Газ труба урылары жазаланды

«Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де шығады» дегениндей 9 (тоғыз) адамнан ибарат уйымласқан жынайый топар ағзалары бирнеше ай даўамында Республикамыздың турли аймақларындағы аўыллық орынлардағы газ трубаларын урлық жолы менен кесип, Нөкис қаласындағы темир-металл сатып алыўшыларына арзан баҳада турақлы сатып келген.

 

Дәслеп жынайый топар ағзалары өз ара алдыннан тил бириктирип, 2021-жыл октябрь айы басында “Ҳудудгаз” АЖ “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалына тийисли болған Нөкис районы “Кердер” АПЖ Кердер аўылы аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 87.500 сум, жәми баҳасы 13.125.000 сум болған Д-159 мм өлшемдеги 150 метр газ-трубаларын жасырын түрде талан-тараж еткен. Бул иси аңсат питкеннен кейин, уйымласқан жынайый топар ағзалары 2021-жыл октябрь айы ишинде саат 03:00 лерде Тахтакөпир районы “Жаңадарья” АПЖ аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 40.000 сум, жәми баҳасы 8.400.000 сум болған Д-114 мм өлшемдеги 210 метр газ-трубаларын 2021-жыл ноябрь айында саат 03:00 лерде Нөкис районы “Кердер” АПЖ Қызыл-уй аўылы аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 87.500 сум, жәми баҳасы 26.337.500 сум болған Д-159 мм өлшемдеги 301 метр газ-трубаларын, Қараөзек районы “Бердах” АПЖ аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 87.500 сум, жәми баҳасы 13.737.500 сум болған Д-159 мм өлшемдеги 157 метр газ-трубаларын, тәкраран 2021-жыл ноябрь айы орталарында саат 03:00 лерде Шоманай районы “Сарманбайкөл” АПЖ аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 87.500 сум, жәми баҳасы 13.125.000 сум болған Д-159 мм өлшемдеги 150 метр газ-трубаларын жасырын түрде талан-тараж еткен.

Буннан басқа, өзлериниң жынайый ис ҳәрекетлерин тәкрарлап 2021-жыл 18-ноябрь күни саат 04:00 лерде пуқаралар Нөкис районы “Ақтерек” МПЖ аймағынан өтип турған 1 метр баҳасы 87.500 сум, жәми баҳасы 12.783.000 сум болған Д-159 мм өлшемдеги 146,1 метр газ-трубаларын жасырын түрде талан-тараж еткен.

 

Солай етип, бул уйымласқан жынайый топар ɵзлериниң жынайы ис ҳəрекетлери менен ϴзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 3-бɵлими “а” бәнтинде кɵрсетилген жынаятты ислеген. Бул жынаятшылардың қылмыслары әшкар болып, олар нызам алдында жуўап берди. Бул жынаят иси жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды тәрепинен ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.

 

Суд ҳүкими менен бул жынаятшылар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 169-статьясы 3-бɵлиминиң “а” бәнтинде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, қамақ пенен байланыслы еркинен айырыў жазасы тайынланды.

 

А.Сейтанов,
Жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды баслығы