Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыўдың әҳмийетли мәселелери
Соңғы жылларда мәмлекетимизде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысын кең көлемли реформалаў, сондай-ақ әмелге асырылған суд-ҳуқық реформалары шеңберинде суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириў тараўынды салмақлы ислер әмелге асырылды.
Дүньяның алдыңғы демократиялық мәмлекетлеринде суд ҳүжжетлерин орынлаў тараўында қәлиплескен тәжрийбе ҳәм әмелият анализи тараўда узақ мүддетли системалы реформалар әмелге асырыў зәрүрлиги бар екенлигин көрсетти.
Мине усыннан келип шығып Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 3 январь күнги «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПФ-1 санлы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға көре, 2024 жыл 1 майдан баслап:
суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизилмекте;
Өзбекстан Республикасынан тысқарыда орынланыўы лазым болған орынлаў ҳүжжетлеринен тысқары экономикалың ислер бойынша суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлери тек ғана электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизилмекте;
пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша суд ҳәм ҳәкимшилик судтың ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлери, қағыйда сыпатында, электрон формада, орынлаў ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасынан тысқарыда орынланыўы лазым болған жағдайда яки тәреплердиң илтимаснамасына көре болса – судтың мөри менен тастыйықланған ҳалда қағаз формада берилиўи мүмкин;
суд ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў ҳүжжетлери QR-код пенен тастыйықланған ҳалда электрон санлы имза менен рәсмийлестириледи.
Усы өзгерислердиң унамлы тәреплери айтатуғын болсақ бириншиден исбилерменлердиң, физикалық шахслардың, судлардың да ўақытларын тежелиўине алып келеди, яғный орынлаў хаты электрон тәризде рәсмийлестирилди, сол ўақыттың өзинде өндириўшиге жеткизиў имканияты болады.
Екиншиден, материаллық ресурслардың тежелиўине алып келеди, яғный рәсмийлестириў менен, қағаз бенен байланыслы қәрежетлер, өндириўшиниң арза жазыўы менен байланыслы қәрежетлердиң бәри тежелиўине алып келеди.
Және бир атап өтиў лазым болған тәрепи, бүгинги күнде орынлаў ҳүжжетлериниң мәлим бир себеплерге көре жойтылыўы мүмкин еди. Буны қайта рәсмийлестириў ушын өндириўши судқа оның дубликатын бериў ҳаққында арза менен мүрәжат қылыўына туўра келер еди. Мине усы процесслердиң санластырылыўы усындай бюрократлық арзалар менен қосымша мүрәжат қылыў, қосымша ҳүжжетлери тийкарында оларды алыў ўақытларын да тежейди.
Бахрам Ктайбеков,
Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы орынбасары,
экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы баслығы