ПУҚАРАНЫҢ МҮРӘЖАТЫ – СУДТЫҢ ИТИБАРЫНДА

 

Жынаят ислери бойынша Беруний районы судының баслығы Р.Камалова тәрепинен райондағы «Алтынсай» мәҳәллеси турғынлары ушын көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Бул қабыллаўдан гөзленген тийкарғы мақсет – пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатларын тиккелей тыңлаў, оларға нызамшылық шеңберинде әмелий ҳәм ҳуқықый түсиниклер бериўден ибарат.

 

Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен түрли мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Атап айтқанда, алимент өндириў тәртиби, суд тәрепинен тайынланған жазаны жеңилиреги менен алмастырыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, сондай-ақ, жер участкаларын нызамсыз өзлестириўдиң ҳуқықый ақыбетлери менен байланыслы мәселелерде көп мүрәжатлар болды.

 

Мүрәжатларды көрип шығыў процесинде суд баслығы тәрепинен ҳәр бир мәселениң нызамшылық тийкарлары толық түсиндирилди. Әсиресе, судқа тийисли мәселелердиң белгиленген мүддетлерде ҳәм тийисли суд инстанцияларында көрип шығылыўы зәрүрлиги, сондай-ақ, мүрәжатлар бойынша суд додалаўына араласыў мүмкин емес екенлиги бойынша пуқараларға анық ҳуқықый түсиниклер берилди.

 

Сондай-ақ, көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўдың ҳуқықый тәртиби, суд ислерин жүритиўде нызамлылық ҳәм қалыслық принциплерине қатаң әмел етилиўи, сондай-ақ, коррупциялық жынаятлардың алдын алыў, оларға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мәселелери бойынша да ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

 

Бундай көшпели қабыллаўлар халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, суд органлары искерлигиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, пуқаралардың судларға болған исенимин және де беккемлеўге хызмет етеди.