Жаңадан қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының басламасы менен судьялар, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, адвокатлардың қатнасыўында оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Онда Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарландырылғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрьдеги ӨРН-887-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-884-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-888-санлы, сондай-ақ, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының ӨРН-889-санлы Нызамлардың мазмунын тараў ўәкиллерине кеңнен түсиндириў мәселелерине итибар қаратылды.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовлар сөзге шығып сөйлеп, кейинги жылларда “Жаңа Өзбекстан-жаңа суд” принципи тийкарында халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын жәнеде кеңейтиў, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлар          ын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийетте әдилликти орнатыў мақсетинде суд-ҳуқық тараўын түпкиликли реформалаўға байланыслы кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша итибар қаратты.

 

Атап айтқанда, ҳуқықты қоллаў әмелиятын анализ етиў нәтийжелерине көре суд ислерин жүритиў прроцессине жаңа институтлар енгизилип, пуқаралардың ҳуқықлары исенимли қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде жарасыў, дәслепки еситиў, сондай-ақ суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў сыяқлы институтлар жетилистирилди. Алып барылған бул жумыслардың нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процессинде шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты. Соның менен бирге, бүгиги күнде суд қарарларын қайта көриў институтының анализи бул институтты жетилистириў зәрүрлигин көрсетпекте.

 

Жоқарыда атап өтилген Нызамлар менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Пуқаралық процессуаллық, Экономикалық процессуаллық, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар, олардың мазмуны бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары Д.Сражатдинов, Н.Абдакимов, У.Сабиров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьсы К.Хожамуратовлар кең түрде баянат жасады.

 

        

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, жоқарыда келтирилген нызамлар менен суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў механизмлерин еледе жетилистириўге, пуқаралардың шағым етиў ҳуқықынан пайдаланыў имканиятларын кеңейттириўге ҳәм олардың бузылған ҳуқықлары, еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

   

Ашық сәўбетлесиў форматында өткерилген семинар қатнасыўшылардың сөз етилген темаға байланыслы қызықтырған сораў-жуўаплары менен қызғын даўам етти.

Гүлайым Ғаниева,
Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты