Ҳуқық қорғаў уйымларының қатнасыўында оқыў семинары өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы судында Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў органлары таараўы нәтийжелилигин асырыў бойынша ис-илажлар ҳақкында»ғы «Жол картасы»ның екинши бөлими 19-бәнтиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша судьялар, сорастырыўшы, тергеўши ҳәм прокурорлардың қатнасыўында оқыў семинары өткерилди.

 

 

Иләжды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов кирис сөзи менен ашып, бүгинги күнде суд-ҳуқық тараўындағы реформаларды жедел әмелге асырыў процессинде нызам ҳүжжетлери, әсиресе, жынаят-процессуал нызамшылығына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар да әҳмийетли екенлигин атап өтти.

 

 

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьялары С.Давлетмуратов ҳәм Ж.Уразбаевлар дәслепки тергеў органлары тәрепинен жынаят ислерин тергеўде Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал нызамы нормаларын дурыс қолланыў ҳәм бул бағдарда әмелиятта ушырасып атырған қәте-кемшиликлер, сондай-ақ, «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллилигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамның мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша баянатлар жасады.

 

 

Семинарда, кейинги ўақытлары әмелиятта көп ушырасып атырған алдаўшылық жынаяты ҳәм оның ҳуқықый ақыбетлери бойынша да қатнасыўшылар өз-ара пикир алысты, бул жынаяттың алдын алыў бойынша халық арасында ҳуқықый үгит-нәсият иләжларының тәсиршеңлигин асырыў бойынша усынысларын да билдирип өтти.

 

 

Оқыў-семинары қатнасыўшылардың сораў-жуўаплары менен даўам етти.

 

Жасур Оразбаев,

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы судьясы