“Facebook”ТАҒЫ ТАНЫСЫ АЛДАДЫ

 

Шымбай районында туӯылған, шаңарақлы Қошшыбай Бегжанов (базы исим-фамилиялар ѳзгертилди) ѳзиниң отыз еки жасына шекем қол урған алдаӯшылық жынаятлары ушын жынаят ислери бойынша Шымбай ҳәм Қараѳзек районлары судлары тәрепинен үш мәрте судланып, нызамлы жазаға тартылған еди. Бирақ, ол ѳзине қолланылған жазалардан тийисли жуӯмақ шығармады.

 

Қошшыбай ѳзине белгиленген мийнетте дүзетиӯ менен байланыслы жаза мүддетин ѳтеп жүрип, және жынаят иследи. Ол усы жылдың январь айында “Facebook” социаллық тармағы арқалы Гѳззал Айтжанова исимли қыз бенен танысады. Қызға ѳзин “Камалов Азамат” деп таныстырған ол ѳзиниң Қараөзекте жасайтуғынын, елеге шекем үйленбегенлигин, Миллий қәӯипсизлик хызметинде ислейтуғынын, егер қандай да бир “ѳтиниш”лери болса, ҳеш қандай машқалаларсыз питкерип беретуғынын, соның менен бирге, оған үйлениӯ нийетиниң барлығын  айтып, оны алдайды.

 

Усындай күнлердиң биринде гәп арасы Гѳззалға “егер қәлесең, танысларыма айтып, университетке оқытыӯшы етип жумысқа киргизип беремен” деп   исендиреди ҳәм оннан буның ушын 1000 АҚШ доллары муғдарында пул талап етеди. Жигит ѳзиниң жалғанына исенген Г.Айтжановадан талап еткен пулдан 3 млн. 600 мың сум пулын алыӯға ериседи.

 

Қ.Бегжанов буннан кейин де ѳзиниң жынайый ҳәрекетлерин даӯам еттиреди. Бул сапары ол Гѳззалдың Зульфия Айтжнова исимли туӯысқан қыз апасын балаӊды университетке тьюторлық лаўазымына жумысқа орналастырып беремен”  деп алдайды. Оннан усы “хызмет”и ушын 13 млн. сум пул талап етеди ҳәм оның 7 млн. сумын алдаӯшылық жолы менен қолға киргизиӯге ериседи. Арадан ӯақыт ѳтип З.Айтжанованыӊ және 5 млн. сум пулларын ѳзиниң атына ашылған пластик картасына өткизип алып, қолға киргизилген пулларды өз мәпине ислетип жибереди. Солай етип, қәӯипли рецидивист Қ.Бегжанов алдаӯшылық жолы менен пуқараларға материаллық зыян жеткереди…

 

Суд мәжилисинде судланыўшы Қ.Бегжанов ѳзине жǝрияланған айыпты толық мойнына алды ҳәм ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын билдирди. Суд судланыӯшыға пуқараларға келтирилген материаллық зыянды қаплаӯ менен бирге нызамда кѳрсетилген тийисли жаза шарасын тайынлады.

 

 

Раиса БЕКМУРАТОВА,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы

МӘҲӘЛЛЕДЕ АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

 

 

Көпшиликтиң хабары бар, кейинги ўақытлары көшпели суд мәжилислери жынаятшылық яки ҳуқықбузарлық исленген аймақта өткерилип, сол жерде жасаўшы пуқараларға жынаятшы яки ҳуқықбузар таныстырып қойылмастан, ал алдағы ўақытлары мине усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў, сергекликти кушейтиў, тыныш емес шаңарақ перзентлерин қадағалаў, бир сөз бенен айтқанда ҳәр қандай қылмысқа жаза анық екенлигин түсиндириў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

 

Усы тийкарда, Тақыятас районындағы «Нурлы келешек» мәкән пуқаралар жыйынында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда басшылық етиўши жынаят ислери бойынша Тақыятас районы судының баслығы Л.Отегенова, район прокурорының жәрдемшиси К.Кадримбетованың қатнасыўында еки шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылды.

 

Сондай-ақ, район ишки ислер органлары пробация топары есабында мийнетке дүзетиў ислери жазасын өтеп атырған бир шахстың ислеген қылмысынан пушайманлығы, қатаң дүзелиў жолына өткенлиги есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына тийкар, өтелмей қалған жазасын мүддетинен алдын шәртли азат етиў бойынша районлық ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен киргизилген илтимаснамалар да усы көшпели судта көрип шығылып, қанаатландырылды.

 

Буннан соң, суд баслығы Л.Отегенова жыйналғанларға нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерис ҳәм жаңалықлар жөнинде кең түрде түсиник берип өтти. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 10-июнь күни қабыл етилген «Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,  келеси жылдың январь айынан баслап жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында өз алдына судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылыў тәртиби енгизиледи.

 

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуаллық қарарларға берилген санкциялар тек ғана апелляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Өзбекстан Республикасы әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте қайта көрип шығылыў тәртиби белгиленди.

 

Илажда мине усылар жөнинде судья тәрепинен анық ҳәм толық түсиниклер берилди.

 

БАЙРАМ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Хабарыңыз бар, 1993-жылдан берли ҳәр жылы 27-июнь мәмлекетимизде Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни сыпатында кен түрде белгиленип келинбекте. 

 

Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң жумысы жүдә қыйын, соның менен бирге, жуўапкершиликли. Себеби, олардың қолында Жер жүзиндеги ең күшли қураллардан бири болған сөз турыпты. Олар халықтың мәпин пидайылық пенен қорғап, елимиздеги жүз берип атырған дөретиўшилик жумыслардың биринши хабаршысы сыпатында жемисли мийнет етпекте.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы судында байрам илажы шөлкемлестирилип, тараў жумысларын жарытыўда белсендилик көрсетип атырған бир топар журналист дөретиўшилерге миннетдаршылық билдирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлап, елимизде болып атырған жаңалық ҳәм өзгерислерди жарытыўда, әсиресе, әдил судлаў жолындағы нәтийжели дөретиўшилик ислеринде табыслар тиледи.


Буннан соң, тараў ўәкиллерине миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

АРХИВ ИСИ ҲӘМ ИС ЖҮРГИЗИЎ БОЙЫНША ЖУМЫСЛАРДЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИГЕ БАҒЫШЛАНЫП УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

 

 Архив-тарийхтың тилсиз айнасы. Ҳақыйқатында да, архив сиз ҳәм биз көрмеген әййемги тарийхтан баслап бүгинги күнге шекем болған дәўирдиң тилсиз гүўасы.

 

Соңғы жылларда бул қурамалы тараўға болған итибар пүткиллей өзгерди. Әсиресе, «жабық мағлыўматлар»дың ашылыўы ең әҳмийетли ўақыялардың бири десек асыра айтқан болмаймыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы судында архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша жумысларды шөлкемлестириў, дурыс ҳәм бирдей әмелиятты жолға қойыў мәселелерине бағышланған ушырасыў өткерилди.

 

 

Онда Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы бас қәнийгеси, эксперт тексериў комиссиясы баслығы Б.Жубатова, Қарақалпақстан Республикасы орайлық мәмлекетлик архиви директоры А.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы судының ҳәм районлараралық, районлық (қалалық) судлары архив хызметкерлери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Керимбаев кирис сөзи менен ашып, басқарып барды. Буннан соң, Республикада архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша жумысларды шөлкемлестириўди жетилистириў, архив иси жетискенликлери ҳәм машқалалары,  архив искерлигин жетилистириўде сырт ел тәжрийбеси бойынша бир қатар мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Соның менен бирге, архив иси ҳәм ис жүргизиў бойынша жумысларды шөлкемлестириўде белсендилиги ушын ҳәм де 9-июнь Ҳалқаралық архивлер күни мүнәсебети менен Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы бас қәнийгеси Б.Жубатова, Қарақалпақстан Республикасы орайлық мәмлекетлик архиви директоры А.Бекмуратовларға Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының атынан миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

 

ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

 

Бердақ атындағы Қарақалпақк мәмлекетлик университетинде тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында «Коррупция-қәўипли иллет» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

 

Онда Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судының судьясы М.Байниязов, Ишки ислер министрлигиниң тергеў басқармасы тергеўшиси А.Сарыбаев, Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси Н.Бердиниязова, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен ўәкиллер сондай-ақ, университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары, кафедра баслықлары ҳәм студент жаслары қатнасты.

 

 

 

Ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлердиң бири коррупция болып есапланады. Елимизде усындай иллетлерге қарсы гүресиў, олардың алдын алыў мәселесине айырықша итибар қаратылып, бул бағдардағы нызамшылық базасы да жетилистирилмекте. Булар тийкарында пуқаралардың жуўапкершилиги де арттырылмақта.

 

Усындай илажлар алып барылыўына қарамастан, елимиздеги көпшилик тараўларда, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасында коррупциялық жағдайлардың ушырасып турғаны бар ҳақыйқат.

 

 

Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында коррупциялық жағдайлар тийкарынан студентлер қатарына қабыллаў, оқыў процесинде тапсырылатуғын ҳәр қыйлы тапсырмалар,  сондай-ақ, студентлердиң оқыў орнын көшириў, оқыў бағдарын өзгертиў және оқыўға қайта тиклеўде коррупциялық жағдайлар бақланбақта.

 

 

Бундай унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде тиккелей Президентимиз басламасы менен барлық жоқары оқыў орынларында профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақы муғдарлары көбейтилди. Ҳәр бир оқыў жылы даўамында оқытыўшылар, студентлер арасында үгит-нәсият ҳәм профилактикалық жумыслар алып барылмақта.

 

Системада коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў, алдын алыў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

 

Илаж өз ара пикир алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

ҲƏКИМШИЛИК ИС ЖҮРИТИЎИНДЕ КЕЛИСИМ ПИТИМИНИҢ ӘҲМИЙЕТИ

 

Тəреплер, яғный арза бериўши ҳəм жуўапкер ҳəкимшилик суд ислерин жүритиўдиң барлық басқышларында ҳəм суд ҳүжжетин орынлаў барысында тартысты келисим питимин дүзген ҳалда толық кɵлемде ямаса қысман шешиўи мүмкин.

 

Тəреплердиң келисимине тек қана жуўапкерде ҳəкимшилик ықтыярыйлық (дискрецион ўəкиллик) бар болғанда ғана жол қойылады.

 

Келисим питими суд тəрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген деп есапланады.

 

Кеңселик-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша тартыслар ҳаққындағы, сайлаў комиссияларының ис-ҳəрекетлери (қарарлары) жүзесинен тартыслар ҳаққындағы, нотариал ҳəрекетти əмелге асырыў, пуқаралық ҳалаты дəлалатнамаларын жазыўды дизимге алыўдан бас тартылғанлығы ямаса нотариустың ямаса пуқаралық ҳалаты дəлалатнамаларын жазыў уйымы лаўазымлы шахсының ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) жүзесинен тартыслар ҳаққындағы ҳəмде мəмлекетлик дизимнен ɵткизиўден бас тартыў ямаса белгиленген мүддетте мəмлекетлик дизимнен ɵткериўден бас тартыў үстинен шағым етиў ҳаққындағы ислер бойынша, сондай-ақ, үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳəм нызамлы мəплерине тийисли шəртлерди нəзерде тутатуғын ислер бойынша келисим питиминиң дүзилиўине жол қойылмайды.

 

Келисим питими жазба формада дүзиледи, оны дүзген адамлар тəрепинен имзаланады.

 

Келисим питиминде орынланыўына байланыслы талапларға жуўап бериўи ҳəмде онда миннетлемелерди орынлаўдың тəреплер тəрепинен келисилген шəртлери, тəртиби ҳəм мүддетлери ҳаққындағы қағыйдалар, сондай-ақ, суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы шəртлер ҳəм нызамға қайшы болмаған басқа шəртлер кɵрсетилиўи керек.

 

Тəреплер тəрепинен келисим питими шəртлери бойынша қабыл етилген миннетлемелердиң орынланыўы тəреплерди бир-бирине ямаса басқа ўақыяларға (ҳəрекетлерге) байланыслы етип қойыўы мүмкин емес.

 

Келисим питими суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы мəселеге қарата да дүзилиўи мүмкин.

 

Егер келисим питиминде суд қəрежетлерин бɵлистириў ҳаққындағы шəрт болмаса, суд бул мəселени келисим питимин тастыйықлаў ўақытында, улыўма тəртипте шешеди.

 

Келисим питими оны дүзген шахслар санынан бир нусха артық болған нусхаларда дүзиледи ҳəм имзаланады. Усы нусхалардан бири ис материалларына қосып қойылады.

 

 

Жанат АЙМАГАНБЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының судьясы                   

СИЗ СОРАҒАН ЕДИҢИЗ

 

Сораў: Экономикалық судларда суд ҳүжжети үстинен кимлер қандай тәртип ҳәмде мүддетлерде апелляция тәртибинде шағым бериўи мүмкин?

 

Жуўап: Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 259-статьясына көре, исте қатнасыўшы шахслар, сондай-ақ, исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл еткен шахслар биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге ҳақылы.

 

Прокурор, жоқары турыўшы прокурор тек ғана прокурор қатнасында көрилген ис бойынша, сондай-ақ исте қатнасыўшы шахслар, исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл етилген шахслардың мүрәжатлары бар болған жағдайда биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляция тәртибинде протест келтириўге ҳақылы.

 

Исбилерменлик субъектлери ортасында жүзеге келетуғын экономикалық тартыслар, сондай-ақ исбилерменлик искерлиги менен байланыслы болмаған тартыслардан басқа ислер бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил биринши инстанция судының нызамлы күшке кирмеген шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым бериўге ҳақылы.

 

Судтың әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибиндеги, ҳуқықый тәсир шарасын қолланыў ҳаққындағы ис бойынша шешиўши қарары үстинен апелляциялық шағым (протест) шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап он күн мүддет ишинде, ал басқа қарарлар үстинен апелляциялық шағым (протест) қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде берилиўи мүмкин.

 

Апелляциялық шағымды (протести) бериўдиң өткерип жиберилген мүддети, шағым (протест) берген шахстың илтимаснамасы бойынша апелляция инстанциясы суды тәрепинен, егер илтимаснама шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап еки айдан кешиктирместен берилген ҳәм мүддет өткерип жиберилиўиниң себеплери суд тәрепинен үзрли деп табылған болса, тиклениўи мүмкин.

 

Исте қатнасыўға тартылмаған лекин ҳуқықлары ҳәм миннетлери туўрысында суд шешиўши қарар қабыл етилген шахслар, сондай-ақ суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилмеген шахслар ушын апелляциялық шағым бериў мүддети оларға қарар қабыл етилгенлиги мәлим болған күннен баслап есапланады.

 

Апелляциялық шағымға мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, исте қатнасыўшы басқа шахсларға апелляциялық шағым ҳәм оған қосымша қылынған ҳүжжетлердиң көширме нусқалары жиберилгенлигин яки тапсырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет, шағым ўәкил тәрепинен имзаланған болса, оның имзалаўға ўәкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжет, сондай-ақ, даўа арзаны қайтарыў яки даўа арзаны қабыл етиўден бас тартыў ҳаққындағы уйғарыў үстинен апелляциялық шағым берилген болса, даўа арза ҳәм судқа усынылған оған қосымша қылынған ҳүжжетлер апелляциялық шағымға қосымша қылыныўы керек.

 

Апелляциялық шағым (протест) апелляция инстанциясы суды атына жазылады, бирақ шешиўши қарарды қабыл еткен судқа тапсырылады.

 

Қарақалпақстан Республикасында апелляциялық шағымлар (протестлер) районлар аралық экономикалық судларының, Қарақалпақстан Республикасы судының биринши инстанция тәртитбинде қабыл еткен шешиўши қарарлары үстинен берилгенде – Қарақалпақтан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен көрип шығылады.

 

 

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы    

АШЫҚ КӨШПЕЛИ СУД МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тәрепинен райондағы Әдиллик бөлими имәратында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.

 

Онда усы суд баслығы А.Успанов басшылығында, судья жәрдемшиси А.Исакованыӊ хаткерлигинде, Шымбай районы прокурорыныӊ жәрдемшиси Б.Байманованың қатнасыўында бир жынаят иси көрип шығылды.

 

Ашық көшпели суд мәжилисинде Өзбекстан Респбликасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят ислерин үйренип шыққан суд айыпланыўшы, жәбирлениўши, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили ҳәм гүўалардың пикирлерин тыңлап, дәлийллерди үйренип, жеткерилген материаллық зыянның толық өндирилгенлигин, жәбирлениўшилердиң айыпланыўшыға ҳеш қандай шағым даўы жоқ екенлигин билдирип, тәреплердиң өз-ара жарасыў бойынша берген арзаларын қанаатландырыўды лазым тапты.

 

Сондай-ақ, судья тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыпланған бир шахстың қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жынаят процуссуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар өндиристен қысқартылып, жәбирлениўшилерге, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилине ҳәм пуқаралық даўагерлерге усы ис бойынша ис жүритиўди қайта тиклеў жүзесинен илтимаснама бериў ҳуқықы жоғалғанлығы түсиндирилди.

 

Суд уйғарыўына наразы тәреп, уйғарыў шығарылған ўақыттан баслап 10 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясына апелляциялық тәртипте, бул мүддет өткеннен соң кассациялық тәртипте нарийзалық арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы екенлиги де мағлыўмат сыпатында айтып өтилди.

НУРАНИЙЛЕРИМИЗ ҲӘМИЙШЕ ҲҮРМЕТ ҲӘМ ИТИБАРҒА ЫЛАЙЫҚ

 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни. Елимизде бул сәне ҳәр жылы кең турде белгиленер екен, өткенлерди еске алып, жасы үлкен кексе нуранийлерди қәдирлеў сыяқлы ағла инсаныйлық пазыйлетлерди еледе беккемлеўге хызмет ететуғынлығы менен әҳмийетли.  

 

Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов  ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовлар Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист “Суд фахрийси” көкирек белгисиниң ийеси Парахат Айтниязов пенен ушырасып, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирип, саўғалар тапсырды.

 

 

Сондай-ақ, республикамыздағы судьялар да пүткил өмирин суд тараўына бағышлап, жемисли мийнет еткен, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыстағы суд нуранийлери А.Абдиромова, А.Жанибекова ҳәм Р.Қурбановалардың шаңарақларында болып, олардың хал жағдайларынан хабар алды, естелик саўғаларын тапсырды.

 

 

 

 

 

Негизинде инсан бар екен, ол ҳәмийше ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық. Әсиресе, өмири даўамында усы елдиң ғәрезсизлигин беккемлеў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидайы мийнет еткен инсанлар усы күни еске алынып, олардың шаңарақларынан хабар алыў жақсы дәстүрге айланғанлығы өсип киятырған жас әўлад ушын ҳақыйқый үлги мектеби болып хызмет етеди.

 

 

БАЙРАМ ҚАРСАҢЫНДА СУД НУРАНИЙЛЕРИНЕ «СУД ФАХРИЙСИ» КӨКИРЕК БЕЛГИСИ ТАПСЫРЫЛДЫ

 

Инсан қанша жасағаны менен емес, ал қандай ийигиликли ислерди ислегени менен әзиз ҳәм қәдирли. Ҳәр бир тараўдың пидайысы болғаны сыяқлы суд тараўы пидайылары, әсиресе, нуранийлери ҳәмийше ҳүрмет-иззетте.

 

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңеси тәрепинен суд тараўында узақ жыллар даўамында жемисли мийнет еткен бир топар нуранийлери ылайықлы хошаметленди.

 

 

 

Нуранийлер, судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында видеоконференция байланыс режиминде өткерилген салтанатлы иләжда Өзбекстан Республикасы судьялар Жоқарғы кеңеси баслығы Х.Ёдгоров барлық жыйналғанларды қутлықлар екен, мәмлекетимизде суд тараўы соның ишинде нураний судьяларға көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамхорлықларды мақтаныш пенен атап өтти.

 

 

Буннан соң, жыйналғанларды 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен қутлықлап, өткенлерди еслеў, арамызда болған жасы үлкенлерди қәдирлеп ҳүрмет етиў әзелий ең ағла инсаныйлық пазыйлет екенлигине итибар қаратты. Жасларды да усындай ийгиликли басламаларға шақырды. Буннан соң бир топар суд нуранийлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги “Судьялардың ҳақыйқый ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6127-санлы Пәрманында әдил судлаўды әмелге асырыўда узақ жыллар нәтийжели мийнет етип пенсияға шыққан судьялар ушын енгизилген “Суд фахрийси” көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.

 

 

 

Сыйлықланғанлардың арасында Қарақалпақстан Республикасынан суд нуранийлери 26 жыл даўамында үзиликсиз судья болып ислеген Бекнияз Матниязов ҳәм өзиниң 19 жыллық өмирин судьялыққа бағышлаған Клара Аллашовалар да бар. Оларға салтанатлы жағдайда «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылды. Сыйлықларды Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов салтанатлы жағдайда өз ийелерине тапсырды.

 

Мағлыўмат орнындай айтыў орынлы, усы күнге шекем 203 суд тараўы нуранийлерине «Суд фахрийси» көкирек белгиси тапсырылған болса, бүгин олардың қатары 25 суд нуранийине көбейди.

 

 

Сыйлықланған нуранийлердиң ҳәр бири өзиниң өмир ҳәм мийнет жолы менен бүгинги тараў ўәкиллери ушын ҳақыйқый үлги ҳәм тәжрийбе мектеби бола алады. Солай екен, оларды қанша қәдирлеп, ҳүрметлесек арзыйды.

 

 

 

ГУЛАЙЫМ ҒАНИЕВА,

 Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты

Skip to content