Өмир бийбаҳа, оны абайлап сақлайық!

Бүгинги күни елимизде транспортлар санының артыўы менен жолларымызда жол транспорт қағыйдаларын бузыў ҳәдийселери көбейип бармақта. Әлбетте, бул пүткил жәмийетимиз ушын ашынарлы жағдай болып, оннан республикамызда жасаўшы ҳәр бир пуқара өзлерине тийисли жуўмақ шығарыўы тийис. Егер, өзлеримиз тиккелей гүўасы болып яки ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланып атырған материаллардан жуўмақ шығарып, жол тәртиби қағыйдаларына әмел етпесек, турмысымызда бахытсыз ҳәдийселер саны арта береди.

1984-жылы туўылған Елликқала районы турғыны   А.Я. да усындай итибарсыз пуқаралардың бири болып, ол 2022-жылдың 25-январь күни саат 8-30 лар шамасында өзиниң басқарыўындағы пуқара К.Р. ға тийисли «Нексия-2» автомашинасын ҳеш қандай ҳүжжетсиз райондағы  Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши «Қызылқала-Бостан-Гүлдирсин-Төрткүл»  жолы бойлап қубладан арқаға қарай ҳәрекетленип киятырып, өзине қарама-қарсы ҳәрекетленип киятырған пуқара А.Н. ға тийисли «Лассети» марқалы автомашина менен соқлығысып кетеди.

Жүз берген бул жол транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде, «Нексия-2» автомашинасында жолаўшы сыпатында киятырған пуқара Х.Д. аўыр дене жарақатын алып, ўақыя болған жерде өзине келместен қайтыс болады.

Ал, «Ласетти» автомашинасының басқарыўшысы Н.А., жолаўшылар Б.А., О.С., ержетпеген балалар Б.Ҳ., Ж.С, М.С. лар дене жарақатын алып, Елликқала районлық медициналық бирлеспесине келип түседи ҳәм 31-январь күни көрсетилген тез медициналық жәрдемге қарамастан емлеўханада көз жумады.

Бахытсыз ҳәдийсеге ушыраған қалған жолаўшылардың өмири болса, медицина хызметкерлериниң алып барған пидайы хызметлериниң нәтийжесинде аман сақланып қалынады.

Бул жол транспорт ҳәдийсеси бойынша топланған жынаят иси Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылып, судланыўшы А.Я.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары тийкарында жаза тайынланды.

Жуўмақ орнында соны айтып өтиўимиз керек, ҳәр бир инсан ушын оның өмири бийбаҳа. Оны абайлап сақлаў бизиң ҳәрбиримиздиң әдиўли ўазыйпамыз болыўы лазым.

О.Маўленов,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы