Тойдан аўысқан арақлар болса аламан…

Еркинбай жасы бир жерге барып, турмыстың ақ-қарасын жақсы таныған адам. 57 жасты қарсылаған болса да бүгин ойламай басылған қәдеми ақыбетинде суд залында жузи төмен…

Екинши топар майыбы болыўына қарамастан, күн-көристиң ғамы ма, я пул табыўдың «аңсат» жолын изледи ме қулласы өзинше бир «арақ саўдасы»ның басын услап бизнес ислемекши болды. Бизнес ушын товар шийки зат керек емеспе?!

Ол Нөкистеги той көп болатуғын тойханаларды аралап, тойдан аўысқан арақларды жыйнаўды баслады. Тойханаға барып хабарласып еди, дәрриў иси оңынан келеғойди. Сол жердеги официант жигит оған 12 баклажкада жыйналған арақты әкелип берди, және бул арақларды қолдан таярлайтуғын болса оған акциз марка жабыстырыў кереклигин айтып, акциз марканы сататуғын адамды да телефоннан таўып береғойды. Телефонда сөйлескен ҳаял менен базарда ушырасып оннан 80 дана акциз марка сатып алады.

Үйине барып 0,5 литрлик жәми 60 дана «Қаратаў» арағын қолдан таярлап, акциз маркаларды шам менен күйдирип жабыстырады. Қараса, таяр дым жақсы «заводской»дан парқы жоқ.

Сөйтип, бул арақларға таяр қарыйдар да табылады. Ажағасының тойының кемисин толтырып жүрген Манас танысы Қарыйдан арзан арақ сорайды. Қарый болса Еркинбай деген адамның арзан арақ сататуғынын, бирақ қарызға бермейтуғынлығын айтады. Арақтың баҳасы 15 500 сўм екенлигин еситкен Манас Қарыйға сол адамның үйине барыўды усыныс етеди.

Такси менен Еркинбайдың үйине барып 5 блок арақты 930 000 сўмға сатып алады. Және азырақ жетпей қалып еди, Қарый өзиниң үйинде тойынан аўысқан 2,5 блоктың қасына және арақ қосып 3 блокқа толтырады. Анығырағы баяғы базардағы акциз марка сататуғын ҳаялдан 6 дана акциз марка алып, өзи ислеп журген тойханадан аўысқан арақларды жыйнап, оларға акциз марка жабыстырады. Сөйтип Манасқа дым билмегендей 15 000 сўмнан сатып жибереди.

Усылай еки исбилерменниң саўдасы бир майданда ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен сапластырылады.

Еркинбай менен Қарыйдың қылмысы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен көрип шығылды. Суд ис бойынша судланыўшылар, гүўалардың көрсетпелери, мәмлекетлик айыплаўшының пикирин, адвокаттың қорғаў сөзин тыңлап, ис материаллары менен салыстырып, тексерип ҳуким етти.

Суданыўшы Еркинбай менен Қарый Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 176-статьясы 1-бөлими менен айыплы деп табылып, оларға 2 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

 

Шарапат Шамамбетов

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы