Төрешилик судының шешиўши қарары бойынша даўласыў ҳаққындағы ислерди жүритиў тәртиби  

Төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳәм төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы ислер Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексинде нәзерде тутылған улыўма қағыйдалар тийкарында Экономикалық процессуал кодексиниң 28 ҳәм 29-бапларында белгиленген өзине тән өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда көрип шығылады.

Төрешилик питими юридик ҳәм физикалық шахслардың даўды төрешилик судына шешиў ушын тапсырыў ҳаққындағы жазба келисими  есапланады ҳәм усындай келисим бар болғанда ғана тәреплер даўды төрешилик судының шешиўине тапсырыўы мүмкин.

«Төрешилик судлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының (кейинги орынларда- Нызам деп жүритиледи) 13-статьясының биринши бөлимине көре, төрешилик питиминде төрешилик питими тәреплери ортасында келип шыққан яки келип шығыўы мүмкин болған барлық ямаса айырым даўлар төрешилик судында көрип шығылыўы кереклиги ҳаққындағы қағыйда көрсетилиўи лазым.

Сол себепли, егер төрешилик питиминде тәреплер ортасында келип шыққан ямаса келип шығыўы мүмкин болған барлық даўлар төрешилик судында көрип шығылыўы ҳаққындағы қағыйда көрсетилген болса, төрешилик келисимин ҳақыйқый емеслиги ҳаққындағы даўа да төрешилик судында көрип шығылады.

Егер төрешилик питиминде төрешилик питими тәреплери ортасында келип шыққан яки келип шығыўы мүмкин болған белгили бир даўлар төрешилик судында көрип шығылыўы кереклиги ҳаққындағы қағыйда көрсеетилген болып, оларда төрешилик питими үстинен даўласыў көрсетилмеген болса, төрешилик келисимин ҳақыйқый емеслиги ҳаққындағы даўа экономикалық судта көрилиўи лазым.

Нызамның 5-статьясы екинши бөлимине муўапық, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары төрешилик судларын дүзиўи, сондай-ақ төрешилик питиминиң тәреплери болыўы мүмкин емес. Егер даў көрсетилген уйымлар тәрепинен шөлкемлестирилген төрешилик суды тәрепинен көрип шығылған болса, төрешилик судының ҳал қылыў қарары Экономикалық процессуал Кодекстиң 226-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәндине тийкар экономикалық суды тәрепинен бийкар етиледи, ал төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳақ3ындағы арзаны қанаатландырыў болса Экономикалық процессуал Кодекстиң 231-статьясының биринши бөлиминиң 3-бәндине тийкар бас тартылады.

Экономикалық процессуал Кодекстиң 29-статьясына тийкар пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын яки келип шығыўы мүмкин болған ҳәмде экономикалық судқа тийисли болған даўа тәреплердиң келисимине көре экономикалық суд қарар шығарғанға шекем төрешилик судына көриў ушын тапсырылыўы мүмкин.

Бунда тәреплердиң келисими дегенде Нызамның 12-статьясында нәзерде тутылған төрешилик питими түсиниледи.

Егер тәреплердиң даўды төрешилик судына көриў ушын тапсырыў ҳаққындағы келисими бар болып, төрешилик судына мүрәжат етиў имканияты жойтылмаған болса ҳәм егер истиң экономикалық судында көрилиўине  қарсы болған жуўапкер биринши арзасынан кешиктирмей даўды мазмунан шешиў ушын төрешилик судына тапсырыў ҳаққында илтимаснама менен мүрәжат етсе, экономикалық суд даўаны көрместен қалдырады.

Бунда «биринши арза» дегенде жуўапкердиң ҳал қылыў қарары қабыл қылынғанға шекем даўа мазмуны бойынша баян қылған жазба яки аўызеки пикирин түсиниў лазым.

Экономикалық процессуал Кодекстиң 28 ҳәм 29-баплары ҳәмде Нызамның 7 ҳәм 8-бапларына муўапық судқа төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳаққындағғы арза менен текғана төрешилик питиминиң тәреплери, төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы арза менен болса ҳал қылыў қарары төрешилик процесси тәреплериниң қайсы бириниң пайдасына шығарылған болса усы тәреп мүрәжат етеди.

Төрешилик суды исте қатнасыўға тартылмаған шахслардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери ҳаққында ҳал қылыў қарары қабыл қылған болса, усы шахслар бундай ҳал қылыў қарары үстинен Экономикалық процессуал Кодекстиң 223-статьясының  екинши бөлимине муўапық ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳаққында экономикалық судқа арза бериўлери мүмкин.

Даўды төрешилик судыннда шешиў менен байланыслы қәрежетлерди төрешилик суды пайдасына өндириў талабы Экономикалық процессуал Кодекстиң 29-бабында белгиленген қағыйдалар тийкарында көрип шығылмайды.

Сонлықтан, даўды төрешилик судында шешиўде тәреплер тәрепинен төлениўи лазым болған қәрежетлерди төлеў төрешилик суды тәрепинен кешиктирилген тәғдирде, төрешилик судын шөлкемлестирген юридик шахс төрешилик процессиниң тийисли тәрепинен усы қәрежетлерди өндириўди сорап ўәкилликли судқа улыўма тәртипте даўа арзасы менен мүрәжат етиўге ҳақылы.

Төрешилик судының  ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳаққындағы арза төрешилик судының ҳал қылыў қарары қабыл етилген орындағы экономикалық судқа, төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы арза болса төрешилик суды жайласқан жердеги яки қарыздар мәмлекетлик дизимнен өткен орындағы ямаса, егер қарыздардың мәмлекетлик дизимнен өткен орны белгисиз болса, оның мал-мүлки турған орындағы судқа бериледи.

Бундай тайпадағы ислер бойынша Экономикалық процессуал Кодекстиң 38-статьясында белгиленген шәртнама бойынша судлаўға тийислилик туўрысындағы қағыйда қолланылмайды.

Экономикалық процессуал Кодекстиң 223-статьясының биринши бөлими ҳәмде Нызамның 46-статьясының биринши бөлими мазмунына муўапық төрешилик процессиниң тәрепи төрешилик судының экономикалық судқа тийисли даўаға байланыслы ҳал қылыў қарары үстинен усы қарарды алған күннен баслап отыз күн ишинде экономикалық судқа арза менен мүрәжат етиўи мүмкин.

Төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳаққындағы арзаның формасы ҳәм мазмуны Экономикалық процессуал Кодекстиң 224-статьясы талапларына сай келиўи ҳәм оған усы статьяда нәзерде тутылған ҳүжжетлер, соның ишинде почта қәрежети төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет те қосымша қылыныўы лазым.

Төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳәмде төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы арзалар бойынша Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының қосымшасында келтирилген Мәмлекетлик бажы ставкасына муўапық базалық есаплаў муғдарының 2 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы пул өндириледи.

Экономикалық судлары төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳәмде төрешилик судының ҳал қылыў қарарын  мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда төрешилик суды анықлаған жағдайларды тексериўге ямаса төрешилик судының ҳал қылыў  қарарын мазмунан қайта көрип шығыўға ҳақлы емес.

Экономикалық суды төрешилик судының ҳал қылыў қарарын бийкар етиў ҳәм төрешилик судының ҳал қылыў қарарын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хат бериў ҳаққындағы исти көрип шығыў нәтийжеси бойынша уйғарыў шығарады. Уйғарыў үстинен Экономикалық процессуал Кодекстиң белгиленген тәртипте ҳәм мүддетте шағым берилиўи (протест келтирилиўи) мүмкин.

 

Гаўҳар Зарипова

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы