Стол тенниси бойынша жарыс өткерилди

Өзбекстан Республикасы суды дүзилгениниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы суды, район (қала), районлар аралық судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьялары ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында стол тенниси бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Онда ҳәр бир қатнасыўшы өзиниң шаққанлығын ҳәм шеберлигин көрсетиўге ҳәрекет етти.

 

Усы орында стол тенниси ҳаққында қысқаша мағлыўмат, стол тенниси-кишкене топ ҳәм ракеткалар менен столда ойналатуғын спорт ойыны. Ол Шығыс Азияда пайда болған болып, 20-әсирдиң 20-жылларынан баслап көпшилик мәмлекетте кең тарқала баслаған. Ойын 3 яки 5 партиядан ойналады. Ойыншылардан бири 21 очко топласа, ол жеңимпаз есапланады.  Стол теннисинде ойын техникасы, турыў, тез ҳәрекет етиў, жылжыў, қарсы ҳүжим жасаўдан ибарат. Топтың айланыў ҳәрекети ҳәм тактикалық мөлшерлениўине қарап ҳүжим аралығы, ҳүжим ҳәм қорғаныў ҳүжимлерине ажыратыўға болады.

 

 

Қызықлы ҳәм кескин беллесиўлерге бай болып өткен жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық судлаў коллегиясының судьясы У.Сабиров биринши, жынаят ислери бойынша Хожели районы судының архивариусы К.Жумамуратов екинши, жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының кеңсе меңгериўшиси  М.Хожамбергенов үшинши орынларды ийеледи.

 

Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судларының кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

У.Сабиров,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы