Нызамшылыққа киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар түсиндирилди

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў илажлары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен Қоңырат районындағы  1-сектор аймағында жайласқан участкалық сайлаў комиссиясы баслықлары ҳәм оның ағзалары ушын семинар өткерилди. Онда Қарақалпақстан  Республикасы судының баслығы Г.Базарбаева шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының әҳмийети, оны нызамшылыққа муўапық өткериў бойынша сөз етти.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының өзине тән өзгешеликлери, сайлаў күни даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм жәриялаў, сайлаў нызамшылығы ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары Е.Утениязов ҳәм С.Ниязов, Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Д.Разовлар баянат жасады.

             

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, участка сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз искерлигин ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жамәәтлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез ҳалда әмелге асырады ҳәм олардың искерлигине араласыўға жол қойылмайды. Бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

         

Сайлаў кодексиниң 53-статьясы ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 14-апрельдеги 1066-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткеретуғын участка сайлаў комиссияларының искерлиги тәртиби ҳаққында”ғы Режениң 50-бәнтине муўапық, сайлаў күни даўысў имараты участка сайлаў комиссиясы ағзаларының үштен еки бөлеги бар болғанда ашылады.

Усы тәртиптиң енгизилиўи мәмлекетимизде сайлаўлардың ашық айдын ҳәм әдалатлы өтиўин, сондай-ақ, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде нызамшылық нормаларына толық әмел етилиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Семинарда усы ҳәм басқада нызамшылыққа киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди. Қатнасыўшылар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң кызықтырған сораўларына судьялардан толық ҳәм анық жуўап алды.

Қарақалпақстан Республикасы суды