Суд ҳәм жаслар

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж. Алланиязов район орайындағы 1- ҳәм 33-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алып атырған оқыўшы жаслар менен ушырасты. Илаждың тийкарғы мазмуны “Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлери”  ҳәм “Жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў”ға қаратылды.

Бүгинги адам саўдасы жынаятына қарсы қатаң турақлы гүрес алып барылып атырғанына қарамастан, еле шекем айырым пуқаралар өзлериниң нызамлы ҳуқықларын билмей, жетерли ҳуқықый түсиникке ийе болманлығы ушын бул жынаят қурбанына айланып қалып атыр. Ҳәзирги ўақытта сырт елде нызамлы ислеў ушын барлық зәрүр шәраятлар жаратылған, солай екен сырттан келген адамлардың ямаса интернеттеги түрли бийтаныс кимселердиң пикирлерине қулақ салмастан, өзимиздеги берилип атырған мүмкиншиликтен дурыс пайдаланыў кереклиги түсиндирилди. Сондай-ақ, бул жынаяттың ақыбетлери, нызамшылықта белгиленген жаза түрлери бойынша да жасларға кең мағлыўмат берилди.

Буннан соң, нызамшылықтағы жаңалықлар, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша да түсиниклер берилди. Ушырасыўда оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.