Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судына жаңа судья тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында өткерилген мәжилисте биринши мәртебе судьялық лаўазымына тайынланған судьяның ант қабыллаў мәресими өткерилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 22-декабрь, 2023-жылғы Президиум қарары менен судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы Калбай Бабаназаровтың анты еситилди.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов сөзге шығып, судьялар корпусына жаңадан қосылып атырған ўәкилге исеним билдирип, оған әдил судлаўды әмелге асырыўдай машаққатлы соның менен бирге, мақтанышлы исте табыслар тиледи.

Илажда қатнасқан судьялар, жаңадан тайынланған судьяның ата-анасы оған ең жақсы тилеклерин билдирди. Өз нәўбетинде, судьялар корпусына жаңадан қосылған ўәкил К.Бабаназаров та сөзге шығып, билдирип атырған исенимди ақлаўға тек ғана нызам тийкарында әдил қарар шығарыўға, буның ушын өзиниң бар билим ҳәм тәжрийбесин аянбай жумсаўға ўәде етти. Ант қабыллаған судьяға Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Судьялар әдеби” китабы саўға етилди.