Ибратлы болыў қыйын ҳәм жуўапкершиликли

Күни кеше Судьялар жоқарғы кеңесинде искерлигинде айрықша өрнек ҳәм үлги көрсетип киятырған судьяларға “Ибратлы судья” сыйлығын тапсырыўға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм ўәлаят судлары видеоконференц байланыс режиминде қатнасты.

Бундай итибарға ылайық болғанлар арасында Жоқарғы суд судьясынан баслап район судының судьяларына шекем бар. Судьялар жоқарғы кеңеси искерлигинде ашықлық ҳәм жәриялылық сыяқлы принциплер барған сайын өз көринисин таўып атырғаны кең жәмийетшилик тәрепинен айрықша атап өтилмекте. Судьялық лаўазымларға ашық таңлаў ҳәм альтернативлик тийкарда таңлаў ҳәм тайынлаў, бул процессте ғалаба хабар қураллары менен белсенди ҳәм конструктив бирге ислесиў, тараў искерлигине байланыслы критикалық пикирлерге оператив ҳәм қалыс мүнәсибет билдирилип атырғанын айрықша атап өтиў зәрүр. “Ибратли судья” сыйлығына ылайықлыларын таңлаўда да әйне мине усы принциплер айрықша орын тутқанлығын көриў мүмкин.

 

Көпшиликке белгили, Президентимиздиң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин асырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы менен тараўда ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеўге қаратылған бир қатар өзгерислер енгизилди. Соның ишинде әдил судлаўды әмелге асырыўда жоқары рейтинг көрсеткишине ийе болған судьяларды “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықлаў белгиленген еди. Жоқарыда атап өтилген пәрманның орынланыўы шеңберинде судьялар искерлиги нәтийжелилигин ашық ҳәм анық, әдил баҳалаў бойынша миллий электрон рейтинг баҳалаў бағдарламасы иске қосылды. Бул системаның енгизилиўи инсан факторын кескин шеклеў менен бирге, судьялар искерлигин ашық айдын, әдил ҳәм қалыс баҳалаў мүмкиншилигин жаратты. 2022-жылдан баслап, ең жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе судьялар Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген “Ибратлы судья” сыйлығы менен ылайықлы түрде хошаметленип келинбекте.

 

 

2021-жылдың жуўмағына бола, жоқары рейтинг көрсеткишлери, сондай-ақ, билими ҳәм айрықша пазыйлетлери менен үлги болған 16 судья биринши мәртебе бул сыйлыққа мүнәсип деп табылған болса, 2022-жылдың жуўмағы менен 20 судья усындай сыйлыққа ийе болды. Быйыл 2023-жылдың жуўмағы менен 15 судья “Ибратлы судья” сыйлығына мияссар деп табылды. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының баслығы Эргаш Ешмуратовтың бар екенлиги айрықша қуўанышлы жағдай. Усы мүнәсибет пенен видеоконференц байланыс режиминде өткерилген илажда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында исленип атырған жумысларды атап өтер екен, онда әлбетте судьялар ҳәм олардың әдил судлаўды амелге асырыў бағдарында жаратылып атырған шәраятларға итибар қаратты, соның менен бирге, бул сыйлыққа ылайық деп табылған судьялардың искерлигин басқаларға үлги етип көрсетти.

 

Буннан соң, сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Әлбетте, усындай мәамлекетлик дәрежедеги итибар менен хошамет әсиресе, судьялар искерлигинде әҳмийетли. Бул оларды жәнеде руўхландырыў менен бирге, өз кәсибен болған сүйиспеншилигин де арттырып, әдилликти өзлериниң турмыслық принципине айландырыўына, текғана әдалат жолында пидайы мийнет етиўине ийтермелейди.

 

Гүлайым Ғаниева,
Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты