Саодат Алимбетовна 60 жаста

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Саодат Каипназарова Алимбетовна мүбәрек 60 жасын карсы алмақта. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақтан Республикасы судында судья ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында қутлықлаў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақтан Республикасы судының баслығы К.Тарихов ҳәм басқада судьялар шығып сөйлеп, Саодат Алимбетовнаны туўылған күни менен қутлықлап, оның суд тараўында ислеген жемисли мийнетлерин айрықша атап өтти, жасларға өмир ҳәм мийнет жолын үлги етип көрсетти. Дурысында да, бир кәсиптиң жетик маман қәнигеси болып, оған пүткил өмириңди бағышлап тынымсыз излениўде ҳадал мийнет етиў ҳәм алғысқа бөлениў ҳәммеге де несийп ете бермесе керек. Бул инсан ушын уллы бахыт және табыс.

Саодат Каипназарова 1997-2001 жылларда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судында мәсләҳәтши, аға мәсләҳәтши, 2001-2007 жылларда Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлараралық суды баслығы, 2007 – 2012 жылларда пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды баслығы, 2012-2018 жылларда Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша Жоқарғы суды судьясы, 2019-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды судьясы лаўазымларында ислеген дәўирлерде де өзине жүклетилген жуўапкершиликли ўазыйпаларды нызам ҳәм ҳүжданына таянған ҳалда әдиллик пенен әмелге асырды. Ҳәзирги ўақытта да Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судьясы лаўазымында ислеп әдил судлаўды әмелге асырыўда ҳәм шәкиртлер таярлаўда салмақлы үлес қосып киятырғаны, оның бул мийнетлери бәрқулла мақтаныш ҳәм ҳүрметке мүнәсип екенлиги сөзге шыққан кәсиплеслери тәрепинен де айрықша атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, Саодат Каипназарова тәжрийбели юрист, Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың мәпи ушын хызмет еткен киши пейил инсан ҳәм соның менен биргеликте үлгили устаз судья сыпатында ҳәмийше қәдирленеди.