Жеңил жол менен пул табаман деп…
Шоманайлы П.Ж ҳеш қандай пайдалы мийнет пенен шуғылланбастан, алдын Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 118, 119-статьялары менен жынайый жуўапкершиликке тартылып, он жылдан аслам ўақыт қамақта жаза өтеп келген болса да, өзине буннан дурыс жуўмақ шығармастан, жеңил жол менен пул табыўды ойлап өзи жасап атырған үйин «зийнехана»ға айландырады. П.Ж өзиниң алдыннан танысы болған Р.Т ға П.Г менен үйинде жынысый қатнаста болыўы ушын шәраят жаратып береди. Бул хызмети есесине П.Ж 100 000 сум пул алады. Келисилген ўақытта алдыннан буйыртпа берген танысы Р.Т қызы П.Г менен П.Жның үйине келеди, олар биргеликте азырақ арақ ишип, Р.Т өз жумысын питкериў ушын П.Ждан алдыннан таярлап қойылған хананы сорап кирип кетеди, исин питкерип келип үй ийесине 100 000 сум пул берип, және қалған арақты ишип, мәсликти даўам етип отырғанда тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен айғақлы затлар менен усланды.
Бул жынаят иси жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды тәрепинен Шоманай районы кәсип-ѳнер мектеби мәжилислер залында, кѳшпели ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.
Суд, судланыўшы ҳәм гүўалардың кѳрсетпелерин еситип, жынаят иси ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте топланған дәлиллерге баҳа берип, төмендегише ҳүким етти. Судланыўшы П.Ж Ѳзбекстан Республикаси Жынаят Кодексиниң 131-статьясы 2-бѳлими менен айыплы деп табылып, оған2 (еки) жыл мүддетке азатлықты шеклеў жазасы тайынланды.
Және жынаят жолын таңлаған П.Ж бул сапары ислеген қылмысына жараса тийисли жазасын алды. Солай екен, жеңил жол менен табылған ақша ҳеш қашан адамға жақсылық алып келмейтуғынын ядтан шығармаў тийис.
Расул Назаров,
жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы