Суд ҳәм ғалаба хабар қуралларының бирге ислесиўи додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергенова, Қарақалпақстан радиоканалының бөлим баслығы Н.Бегимова, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  ҳәкимшилик судлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди. Судлардың нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.



Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық реформалары нәтийжесинде суд ҳәкимияты пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тиклеўде, әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм ҳалықтың исенимине ерисиўде бир қанша нәтийжелерди қолға киргизбекте.

Реформалар нәтийжесинде ашылған ҳәкимшилик судлары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик басқарыў уйымларының нызамсыз қарарлары ҳәм бул уйымлардың лаўазымлы шахсларының нызамға муўапық болмаған ҳәрекетлеринен қорғаўға хызмет етеди.

– Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды тәрепинен ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери бойынша жәми 756  ис көрилген болса, соннан 438  ис бойынша пуқаралардың мүрәжатлери қанаатландырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди,-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов. – 269 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатлантырылмастан қалдырылды, 43 ис өндиристен қысқартылды, ал 6 ис көрместен қалдырылды.

Көрип тамамланған ислердиң 227 си көшпели суд мәжилислеринде, 264 и видеконференцбайланыс режиминде суд мәжилислеринде көрип шығылған.

Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде 362 ис бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, тийисли уйымларға орынлаў ушын жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды пленумының 2020-жыл 21-февраль күнги «Суд додалаўы ашық-айдынлығын ҳәм судлардың жумысларына байланыслы мәлимлеме алыў ҳуқықын тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, суд материалларының ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланыўының бир қатар тәртип-қағыйдалары белгиленген.

Суд додалаўының ашық-айдынлығы, пуқаралар, шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң судлардың жумысларына байланыслы мағлыўматлардан хабардарлығын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Конституциясы, «Судлар ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме алыў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы, «Журналист жумысын қорғаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамларға, бир қатар процессуал кодекслерге ҳәм басқа да номативлик ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық, белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

ғалаба хабар қураллары белгили бир ис бойынша суд додалаўының нәтийжелерин алдыннан болжаўға ямаса судқа басқаша тәризде тәсир көрсетиўге ҳақысы жоқ. Судья суд қарары нызамлы күшке кирмей турып ис бойынша интервью бериўине ямаса ғалаба хабар қуралларынан шығыўына ҳақылы емес. Суд додалаўының ашық-айдынлығы процесс қатнасыўшысы болмаған шахсларға, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине суд мәжилисинде қатнасыў имканияты берилиўи менен тәмийинленеди.

Илажда бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан Республикасы суды

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content