Судлар тәрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мәселелерине бағышланды

Беруний районлық Мәмлекетлик салық инспекциясында судьялар тәрепинен өткерилген семинарда Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала ҳәм Төрткүл районларының исбилерменлери, салық мәсләҳәтшилери менен юристлер, салық тараўы хызметкерлери қатнасты. Онда тийкарынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2023-жыл 20-февральдағы “Судлар тәрепинен салық нызамшылығын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы қарарының мазмун ҳәм мәниси түсиндирилди.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы У.Сабиров, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов, Пуқаралық ислери бойинша Беруний районлар аралық суды баслығы Ж.Кеунимжаев, Беруний районлар аралық экономикалық суды баслығы Р.Курбанбаев ҳәм Беруний районлар аралық экономикалық суды судьяси Б.Бекмуратовлар баянат жасап, экономикалық, пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик судлар тәрепинен салық нызамшылығы менен байланыслы көрилетуғын ислер, оларда әмел етилетуғын нызам нормалары, талаплар, финанс жәриймалар қоллаў ҳаққындағы ислерди көриў, салық төлеўшилердиң банктеги есап-бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў, төлеўге қәбилийетсиз деп табылған кәрханаға қарата даўа бериў, есапбет-фактураларының ҳақыйқый емеслиги себепли ақыбетлерин қолланыў, мәкемелер аралық электрон хат алмасыў бойынша кеңнен түсиник берди.

 

Сондай-ақ, пуқаралық судлар тәрепинен салық нызамшылығына байланыслы көрилетуғын ислер, пуқаралардан суд арқалы салық өндириў, пуқаралардан мүлклерди реализация еткенде салық есаплаў ҳәм өндириўдеги нызам талаплары, бул нызам нормалары бойынша Пленум қарарында берилген түсиниклер, салық нызамшылығына байланыслы ислерди көриў нәтийжелери бойынша тийисли шахсларға қарата мүнәсибетлер билдирилиўи ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.

 

 

Буннан соӊ, судьялар семинар қатнасыўшылары менен өз-ара пикир алмасты, сөз етилген мәселелер бойынша сораў-жуўаплар болды.

 

Бекбаўлы Досымбетов,

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды баслығы