Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша шығарылған қарар үстинен шағым етиў тәртиби ҳәм мүддетлери

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында кодексиниң 315-статьясына муўапық, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар үстинен жоқары турыўшы органға (лаўазымлы шахсқа) яки жынаят ислери бойынша район (қала) судына, яки жынаят ислери бойынша район (қала) судының қарары үстинен болса апелляция инстанциясы судына шағым берилиўи мүмкин.

Экономикалық судтың қарары үстинен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексинде белгиленген тәртипте, пуқаралық ислери бойынша судтың қарары үстинен Өзбекстан Республикасы пуқаралық процессуал кодексинде белгиленген тәртипте шағым берилиўи  мүмкин. Шағым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар қабыл қылған орган арқалы яки тиккелей шағым жолланып атырған судқа бериледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша қарар шығарған орган (лаўазымлы шахс) шағымды алғанан соң оны үш күн ишинде ис пенен бирге шағымды көрип шығыў ҳуқықына ийе болған органға (лаўазымлы шахсқа) жибереди.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳақкындағы ис бойынша қарар бойынша шағым берген шахс мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.

Усы кодекстиң 316-статьясына муўапық, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис бойынша шығарылған қарар үстинен усы қарардың нусхасы алынған күннен баслап он күн ишинде, судтың қарары үстинен жигирма күн ишинде шағым берилиўи мүмкин,

Белгиленген мүддетлер кеширимли себеплер (наўқаслық, хызмет сапарына яки шет елге кеткенлик ҳ.т.б себеплер) менен өткерилип жиберилген жағдайда шағымды көрип шығыўға ўәкилликли орган (лаўазымлы шахс) тәрепинен қайта тиклениўи мүмкин.

Яғный, қарар үстинен шағым бериў мүддети өткерип жиберилген жағдайда, шағым бериўши тәрепинен мүддеттиң өткерип жибериў себеплери көрсетилип, тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин қосқан ҳалда илтимаснама берилиўи тийис.

 

Даўлетияр Сражатдинов,

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы  

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content