Ҳаял қашан бахытлы болады?!

Ҳаял қашан бахытлы болады?!

Шаңарағы тыныш, перзентлери саламат, хожалықта машқала, кемситиў ҳәм зорлық болмаса…

Ҳаял-қызлардың бахытлы жасаўы ушын көп нәрсе шарт емес, итибар ҳәм өз-ара меҳир-мүриўбетли болыўдың өзи жеткиликли. Бирақ, бес бармақ теңдей емес дегениндей, көпшилик жағдайда ҳаял-қызларымыздың  мине усындай әпиўайы бирақ олар ушын үлкен бир машқала болған мәселелерине онша итибар бере бермеймиз гейде.

         

Сонлықтанда, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, зәрүр ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда «Ҳаяллар дәптери» дизимине киргизилген ҳаял-қызлар менен ушырасыўлар даўам етпекте. Усындай ушырасыўдың нәўбеттеги Қоңырат районында болып өтти.

Онда Жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды баслығы Д.Разов, судья Е.Бердиев,  Қонырат районлараралық экономикалық суды баслығы А.Аяпов, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды судьясы Б.Төребаевлар ҳәм район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси Ж.Әметовалар арнаўлы шөлкемлестирилген «Ҳуқықый мәсләҳәт көрсетиў пункти»нде дизимге алынған 37 ҳаял-қыз бенен сәўбетлести, оларды қыйнап жүрген мәселелерди тыңлады.

Ҳаял-қызлардың көпшилиги мийнет стажы пенсия дәптерине жазылмай қалған, турақ жайды атына өткериў, алимент өндирип бериў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Атап айтқанда,  райондағы “Үстирт” АПЖ турғыны 1966-жылы туўылған пуқара С.Калжанова 21-санлы мектепте 2006-2009 жыллары хожалық бөлиминде ислеген дәўири “мийнет дәптершеси”не жазылмай қалған. Ол бул иләжға сол ислеген дәўирин мийнет дәптершесине жазып бериўде ҳуқықый жәрдем сорап келди.  Усы жердиң өзинде мектеп директоры менен телефон арқалы сөйлесилип, С.Калжанованың мийнет дәптершесине ислеген дәўири толық жазып берилетуғын болды.

Қоңырат районы “Хорезм” АПЖ аймағында жасаўшы 1991-жылы туўылған пуқара А.Умарова, тәрбиясындағы бир перзенти ушын алимент пуллары Шоманай районы Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен өндирип берилмей атырғанын айтып, алимент пулларын өндирип бериўде жәрдем сорады. Бул мәселеде Шоманай районы МИБ жуўаплы хызметкерлери менен телефон арқалы сөйлесилди ҳәм тез арада шешип берилетуғын болды. Ушырасыўда мине усындай хожалық машқалалары менен келген ҳаял-қызлардың машқалалары ҳәр тәреплеме үйренилди. Ең баслысы, ҳеш ким итибардан шетте қалмады.