Апелляциялық арзаға оның көширме нусқалары исте қатнасыўшы шахсларға жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша  қылынбаған болса апелляциялық арза суд тәрепинен қайтарылады

Даўагер «SH” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  жуўапкер Банк ҳәм оның Шоманай районы филиалы, қосымша жуўапкер “РИ” фермер хожалығының  қарсысына даўа арза берип, тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыўды ҳәм 3 517 308 сўм қарызын өндириўди сораған.

 

Биринши инстанция судының 2021 жыл 02 август күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.

 

Ҳал қылыў қарарына наразы болып даўагер апелляция тәртибинде арза берген.

Апелляциялық арзасына апелляциялық арзаның нусқасы Банк, оның Шоманай районы филиалы ҳәм  “РИ” фермер хожалығына жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынбаған.

 

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 265-статьясының биринши бөлиминиң 2-бәндине муўапық, апелляциялық арзаға (протестке) исте  қатнасыўшы басқа шахсларға апелляциялық арза ҳәм оған қосымша қылынған, оларда болмаған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин яки тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылыныўы лазым.

 

Усы кодекстиң 269-статьясының биринши бөлиминиң 2-бәндине муўапық, апелляциялық арзаға (протестке) оның  көширме нусқалары исте қатнасыўшы шахсларға жиберилгенлигине тийисли ҳүжжетлер қосымша қылынбаған болса апелляциялық арза қайтарылады.

 

Кодекске тийкар  жол қойылған кемшиликлер сапластырылғанда шағым берген шахс апелляциялық арза (протест) пенен судқа улыўма тәртипте жаңадан мүрәжат етиўге ҳақылы.

 

Сонлықтан судтың 2021 жыл  06 сентябрь күнги уйғарыўы менен апелляциялық арза даўагерге қайтарылған.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

судының экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамының судьясы     Гаўхар Зарипова