Жас өспиримди дүгип алған шофёрға кеширим берилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң студентлериниң катнасыўында өткерилген көшпели ашық суд мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылған А.Ж исимли шахстың қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды баслығы И.Алланиязов басшылығында, судья жәрдемшиси Е.Турдыбаевтың хаткерлигинде, тәреплерден мәмлекет айыплаўшысы-Хожели районы прокурорының аға жәрдемшиси Б.Абыллаева ҳәм гүманланыўшы, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилиниң қатнасыўында өткерилген ашық суд мәжилисинде барлық топланған суд материаллары үйренилип, тәреплердиң көрсетпелери тыңланды.

1995-жылда туўылған пуқара Хожели районы аймағындағы 4К42 автомобиль жолының 1-километри аралығында белгиленген тезликке әмел етпей жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырып усы асфальт жолды кесип өтип атырған Т.С атлы жас өспиримди дүгип, жол транспорт ҳәдийсесин ислеген. Ақыбетинде өспирим аўыр дәрежедеги дене жарақаты менен емлеўханаға түседи.

Хожели районы ИИБ жанындағы тергеў топары сорастырыўшысының 2021-жыл 24-август күнги қарарына муўапық, А.Ж ның қарсысына жүритилген жынаят иси тареплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў мәселесин шешиў ушын судқа жиберилген.

Суд, ис материаллары менен толық танысып, гүманланыўшының өз айыбын мойынлап, исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбирлениўшиниң өз ерки менен ҳеш кимниң сырттаң араласыўысыз жарасыў ҳаққында арза бергенин, материаллық зыян толық қапланғанын, кеширим бергенин билдиргенин ҳәм мәмлекетлик айыплаўшының исти жарасыў мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды билдирген пикирин тыңлап, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 661 –статьясына ҳәм Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар жынаятлы исти өндиристен қысқартыўды лазым деп тапты.