақта.

 

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Б.Исламов Қарақалпақстан Республикасы судлары судья ҳәм суд хызметкерлерине байрам қутлықлаўын жоллады. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы судында салтанатлы байрам иләжы өткерилип, онда барлық тараў ўәкиллери белсене қатнасты.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов барлық жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң отыз жыллығы менен қутлықлап, суд-ҳуқық тараўында Конституция тийкарында әмелге асырылған реформалар ҳәм тараў жумысларын жетилистириўдеги, халықтың әдил судлаўға болған исеним арттырыў, судларды ҳақыйқый әдалат қорғанына айландырыў бағдарындағы әмелий нәтийжелерге тоқтап өтти ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

 

Онда тийкарынан былай делинген:

 

Ҳүрметли судья ҳәм суд хызметкерлери!

 

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен!

Буннан отыз жыл алдын, 1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы өткен дәўир аралығында қарақалпақ халқының нешше жыллық арзыў-үмитлерин жүзеге шығарыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамүстинлиги ҳәмде әдәлат турақлылығын тәмийинлеўде айрықша әҳмийетли ҳүжжет сыпатында әҳмийетли орын тутып келмекте.

Ең тийкарғысы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 11-статьясында судтың мәмлекет ҳәкимияти системасында-үш ҳәкимияттың бири сыпатында белгилеп қойылғанлығы ҳәр бир судья ҳәм суд хызметкерине айрықша мақтаныш бағышлайды.

Сондай-ақ, бул өз нәўбетинде, олардан конституциялық принциплерге қатаң бойсыныў, өзине жүклетилген жоқары жуўапкершиликти барқулла терең аңлаў, әдиллик ҳәм хадаллықты жумысының тийкарғы өлшеми деп билиў, пидайылық көрсетип жумыс алып барыўды талап етеди.

Соны айрықша мақтаныш пенен айтқым келеди, бүгинги күнде Сизлер өзиңиздиң үлгили искерлигиңиз бенен бул жуўапкершиликли ўазыйпаларды мақтаныш пенен атқарып, суд ҳәкимиятының абыройын жоқарылатыўға ылайықлы үлес қоспақтасыз.

 

Қәдирли дослар!

 

Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен және бир мәртебе шын жүректен қутлықлайман. Ҳәмийше саў-аман болыңлар!

 

Ҳүрмет пенен,
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы Б.Исламов

 

Қарақалпақстан Республикасы судларының барлық мийнет жәмәәти усындай итибар ҳәм хошамет ушын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығына айрықша миннетдаршылық билдирип, исенимди ақлаў жолында бар күш-жигеримизди аямай хызмет етемиз деп исеним билдиремиз.