Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелигин асырыўда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2020 жыл 24 июль күни «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелигин асырыўға тийисли қосымша ис иләжлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Бул Пәрманға көре суд системасында бир қатар шөлкемлестириўшилик өзгерислерди әмелге асырыў тутылған.
Атап айтқанда, 2021 жыл 1 январьдан баслап ўалаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислери бойынша судлар ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қәнийгелесиўин сақлап қалған ҳалда, суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын, яғный Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестирилди.
Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судларынан жынаят ислери бойынша судларына өткерилди. Ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнийгелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташккент қаласында районлар аралық ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилип, районлық (қалалық) ҳәкимшилик судлары сапластырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў ҳәм Тақыятас районларының жынаят ислери бойынша судлары шөлкемлестирилди. Суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институтын сапластырыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының суд ҳүжжетлери үстинен бақлаў тәртибинде протест киргизиў ҳукықы бийкарланды. Жынаят исиниң көрип шығылыўына тосқынлық ететуғын жағдайларды анықлаў ҳәм сапластырыў имканиятын беретуғын дәслепки тыңлаў басқышы енгизилди. Нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң көрилиўинде прокурор өз басламасы менен қатнасыўы тәртиби алып тасланды.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында инвестиция киргизилген сәнеде жигирма миллион АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда инвестиция кириткен физикалық ямаса юридикалық тәреплер ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында жүзеге келетуғын инвестициялық тартысларды және бәсекеге байланыслы ислерди көриў ўәкиллигине ийе Судлаў қурамы дүзиледи.
Бул Пәрман менен нәзерде тутылған суд системасындағы өзгерислер мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғалыўын еледе кеңирек тәмийинлеўине хызмет етеди.
Каипназарова Саодат Алимбетовна,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы