Ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қатнасыўында оқыў семинары өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы судында Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў органлары тараўы нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы «Жол картасы»ның екинши бөлими 19-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша судьялар, сорастырыўшы, тергеўши ҳәм прокурорлардың қатнасыўында оқыў семинары өткерилди.

 

Иләжды Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы А.Адилов кирис сөзи менен ашып, бүгинги күнде суд-ҳуқық тараўындағы реформаларды жедел әмелге асырыў процессинде жынаят-процессуал нызамшылығына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалардың әҳмийети менен бирге дәслепки тергеў органлары тәрепинен Өзбекстана Республикасы Жынаят кодекси нормаларының дурыс қолланылыўын тәмийинлеў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

 

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы А.Аметов баянат жасады. Баянатшы өз сөзинде дәслепки тергеў органлары тәрепинен жынаят ислерин тергеўде Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал нызамы нормаларын дурыс қолланылыўын тәмийинлеў ҳәм бул бағдарда әмелиятта ушырасып атырған қәте-кемшиликлер менен бирге, дәслепки тергеў органлары тәрепинен ықтыят шараларын қоллаў, бийкар етиў, өзгертиўдиң өзине тән өзгешеликлери ҳәм қамақта сақлаў ямаса үй қамағы мүддетин узайтыў мәселелери менен байланыслы әмелиятта жүзеге келип атырған машкалаларды атап өтти.

 

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша дәслепки тергеўде жынаят ислеген шахстың ҳәрекетлерин дурыс квалификация етиў ҳәм оларға айып жәриялаўда Өзбекстан Республикасы Жынаят ҳәм жынаят-процессуал кодеклериниң норма ҳәм талапларына, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы қарарлары түсиндириўлерине айрықша дыққатлы болыў мәселелерине еледе итибарлы болыў зәрүрлиги әҳмийетли екенлиги және бир мәртебе түсиндирилди.

 

Баянатшы, ҳешким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқыкынан айрылыўы мүмкин емес. Ҳешким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес екенлиги Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30-статьясында айрықша белгилеп қойылғанлығына семинар қатнасыўшыларының итибарын қаратты.

Семинарда қатнасыўшылар кейинги ўақытлары әмелиятта көп ушырасып атырған машқалалар ҳәм оны сапластырыў бойынша өз-ара пикир алысты.