Жаңа жыл қарсаңында Қарақалпақстандағы судьялар корпусы және жаңа ўәкиллер менен толықтырылды

Қарақалпақстан Республикасы судында нәўбеттеги Президиум мәжилисинде биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант қабыллаў мәресими өткерилди.

 

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 22-декабрь, 2023-жылғы Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша Мойнақ районы суды баслығы Жеткиншек Кдырниязов, жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы Фархад Ибрагимов, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы Гульназ Утепбергенова, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының судьясы Дамир Зиямбетов, Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Жалгас Аманиязовлардың анты еситилди.

 

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов сөзге шығып, Қарақалпақстан судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкиллерге исеним билдирип, оларға әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи. Судларда узақ жыллардан берли даўам етип киятырған «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жаңа ўәкиллерге тәжрийбели судьялар устаз етип бириктирилди.

Илажда қатнасқан судьялар ҳәм басқалар жаңа судьяларға ең жақсы тилеклерин билдирди. Өз нәўбетинде, жаңадан судьялар корпусына ўәкил болғанлар да сөзге шығып, билдирип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзлериниң бар билим ҳәм тәжрийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяларға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.