КОРРУПЦИЯ: ОҒАН ҚАРСЫ ГҮРЕСИӮДЕ ҲУҚЫҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ

2022-2026-жылларға белгиленген «Жаӊа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы»на муўапық мәмлекетимизде  әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдыӊ еӊ тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў әҳмийетли бағдарлардыӊ бири болып табылады.

 

Усы бағдарды әмелге асырыў мақсетинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 11-сентябрь күни  «Өзбекстан -2030» стратегиясы ҳаққында»ғы Парманы имзаланды. Онда жәмийетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде еӊ алды менен коррупциялық иллетлерди сапластырыў системасыныӊ нәтийжелилигин асырыў, мәмлекетимизде   коррупцияға қарсы гүресиў жумысларын даўам еттириў лазымлығы атап өтилген.

 

Усы орында «коррупция» түсинигине тоқтап ѳтейик. Коррупция – шахстың өз лаўазымы яки хызметинен жеке мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қарсы пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қарсы усыныс етиў.

 

Айтып ѳтиӯ керек, кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының нызамшылық басламасы менен Өзбекстан Республикасы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы   Нызамы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилди.

 

Нызам коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирден-бир мәмлекет сиясатының мақсетли ҳәм системалы жолға қойылыўына ҳуқықый негиз жаратты.

 

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы жәнеде жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдардағы реформалардан тийкарғы мақсет елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқуқый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы