ҲЕШКИМ СУД ШЕШИМИСИЗ ТУРАҚ ЖАЙДАН АЙЫРЫЛМАЙДЫ

 

Жаңа Өзбекстан модернизацияласқан экономикаға таянады. Мәмлекетимизде бундай экономиканы қәлиплестириў ушын ондағы мәмлекет үлесин кемейттириў, жеке мүлк ҳуқықларын қорғаў ҳәм оның ролин күшейттириўге қаратылған институционал реформалар даўам етпекте.

 

Жеке мүлк қол қатылмаслылығы ҳәм оны ҳәр қандай қастыянлықлардан қорғаў экономикалық сиясаттың тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47-статьясына көре, ҳәр ким турақ жайлы болыў ҳуқыкына ийе. Ҳеш ким судтың шешимисиз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған меншик ийесине турақ жайдың қуны ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдын ала, тең муғдарда қаплап берилиўи тәмийинленеди. Мәмлекет турақ жай қурылысын хошаметлейди ҳәм турақ жайға болған ҳуқықтың әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратады. Халықтың социаллық жақтан мүтәж қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби нызам менен белгиленеди.

 

Өзбекстан Республикасы Үй-жай кодексиниң 11-статьясына көре, турақ жайға болған мүлк ҳуқықы мүддетсиз болып, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың, мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаған ҳалда шахстың өзине тийисли турақ жайға өз қәлеўи ҳәм мәплерине көре ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оған бийлик етиў, сондай-ақ өзиниң мүлк ҳуқықы бузылыўын сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат.

 

Турақ жай менен байланыслы даўларды дурыс ҳәм әдалатлы шешиў, келип шығып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2001-жыл    14-сентябрьдеги «Турақ жай даўлары бойынша суд тәжирийбеси ҳақкында» 22-санлы қарары қабыл етилген.

 

Усы Пленум қарарының көрсетпелерине көре, жер участкалары мәмлекет яки жәмийет мүтәжликлери ушын алып қойылыўы мүнәсебети менен пуқаралар мүлкинде болған турақ жайлар (квартиралар) бузылған жағдайда, мүлкдарларға олардың таңлаўы бойынша ҳәм тәреплер келисимине көре, турақ жай майданының социаллық нормасынан кем болмаған көлемдеги, барлық қолайлықлары болған, алдынғысына тең қунлы басқа турақ жай мүлк қылып бериледи ҳәмде көп жыллық тереклерниң базар баҳасы төленеди ямаса бузылып атырған турақ жай (квартира), басқа имаратлар, қурылыслар ҳәм көп жыллық тереклердиң базар баҳасы, сондай-ақ жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасы толық көлемде төленеди. Бузылып атырған турақ жайдың (квартираның) яки жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасы берилип атырған турақ-жайдың яки жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасынан артық болған жағдайда, бул парық мүлкдарға төлениўи лазым, берилип атырған турақ-жайдың яки жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасы бузылып атырған турақ жайдың (квартираның) яки жер участкасына болған ҳуқықтың базар баҳасынан артық болған жағдайда болса, бул парық мүлкдар тәрепинен қайтарылыўы талап етилмейди.

 

Мәмлекетлик үй-жай фондына тийисли турақ жай мәмлекет яки жәмийетлик мүтәжликлери ушын жер участкасы ажыратылыўы мүнәсебети менен бузылған жағдайда, бул турақ-жайлардан көширилип атырған пуқараларға үй-жай нызамшылығында нәзерде тутылған талапларға жуўап беретуғын басқа абат турақ жай бериледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы пукаралық ислери бойынша биринши инстанция судлары тәрепинен 2023-жыл даўамында үй-жай даўлары менен байланыслы жәми 758 пуқаралық иси көрип тамамланған. Соннан 573 даўа арзалар қанаатландырылған, 70 даўа қанаатландырылмастан қалдырылған, 97 даўа арза көрместен қалдырылған, 18 даўа арза ис жүргизиўден қысқартылған.

 

 

Саодат ҚАЙЫПНАЗАРОВА,            

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы