Солидар жуўапкершилик  

    Солидар жуўапкершилик бир неше қарыздардың миннетлемесине тийисли пуқаралық жуўапкершилик болып есапланады. Солидар жуўапкершилик пенен байланыслы түсиниклер Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 252-255-статьяларында өз көринисин тапқан.

Егер, карыздарлар шерик болып миннетлеме алғанында кредитор  ҳәмме қарыздарлардан  миннетлемени солидар орынлаўды да, олардың ҳәр биринен өз алдына орынлаўды да, соның менен бирге, қарызды толық яки оның бир  бөлегин төлеўди де талап етиўге ҳақылы.

Солидар қарыздарлардың биринен толық қанаатланбаған кредитор ала алмаған нәрсесин басқаларынан талап етиў ҳуқықына ийе.

Солидар қарыздарлар миннетлеме толық орынланбағанға шекем миннетли болып қала береди. Солидар миннетлемениң қарыздарлардан бири тәрепинен толық орынланыўы қалған қарыздарларды миннетлемеден азат етеди.

Егер нызамларда яки шәртнамаларда басқаша тәртип белгилеп қойылған болмаса, солидар миннетлемени орынлаған қарыздар өз үлесин шегирип таслап, басқа қарыздарларға тең үлеслерде регресс талабын қойыў ҳуқықына ийе болады.

Экономикалық судларында көбинесе кепиллик шәртнамасына тийкар солидар жуўапкершилик пенен байланыслы ислер көриледи.

Мысалы, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер АК “Микрокредитбанк” мәпин қорғап, жуўапкер “MM” ЖШЖ ҳәм қосымша жуўапкер “MО” ЖШЖдан 600 000 000 сўм тийкарғы кредит қарыздарлық,  46 500 000 сўм пайызын солидар тәртипте өндириўди, өндириўди қосымша жуўапкер “MО” ЖШЖға тийисли гиреўдеги мүлклерге қаратыўды, гиреўдеги мүлклердиң  ким-зыят саўдасында сатылыў баҳасын белгилеп бериўди сораған.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер ортасында 2020-жыл 09-июль күни 111-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар банк филиалы “MM” ЖШЖне қурылыс материалларын сатып алыўы ушын жыллық 21 пайыз төлеў шәрти менен, 36 ай мүддетке 600 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратқан.

Ажыратылған кредиттиң қайтарылыўына “МО” ЖШЖ кепил болып тәреплер ортасында 2019-жыл 09-июль күни кепиллик шәртнамасы дүзилген.

Сондай-ақ, 2020 жыл 13 июль күнги гиреў шәртнамасына тийкар “МО” ЖШЖне тийисли Мойнақ районы, Жиемуратов көшеси номерсиз жайда жайласқан тәбийий газ компрессоры ҳәм  компьютер колонкасы гиреўге койылған.

“ММ” ЖШЖ кредит шәртнамасында белгиленген миннетлемелерин орынламай, кредит ҳәм оған есапланған пайызларын төлемегенлиги себепли Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы банктиң мәпинде судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.

Кепиллик шәртнамасына тийкар кепил, кредит шәртнамасы бойынша “ММ” ЖШЖниң барлық миннетлемелериниң орынланыўы бойынша банк алдында шақырып алынбайтуғын тәризде ҳәм сөзсиз жуўап бериў миннетлемесин алған.

Сонлықтан биринши инстанция судының 2021 жыл  26 май күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза талаплары қысман қанаатландырылып, “ММ” ЖШЖ суд мәжлисине шекем  пайызынан 17 600 000 сўм төлегенлигин итибарға алып, “ММ” ЖШЖ ҳәм “МО” ЖШЖнен банктиң пайдасына солидар тәртипте 600 000 000 сўм кредит қарызы, 28 900 000 сўм пайызын өндириўди, өндириўди гиреўдеги мал-мүлкке қаратыўды, буннан тысқары исти көриў нәтийжеси менен  12 930 000 сўм мәмлекетлик бажы пулды “ММ” ЖШЖ ҳәм “МО” ЖШЖнен солидар тәртипте бюджетке өндириўди лазым тапқан.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы     Гаўҳар Зарипова