Журналистлерге итибар

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы судында 27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди. Оған елимизде суд-ҳуқық тараўында ерисилип атырған әмелий нәтийжелерди, соның ишинде әдил судлаў, инсан ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды кең жамийетшиликке қалыс жеткериўде белсенди болған, судлар менен биргеликте тығыз жумыс алып барып атырған журналистлер мирәт етилди.

   

 

Иләжды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов кирис сөзи менен ашып, барлық журналистлерди кәсиплик байрамы менен шын журектен қутлықлады. «-Дөретиўши инсанлар, әсиресе, журналистлер жүз берип атырған ўақыя ҳәдийселерге терең көз бенен қарап, оны өз турмысы ҳәм өмири менен байланыстырып сәўлелендиретуғын пидайы инсанлар, жүреги толып тасып туратуғын адамлар. Жаңа Өзбекстан тымсалы мысалындағы жаңа Қарақалпақстандағы өзгшерис ҳәм жаңаланыўларды кең жарытыўда, елимиздеги абадан турмысты тәмийинлеў жолында мәмлекет басқарыўы ҳәм халық ортасындағы тығыз байланысты мине усы тараў ўәкиллериниң пидайы хызметлери, мийнетлери тымсалында көремиз»-деп Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы журналистлердиң пидайы мийнетлерине жоқары баҳа берди.

 

 

 

Буннан соң, Қарақалпақтан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов сөзге шығып, кейинги жылларда ғалаба хабар қуралларына, сөз еркинлиги, ашықлық сиясатына айрықша итибардың күшейгенлигиниң айқын бир мысалы сыпатында мәмлекетимизде еки мыңға жақын ғалаба хабар қураллары жумыс алып барып атырғанлығын айрықша мақтаныш етти.

 

Буннан соң, журналистлерге байрам саўғалары тапсырылды. Өз нәўбетинде, өзлерине көрсетилип атырған иззет-ҳүрметтен кеўиллери толып-тасқан журналистлер суд басшыларына миннетдаршылық билдирер екен, алдағы ўақытлары әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында, халықтың судларға болған исенимин арттырыў жолында еледе тығыз бирге ислесетуғынлығын билдирди.