Судтың ҳүкими өзгериссиз қалдырылды

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының усы жыл 11-апрель күни болып өткен  ашық суд мәжилисинде жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының  2022-жыл 21-ноябрь күнги ҳүкиминиң өзине тийисли бөлеги бойынша судланыўшы С.Ю. тәрепинен берилген шағымы апелляция тәртибинде көрип шығылды.

Судтың ҳүкими бойынша 1981-жылы туўылған, жоқары мағлыўматлы, С.Ю. “Хожели дийқан базары” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң  баслығы болып ислеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги “Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы есап-санақлар системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм усы тараўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының 5-бәнтинде қарыйдарларға төлем терминалының чеги менен бирге онлайн-НКМ ямаса вертуал касса чегин бериў шәртлиги нәзерде тутылған болса да, усы талапларға әмел етпестен  саўда ҳәм хызмет көрсетиў және қадағалаў-касса машиналары, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда болса онлайн  қадағалаў-касса машиналары, ямаса вертуал кассаларды қолланыў тәртибин бузып, жәмийет тәрепинен терминал арқалы  2021-жылда ҳәм 2022-жылдың январь-март  айларында көрсетилген хызметлерге толық онлайн қадағалаў касса машиналарының чеги берилместен, банк филиалына терминал арқалы тапсырылған. 2021-жылда 262.120.688.8 сум ҳәм 2022-жылдың январь-март айларында 22.643.282.6 сум жәми 284.763.951 сумлық көрсетилген хызметлерге онлайн  қадағалаў-касса машиналарының чегин берместен, жүдә көп муғдардағы баҳада саўда ҳәм хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузған.

Буннан тысқары С.Ю “Хожели дийқан базары” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы болып ислеп келип, лаўазымынан пайдаланып, мүлклик пайда көриў мақсетинде жәмийет аймағындағы саўда орынларындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен бир мәртелик жыйым ҳәм басқа хызметлер ушын  2022-жылдың январь-март айларында төленген 156.183.950 сум нақ пул ушын онлайн  қадағалаў-касса машиналарының чеги берилип, усы пул қаржыларының қабыл етилип алынғанына қарамастан  жәмийеттиң банк есап бетине кирис қылмастан, өзиниң мәпине ислетип, ықтыярында болған жүдә көп муғдардағы 156.183.950 сумлық жәмийеттиң қаржысын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткен.

Суд судланыўшы С.Ю.ға жаза тайынлаўда оның ҳаял екенлигин, жынаят ақыбетинде келтирилген зыянның көпшилик бөлегиниң қапланғанлығын инабатқа алып, оған еки жыл мүддетке мәмлекетлик мәкемелерде,  сондай-ақ, мәмлекеттиң үлеси бар мәкемелерде басшылық, материаллық жуўапкершилик ўазыйпасы жүкленетуғын лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айрылып ҳәм ҳәр айлық мийнет ҳақының 20 процентин мәмлекеттиң дәрамат есабына услап қалған ҳалда 1 жыл 6 ай мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазасы тайынланған еди.

Судланыўшы  С.Ю. шағымында салық тексериўи нызамсыз өткерилип, бул бойынша салық тексериўине басшылық еткен М.Ганиев жынаят ислери бойынша Хожели районы судының 2022-жыл 14-июньдағы қарарына муўапық Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң  241-2 статьясы менен жуўапкершиликке тартылғанлығы, солар есапқа алынып, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының  2022-жыл 24-августтағы шешиўши қарары менен Хожели районы салық иснпекциясының  2022-жыл 22-апрельдеги буйрығына тийкарланып, “Хожели дийқан базары” жуўапкершилигин шекленген жәмийетинде салық тексериўин өткериў менен байланыслы ҳәрекетлер нызамға муўапық емес деп табылғанлығы, онлайн қадағалаў-касса чегиниң берилмегенлиги жағдайы бойынша жәмийеттиң баслығы емес, керисинше,  салық уйымы хызметкериниң айыбы екенлиги, 3.774.450 сум тексериў даўамында 156 миллион сумлық зыянның ишинде екенлиги, барлығының толық сапластырылғанлығы, өзиниң тийкарсыз айыпланғанлығы себепли ақлаў ҳүкимин шығарыўды сораған.

Судлаў коллегиясы ис бойынша судьяның баянатын, прокурордың судтың ҳүкимин өзгериссиз қалдырыўды, қорғаўшы адвокат ҳәм судланыўшының шағымын қанаатландырыўды сораған пикирлерин тыңлап, ис материаллары ўәжлери  менен қосып тексерип ҳәм оларға баҳа берип, судтың ҳүкимин өзгериссиз, шағымды қанаатландырарсыз қалдырыўды лазым тапты.

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content