Жас нәўше келешектеги мийўалы дарақ

Шаңарақ-ол муқаддес дәргай. Келешектиң тырнағы қаланып, уллы басламалардың тийкары салынатуғын беккем ҳәм уллы қорған. Ол өз-ара меҳир-мүриўбет ҳәм исеним, ҳүрметке қурылады. Егер мине усындай ең ағла адамгершилик пазыйлетлерге қандайда да бир зыян жетсе, қорған жемириледи, ақыбетинде болса шаңарақта ажырасыў жүзеге келеди. Солай екен, бүгингидей ҳәмме бағдар жедел раўажланып атырған бир дәўирде усы муқаддес есапланған беккем қорғанды сақлап қалыў ҳәм оның узақ жыллар даўамлылығын тәмийинлеў әҳмийетли мәселе. Әлбетте, буның ушын өсип киятырған жас әўладты мине усындай ең ағла уллы пазыйлет ҳам қәдриятларымызға ҳүрмет руўҳында тәрбиялаў зәрүр.

         

Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары С.Қайыпназарова, З.Бабаджанова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетовалардың Ташкент мәмлекетлик информациялық технологиялары Нөкис филиалы студент жаслары менен ушырасыўы да мине усы мазмунда болды. Онда сөзге шыққан судьялар елимизде шаңарақты қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызларымыз, соның ишинде жасларға жаратылып атырған кең мүмкиншиликлер ҳаққында сөз етер екен, жас шаңарақларда жүз берип атырған ерте ажырасыўлардың тийкарғы себеплерине тоқтап өтти. Сонлықтанда, арзымаған келиспеўшиликлер ақыбетинде жас нәрестелер жетим қалып, әке алимент төлеп атыр. Бундай болмаўы ушын ҳәр адам өз шаңарағын өзи сақлап, перзент тәрбиясына итибарлы болыўы кереклигин түсиндирди. Суд-ҳуқық тараўындағы нызамшылық ҳәм оған киргизилип атырған өзгерис пенен қосымшалардың мазмуны бойынша да тараў ўәкиллери түсиник берип өтти.

   

Асиресе, бүгинги күнде мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ер адамлар менен бир қатарда теңдей мийнет етип, жәмийеттен ылайықлы орын табыўы ушын жаратылып берилип атырған шараятлар, гендер теңлиги мәселелери жөнинде де студентлерге кең мағлыўматлар берилди.

 

Себеби, бүгинги өсип киятырған жаслар ертеңги айдын келешегимиздиң тийкары. Басқаша айтқанда, бүгин биз еккен жас нәўше келешектеги мийўалы дарақ. Оның өсип-өнип, гүллеўи ушын болса ҳәр биримиз жуўапкермиз!