Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелерине байланыслы миллий нызамшылық  

Бүгинги күнде пүткил инсаниятты тәшўишке салып атырған тийкарғы  қәўиптиң бири бул – адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке тартыў жынаятшылығы болып, бул жынаят миллий қәўипсизликке  унамсыз тәсирин тийгизеди.

 

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 135-статьясында адам саўдасы жынаяты, оның түсиниги, соның менен бирге усы жынаят ушын тайынланатуғын жаза шарасы нәзерде тутылған болып, тийкарынан адам саўдасы жынаяты-адамды алыў-сатыў ямаса оннан пайдаланыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиў болып табылады. Бундай ҳәрекетлер урлаў, зорлық ислетиў яки зорлық ислетиў менен қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қоллаў арқалы еки ямаса оннан артық шахсқа қарата, әззи аўҳалдалығы айыпкерге аян болған шахсқа қарата, айыпкерге  материаллық жақтан яки басқа тәреплеме қараслы болған шахсқа, тәкирар яки қәўипли рецидивист тәрепинен, бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип, хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда, жәбирлениўшини  Өзбекстан Республикасының Мәмлекет шегарасынан алып өткен ҳалда яки оны шет елде нызамға қайшы рәўиште услап турған ҳалда, сондай-ақ, он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге аян болған шахсқа қарата ислениўи, жәбирлениўшиниң өлимине яки басқа аўыр ақыбетлерге алып келиўде сәўлеленеди.

 

«Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы 2008-жылы 17-апрелде қабыл етилген болып, өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, жаңа редакцияда 2020-жыл  11-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенат тәрепинен 2020-жыл   7-августта мақулланған.

 

Усы Нызамға көре, бул нызамды қабыл етиўден гөзленген мақсет, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық, тийкарғы түсиниклер, адам саўдасына қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери, адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сыясатының тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, адам саўдасына қарсы гүресиўди әмелге асырыўшы органлар, олардың ўәкилликлери,  адам саўдасы жынаятының профилактикасы, адам саўдасы жынаятынан жәбирленгенлерди идентификация қылыў, оларды қорғаў, жәрдем көрсетиў, қәўипсизлик шаралары хәм кепилликлер белгиленген.

 

Адам саўдасына қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери нызамлылық, адам саўдасы менен шуғылланыўшы шахслар жуўапкершилигиниң сөзсизлиги, адам саўдасынан жәбирленгенлердиң кемситилиўине жол қойылмаслығы ҳәм жәмийетлик шерикликти нәзерде тутады.

 

Адам саўдасына қарсы гүресиў, соннан, адам саўдасына имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў, адам саўдасының алдын алыўға қаратылған ҳуқықый, сыясий, социал-экономикалық, медициналық, профилактика иләжларын әмелге асырыў, соның менен бир қатарда халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, бул жынаятты ерте анықлаў, оған шек қойыў, ақыбетлерин сапластырыў,  адам саўдасынан жәбирленгенлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларды социаллық қорғаў, адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық бирге ислесиў – мәмлекетимиздиң бул тараўдағы сиясатының тийкарғы бағдарлары болып есапланады.

 

Мәжбүрий мийнет қандайда бир жазаны қоллаў менен басым өткериў арқалы жумыс ислеўге мәжбүрлеўди, ал адамды эксплуатация қылыў – мәжбүрий мийнет яки хызметлер, қуллық яки қуллыққа уқсас әдетлер, ерксизлик ҳалаты ямаса адам ағзалары  яки тоқымалары алыныўын аңлатады.

 

Адам саўдасына байланыслы нызамшылықты қоллаўда мәселелер пайда болып атырғанлығы мүнәсибети менен бул түрдеги ислер бойынша бирден-бир суд әмелиятын жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының 2009-жыл 24-ноябрдеги  “Адам саўдасына байланыслы ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында”ғы Пленум қарары қабыл етилди.

 

Усы Пленум қарары тийкарынан адам саўдасы жынаяты бойынша судлар тәрепинен тийкарғы итибар қаратылыўы тийис болған мәселелер, адамды алыў-сатыў яки эксплуатация қылыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл етиўдиң пуқаралық ҳуқықый мүнәсибетлерден айырмашылығын, бул түрдеги жынаятларды туўры квалификация етиў,  сондай-ақ, жоқары инстанция судлары тәрепинен адам саўдасына байланыслы ислер бойынша биринши инстнация судлары шығарған суд қарарларының нызамлылығы ҳәм тийкарландырылганлығы үстинен бақлаўды тәмийнлеўлери, жол қойылған нызам бузылыўының өз ўақтында анықлаўы ҳәм сапластырыўы лазымлығын көзде тутады.

 

 

Саодат Қайыпназарова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы