Неустойка ҳаққындағы келисим жазба түрде дүзилиўи керек  

Даўагер “AA” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жуўапкер Жоллардан пайдаланыӯ унитар кәрханасының  аўызеки тапсырығына тийкар 4Р176 “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” автомагистраль жолының 110,5-114 км аралығындағы пиядалар өтиў жолында бетон қуйыӯ жумысларын ислеген. 2020 жыл 25 сентябрь күни  жуўапкер даўагер жәми 1992,4 метр тротуардың бетон қуйыӯ жумысларын ислегенлиги ҳаққында дәлалатнама дүзген. Исленген жумыслардың баҳасы даўагер тәрепинен бир тәреплеме тастыйықланған есап-фактураға қарағанда 234 529 082 сўмды қураған.

Буннан соң, тәреплер ортасында 2021 жыл 6 январь күни баҳасы 2 000 000 000 сўм болған субпудрат шәртнамасы дүзилген.

Жуўапкер исленген жумыс көлемин қабыллаўдан ҳәм оның ҳақын төлеўден бас тартқанлығы себепли даўагер даўа арза менен судқа мүрәжат етип, жуўапкерден 234 529 082 сўм  қарызы ҳәм 117 264 541 сўм пеня өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл  14 октябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған, жуўапкерден даўагер пайдасына 234 529 082 сўм қарызы өндирилген, даўаның пеня өндириўди сораған талабы қанаатландырыўсыз қалдырылған.

Шешиўши қарарға наразы болып жуўапкер апелляциялық тәртипте арза берген. Апелляциялық арзасында ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыллаўды сораған.

Бирақ, исти апелляция инстанциясында көриў даўамында жуўапкер даўагердиң ислеген жумыс көлемин счёт-фактура менен қабыллап алған ҳәм қарызын бир ай мүддете төлеп бериўин билдирген, бирақ унитар кәрхананың  кредиторлар алдында 3 миллиардтан аслам қарызы барлығын итибарға алып пеняны өндирмеўди сораған.

Даўагер болса суд мәжлисинде  бул объектте ислеп зиян көргенлиги себепли есапланған пеняны толық көлемде өндирип бериўди сораған.

Өзбекстан Республикасының Пуқарадлық кодексиниң 262-статьясына муўапық, неустойка туўрысындағы келисим жазба түрде дүзилиўи керек.

Даўагер  қурылыс жумысларын жуўапкер менен жазба түрде  шәртнама дүзбестен, оның аўызеки тапсырмасына тийкар орынлаған.

Жуўапкер даўагер алдында пеня төлеў миннетлемесин алмаған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының  2016 жыл 23 декабрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс пудраты шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери туўрысында”ғы 306-санлы қарарының 2 ҳәм 2.3-бәндлеринде қурылыс пудраты шәртнамасы буйыртпашы ҳәм пудратшы ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы тийкарғы ҳүжжет есапланатуғынлығы, қурылыс пудраты шәртнамасында  әҳмийетли  шәртлер көрсетилмесе шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы, егер бундай ислердиң орынланғанлығы усынылған дәлиллер менен дәлилленсе,  орынланған  ислердиң баҳасын өндириў ҳаққындағы талапты қанаатландырыўсыз қалдырыўға тийкар болмаслығы, бирақ бундай қурылыс пудраты шәртнамасы шәртлери ҳәм (яки) нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жуўапкершилик шарасын (неустойка, пайызлар өндириў, зиянды қаплаў) қоллаў туўрысындағы талап қанаатландырыўсыз қалдырылатуғынлығы түсиндирилген.

Сонлықтан, биринши инстанция суды даўагердиң ислеген жумысының баҳасын өндирип, ал даўаның пеня өндириўди сораған талабын тийкарсыз деп таўып, бул талапты қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келген.

Апелляция инстанция судының қарары менен шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылған.

 

 

Гаўҳар Зарипова

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

 

 

Спорт саламатлық ҳәм дослық елшиси

Спорт пенен турақлы шуғылланыў адам организмин саламат ҳам тетик етиў менен бирге, инсанның ақылый раўажланыўына да унамлы тәсир етеди. Әсиресе, ақылый мийнет пенен шуғылланатуғын кәсип ийелери ушын бул жүдә әҳмийетли ҳәм зәрүр болып есапланады. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы судларында мийнет етип атырған судья ҳәм суд хызметкерлерин спортқа қызықтырыў, ғалаба спорт пенен шуғылланыўына кең шәраятлар жаратыў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, куни кеше Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубогы ушын волейбол бойынша өткерилген жарыс буның айқын мысалы.

 

Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен шөлкемлестирилген нәўбеттеги жарысқа Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьялары, суд аппараты хызметкерлери қатнасты. Қызықлы ҳам кесин беллесиўлер тийкарында өткен жарыстың финал ушырасыўында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының “Бирлик” ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының “ОКС” командалары өз-ара беллести. Нәтийжеде “Бирлик” командасы жеңиске ерисип, жеңимпаз болды.

       

 

 

 

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубогы ушын өткерилген жарыстың жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының “Бирлик” командасы биринши орынды ийелеген болса, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының “ОКС” командасы екинши орын ҳәм үшинши орын – Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының судының “Туран” командасына несийп етти.

Жарыс жеңимпазлары кубок ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судларының Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

 

 

Уткиржон Сабиров

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы 

 

 

Суд әмелиятынан  

  Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы “Х» аймақлық акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап судқа даўа арза менен мүрәжат етип,  жуўапкер “Ж” фермер хожалығынан 1 171 272 сўм қарызы, 117 127 үстеме өндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 20 сентябрь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза толық қанаатландырылған. Жуўапкерден бюджетке 270 000 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилген.

  Ҳал қылыў қарарына наразы болып “Ж” фермер хожалығы апелляция тәртибинде арза берген. Апелляциялық арзасында даўагер алдында қарызы жоқлығы себепли ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыллаўды сораған.

Истеги анықланған жағдайларға қарағанда тәреплер ортасында 2021 жыл 08 февраль күни 47-санлы өним жеткерип бериў шәртнамасы дүзилген.

Шәртнамаға тийкар “Х» аймақлық акционерлик жәмийети “Ж” фермер хожалығына минерал төгинлер, өсимликлерди химиялық ҳәм биологик қорғаў қуралларын ҳәм басқа химиялық өнимлерди жеткерип бериўге, ал “Ж” фермер хожалығы болса жеткерип берилген өнимди қабыллап алыў ҳәм оның ҳақын төлеўге келискен.

Жеткерип бериўши тәрепинен жеткерип берилетуғын өнимниң анық түрлери, сыпаты, муғдары (көлеми) баҳасы ҳәм жеткерип бериў мүддетлери шәртнаманың ажыралмас бөлими болған 1-санлы қосымша менен белгиленген.

Шәртнаманың жәми баҳасы 152 636 715 сўмды қураған.

Шәртнаманың 3.2-бәндине тийкар “Ж” фермер хожалығы алдыннан 100 пайыз төлемди әмелге асырыўы кереклиги белгиленген.

“Ж” фермер хожалығы тәрепинен 2021 жыл 11 апрель күнги  183-санлы накладной менен баҳасы  1 171 272,06 сўмлық “карбамид” өними қабыллап алынған.

“Х» аймақлық акционерлик жәмийети  усы өнимниң баҳасы төленбеди деген тийкар келтирген ҳәм фермер хожалықтан қарызын үстемеси менен бирге өндирип бериўди сораған. Бирақ, истеги ҳүжжетлерге қарағанда “Ж” фермер хожалығының 2021 жыл 1 январь ҳалатына алдыннан өткерилген 43 796 000 сўм аласы қарызы болған ҳәм оған усы сумма шеңберинде бөлип-бөлип өним жеткерип берилип келген. Яғный, “Ж” фермер хожалығы өним алған ўақытта  оның қарызы болмаған.

            Бул жағдайлар, биринши инстанция суды тәрепинен үйренилмеген.

Сонлықтан, апелляция инстанция суды ҳал қылыў қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа шешим қабыл қылған.

 

Гаўҳар Зарипова,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

Материаллық ҳәм руўҳый зыян түсиниги ҳәм оны өндириў тийкарлары

Кейинги жылларда елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыў, әдил пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў жолынан үлкен қәдемлер тасланып, дүнья шериклигинде беккем орын ийелемекте. Мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар өткизилмекте. Олардың нызамлы тийкары Конституцияда сәўлеленген, онда инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң үстинлиги, нызамлардың үстинлиги, ҳуқық ҳәм әдил судлаўды дурыс әмелге асырыўға қаратылған қағыйдалар, өз шешимин тапқан.

Ҳәр бир адамға өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ис-ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик берилгенлиги ҳаққында Конституцияның 44-статьясында айрықша ҳуқықый норма белгиленип, бунда суд ҳәкимиятының басқа мәмлекетлик уйымлардан үстинлиги белгиленген.

Бирден-бир мәмлекетлик мәкеме суд сыяқлы тартыслы пуқаралық мәселелерди дурыс, әдил шеше алмаслығы суд ҳәкимиятының әҳмийетли тәреплеринен екенлиги көрсетилген.

Инсан турмысы даўамында ҳәр қандай кеўилсиз жағдайға ушыраўы ҳәм оның ақыбетинде материаллық ҳәм ямаса руўхый зыян көриўи ямаса басқаға усындай зыян жеткизиўи мүмкин.

Суд әмелиятында материаллық зыян ҳәм руўхый зыян ушын компенсация өндириў менен байланыслы ислер жылдан жылға артып бармақта.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен 2020 жыл 9 айы даўамында матриаллық ҳәм руўхый зыян өндириў менен байланыслы жәми 77 ис көрилип тамамланған болып, соннан материаллық зыян ушын бир миллиард төрт жүз миллион сумнан аслам (1.401.946.292), руўхый зыян ушын 64.900.000 сум өндириў белгиленген болса, 2021 жылдың 9 айы даўамында жәми 217 ис көрилип тамамланған болып, соннан материаллық зыян ушын 3 миллиард үш жүз миллион сумнан аслам (3.396.732.934 сум), руўхый зыян ушын 527.400.000 сум өндириў белгиленген.

Усы статистикалық мағлыўматлардан өткен жылға салыстырғанда усы жылы бул категориядағы ислер саны ҳәм суммасы муғдары бир неше есеге артқанлығын көриўимизге болады.

Зыян дегенде, ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлери, оның мал-мүлки жойтылыўы яки зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық қатнасығы шәраятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары (бай берилген пайда) түсиниледи.

Ҳуқықы бузылған шахс өзине жеткизилген зыянның толық қапланыўын талап етиўи мүмкин.

Руўхый зыян дегенде жәбирлениўшиге қарсы исленген ҳуқықбузарлық ҳәрекети (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде ол басынан өткизген руўхый ҳәм материаллық (кемситиў, физикалық аўрыў, зыян көриў, қолайсызлық ҳәм басқа) азаплар түсиниледи.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 1022-статьясына көре, руўхый зыян пул менен қапланады. Руўхый зыянды қаплаў муғдары жәбирлениўшиге жеткизилген физикалық ҳәм руўхый азаплардың қәсийетине, сондай-ақ айып компенсация төлеўге тийкар болған жағдайларда зыян жеткизиўшиниң айыбы дәрежесине қарап суд тәрепинен анықланады. Зыянды қаплаў муғдарын анықлаўда ақылға уғраслық ҳәм әдиллик талаплары итибарға алыныўы лазым. Физикалық ҳәм руўхый азаплардың қәсийети руўхый зыян жеткизилген ҳақыйқый ҳалатлар ҳәм жәбирлениўшиниң жеке қәсийетлери есапқа алынған ҳалда суд тәрепинен баҳаланады. Руўхый зыян төлениўи лазым болған материаллық зыянға қарамастан қапланады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Руўхый зыянды қаплаў ҳаққындағы нызамларды қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 2000 жыл 28 апрель күнги 7-санлы Қарары менен руўхый зыян ушын компенсация өндириўде итибарға алынатуғын ҳалатлар бойынша түсиндирмелер берилген.

Яғный руўхый зыян дегенде жәбирлениўшиге қарсы исленген ҳуқықбузарлық ҳәрекети (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде ол басынан өткизген руўхый ҳәм материаллық (кемситиў, физикалық аўрыў, зыян көриў, қолайсызлық ҳәм басқа) азаплар түсиниледи. Руўхый зыянның муғдарын белгилеўде жәбирлениўшиниң оған жеткизилген руўхый зыянның аўырлығына берген субъектив баҳасын, сондай-ақ талапкерге жеткизилген руўхый ҳәм физикалық азаплардың дәрежесин көрсетиўши объектив мағлыўматларды, қолқатылған объекттиң өмир ушын әҳмийетлилиги, пайдасы (өмири, ден-саўлығы, қәдир қымбаты, жеке еркинлиги, үй-жайдың қолқатылмаслығы, үлкен қунға ийе болған мүлклери ҳәм басқалар), ҳуқықбузарлықтың аўырлығы ҳәм ақыбети (жақын ағайинлериниң өлтирилиўи, майыплыққа алып келген дене жарақаты жеткизилиўи, еркинликтен айырыў, жумыстан ямаса турақ жайдан ҳәм басқалардан айырыў), уялттыратуғын надурыс мағлыўматлардың характери ҳәм оларды қаншелли дәрежеде (шеңберде) тарқатылғанлығы, жәбирлениўшиниң жасаў шәраятлары, жеке қәсийетлери (хызмети, шаңарақлық, турмыслық, материаллық тәреплери, ден-саўлығының ҳалаты, жасы ҳәм басқалар), зыян жеткизиўшиниң ҳәм жәбирлениўшиниң айып дәрежелери, зыян жеткизиўши шахстың материаллық жағдайы ҳәм басқа итибарға ылайық ҳалатлары, зыянды қаплаў муғдарын белгилеўде әдиллик ҳәм ақылға уғрас талаплары итибарға алынады.

Суд әмелиятынан мысал

Талапкер А.Пирниязова жуўапкер Б.Сатбаевқа (адам атлары өзгертилген) қарата ден-саўлығына жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыян өндириў ҳақкындағы даўа талабы менен судқа мүрәжат еткен.

Судтың бийлиги менен талапкер А.Пирниязованың даўа талабы қысман қанаатландырылып, оның пайдасына жуўапкер Б.Сатбаевтан материаллық зыян ушын 7.865.432 сум, ал руўхый зыян 5.000.000 сум компенсация өндириў белгиленген.

Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер Б.Сатбаев 2020 жыл 18 октябрьде саат 10:30 лар шамасында өзиниң басқарыўындағы “Дамас” маркалы автомашинасын басқарып ҳәм светофордың қызыл шырағында тоқтап турып, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қылмастан, өзине жасыл шырақ жанбай турып ҳәрекетленип, пуқара Ж.Отарбаевтың басқарыўындағы Нексия маркалы автотранспорт қуралы менен өз-ара соқлығысып жол транспорт ҳәдийсеси жүз бериўине себепши болған.

Нәтийжеде “Дамас” маркалы автомашинасы салоны ишиндеги жолаўшы талапкер А.Пирниязова ҳәм басқалар дене-жарақатларын алып медицина бирлеспесине түскен.

Өткизилген суд-медициналық экспертизасының жуўмақларына көре, талапкер А.Пирниязова “орта” дәрежели дене жарақатын алған.

Бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, жуўапкер Б.Сатбаевқа Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы, 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте гүмән қылыныўшы қатарында иске тартылған ҳәм жынаят иси тәреплердиӊ ѳз-ара жарасқанлығы мүнәсебети менен ѳндиристен қысқартылған.

Талапкер А.Пирниязова усы жол транспорт ҳәдийсесинен кейин бир неше мәрте емленип, дәри-дармақларын өзи сатып алып ҳәм бул жағдайлардан қыйналып материаллық ҳәм руўхый зыян көрген.

Жуўапкер Б.Сатбаев болса талапкер А.Пирниязоваға өз-ерки менен материаллық жәрдем бериўден бас тартқан.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 985-статьясы,  1-бөлимине көре, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) ақыбетинде пуқараға яки оның мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа жеткизилген зыян, соның менен бирге бай берилген пайда зыян жеткизген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым.

Сол себепли де суд бийлиги менен талапкер А.Пирниязованың даўа талаплары қысман қанаатландырылып, оның пайдасына жуўапкер Б.Сатбаевтан материаллық ҳәм руўхый ушын компенсация пуллары өндирип берилген.

Жуўмақластырып айтқанда, ҳәр бир инсан нызамларға ҳүрмет пенен қатнасықта болып, оларға әмел қылған жағдайда өзин ҳәм өзгелерди ҳәр қандай кеўилсиз жағдайдан қорғаған болатуғынлығын еслеткимиз келеди.

 

 

Абдимурат Керимбаев,

 Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы                                                                              

 

Ендигиден былай ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар электрон көринисте усынылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020 жыл 3 сентябрь күнги «Суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4818-санлы қарары, 2020-2023 жылларда суд ҳәкимияти уйымлары искерлигин санластырыў Дәстүри ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.M.Мирзиёев басшылығында 2020 жыл 30 июнь күни кеӊейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысыныӊ 49-санлы Баянын орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2021 жылы 9-декабрь күнги РС-65-21-санлы «Республика судлары искерлигине «ADOLAT» мәлимлеме системалары комплексин енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул Президиум қарарында соӊғы жылларда судлар искерлигине енгизилген мәлимлеме системалары саныныӊ артқанлығын итибарға алған ҳалда олардан пайдаланыў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ информация ҳәм мағлыўматлар қәўипсизлигин тәмийнлеў иләжларын күшейттириў, мәлимлеме системаларыныӊ мағлыўматлар базасын оптималластырыў, еӊ дәслеп пуқаралар ҳәм исбилерменлер аралықтан турып судлардан мағлыўматлар алыў ҳәмде олар менен судлар ортасында электрон бирге ислесиў шеӊберин кеӊейттириў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыў, суд хызметлеринен электрон тәризде пайдаланыў имканиятларын санластырыў бул жөнелистеги тийкарғы ўазыйпалар екенлиги атап өтилди.

Судларда судлаў исин жүритиў процесслерин заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларына тийкарланған ҳалда санластырыў арқалы мийнет өнимдарлығын гезектеги басқышқа көтериў, сондай-ақ электрон ҳүжжетлер айланыўы системасын жетилистириў есабына қағаз ҳәм басқа канцелярия өнимлери пайдаланылыўын жәнеде қысқарттырыў мақсетинде мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арза ҳәм шағымларды тек ғана электрон көринисте усыныў тәртиби енгизилмекте.

Яғный, мәпдар шахслар тәрепинен арза ҳәм шағымларды көрип шығыў барысын онлайн тәризде гүзетип барыў, суд мәжлиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў, суд ҳүжжетлерин судлар искерлигиние еңгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған тәризде қәлиплестириў имканын бериўши «АДОЛАТ» мәлимлеме системалары комплекси ҳәм суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризде, олардыӊ илтимаснамасы бойынша болса қағаз көринисинде усыныў әмелияты судлар искерлигине 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар аралық ҳәкимшилик судлар искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-июлынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиялары, районлар аралық, район ҳәм қала экономикалық судлары искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-октябринен баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиялары, пуқаралык ислери бойынша районлар аралық, район ҳәм қала судлары искерлигине; 2023-жылдыӊ 1-январынан баслап Жоқарғы суд жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары жынаят ислери бойынша судлаў коллегиялары, жынаят ислери бойынша район ҳәм қала судлары искерлигине басқышпа-басқыш енгизиў белгиленди.

Сол мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймағанбетова, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьялары А.Салиев ҳәм Қ.Қыпшақбаевлар Қарақалпақстан Республикасы адвокатлар палатасының адвокатлары менен ушырасып, жана система бойынша түсиник жумысларын алып барды.

Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары, адвокатлар тәрепинен ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар тек ғана электрон көринисте усынылады, бунда мүрәжаатлардыӊ қағаз көринисинде қабыл етилиўине жол қойылмайды.

 

Төрт дүканда урлық ислеген ҳаял  

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен усы жылдың 5-ноябрь күни көрип шығылған жынаят иси урлық пенен байланыслы.

1982-жылы туўылған Марзия (аты өзгертилген)  бир емес, еки емес, төрт дүканда сатыўшыларды алдап, олардың исенимине кирип,  пулларын алып кетеди.

Марзия өзиниң дәслепки жынайый ҳәрекетлерин 2021-жылдың 10-апрель күни кешки саат 17:00 лер шамасында Нөкис қаласында жайласқан “Дийхан базары” аймағындағы ҳаяллар кийим-кеншеклерин сататуғын саўда дүканынан баслады. Дүканға тап анық кийим алатуғын қарыйдар болып келип, кийимлерди көреди, биреўлерин анық алатуғын болып таңлайды. Сөйтип арада басқа қарыйдалар келип сатыўшы олар менен бәнт болған ўақытта әсте сездирмей кийим-кеншеклер жайылып турған прилавканың астында сатыўшы Г.Т ға тийисли 150 000 сумлық сумка ҳәм оның ишиндеги 1 500 000 сумлық нақ пулын жасырын алып кетеди.

Бул ўақыя “умыт болды аў” деп және 24-апрель күни “аңға” шығады. Ендиги олжа және Нөкис қаласында жайласқан “Дийхан базары” аймағындағы таўар яғный гезлеме сататуғын дүкан. Марзия дүканға кирип, сатыўшы менен тап таўар алатуғын адамдай ҳәр таўарды бир услап, ойласып өзине кереклисин излейди. Сөйтип сатыўшының да исенимине кирип, оған билдирместен 240 000 сумлық ҳаяллар сумкасы менен 3 500 000 сум нақ пулларын алып өтә кетти.

Арадан үш күн өтип Марзияға бул иси унап қалдыма, ямаса аңсат пул табыў жолын таптым дедиме қулласы және өзине қолайлы дүкан излеп, 27-аперль күни туслик ўақтында Орайлық базарға келип және бир дүканға карыйдар сыпатында кирип, ол жердеги исбилерменге 550 000 сумлық материаллық зыян жеткереди.

Өзи жаны қыйналмай таўып турған машаққатсыз пуллардан “алқымы кеңейген” Марзия енди төртинши дүканды гөзлеп, 2-май күни Нөкис дийхан базары аймағындағы ҳаял-қызлардың кийимлерин сататуғын саўда орнында сатыўшыны еплеп шалғытып Г.М ға 1 872 000 сумлық материаллық зыян жеткереди.

“Урлық түби қорлық” дегениндей Марзияның сиркесине суў қуйылып, бүгин суд залында ҳәммеден ислеген кылмысы ушын пушайман екенлигин билдирип кеширим сорады.

Суд Марзияға жаза тайынлағанда оның айыбын толық мойынлап, шын кеўилден пушайман екенин, бурын судланбағанын, келтирилген зыянлар толық қапланып, жабиркешлердиң кеширим бергенлигин айыбының жениллестириўши жағдайлары деп, ал жынаятты ғәрезли нийетте ислегенлигин айыбын аўырластырыўшы жағдай деп таўып ҳүким етти.

Судланыўшы М.С  Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти ҳәм 227-статьясы 2-бөлими “а” банти менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

Шарапат Шамамбетов

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы

 

Гүлайым Ғаниева,

журналист

Ҳаял-қызлардың мәплерин қорғайтуғын халық аралық стандартлар тийкарында 24 норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди

Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳам турмыс шәраятларын жақсылаў, оларға қарата басым ҳам зорлықтың алдын алыў бойынша кең көлемли ислер алып барылмақта. Итибарлысы бул мәселе мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларының бирине айланды.

Бул пикирлер Қарақалпақстан медицина институты студентлери менен өткерилген ушырасыўда айрықша атап өтилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы суды судьялары С.Кайпназарова, С.Ниязов ҳәм М.Байниязовлар сөзге шығып, жасларға гендер теңликти тәмийинлеў, бул бағдардағы нызамшылық мәселелери жөнинде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, нызамшылықты қәлиплестириў ҳәм нызам үстемлигин тәмийинлеў бағдарында соңғы төрт жылдың ишинде ҳаял-қызлардың мәплерин қорғайтуғын халық аралық стандартлар тийкарында 24 норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта оның орынланыўы тәмийинленбекте.

 Сондай-ақ, шаңарақларда, түрли орынларда, улыўма жәмийетте ушырасып атырған ҳәр қандай басым ҳәм зорлық ушын белгиленген жаза түрлери ҳаққында да айтып отилди. Әсиресе, иләж қатнасыўшылары тийкарынан жаслар болганлықтан, оларды да итибарлы ҳәм сергек болыўға шақырды.

 

Спартак Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы

Ҳәкимшилик суд ҳәм «АДОЛАТ» мәлимлеме системалары комплекси

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020 жыл 3 сентябрь күнги «Суд ҳәкимияты уйымлары искерлигин санластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4818-санлы қарары, 2020-2023 жылларда суд ҳәкимияти уйымлары искерлигин санластырыў Дәстүри ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.M.Мирзиёев басшылығында 2020 жыл 30 июнь күни кеӊейттирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысыныӊ 49-санлы Баянын орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2021 жылы 9-декабрь күнги РС-65-21-санлы «Республика судлары искерлигине «ADOLAT» мәлимлеме системалары комплексин еңгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул Президиум қарарында соӊғы жылларда судлар искерлигине еңгизилген мәлимлеме системалары саныныӊ артқанлығын итибарға алған ҳалда олардан пайдаланыў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ информация ҳәм мағлыўматлар қәўипсизлигин тәмийнлеў иләжларын күшейттириў, мәлимлеме системаларыныӊ мағлыўматлар базасын оптималластырыў, еӊ дәслеп пуқаралар ҳәм исбилерменлер аралықтан турып судлардан мағлыўматлар алыў ҳәмде олар менен судлар ортасында электрон бирге ислесиў шеӊберин кеӊейттириў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жәнеде асырыў, суд хызметлеринен электрон тәризде пайдаланыў имканиятларын санластырыў бул жөнелистеги тийкарғы ўәзыйпалар екенлиги атап өтилди.

Судларда судлаў исин жүритиў процесслерин заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларына тийкарланған ҳалда санластырыў арқалы мийнет өнимдарлығын гезектеги басқышқа көтериў, сондай-ақ электрон ҳүжжетлер айланыўы системасын жетилистириў есабына қағаз ҳәм басқа канцелярия өнимлери пайдаланылыўын жәнеде қысқарттырыў мақсетинде мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға даўа арза, арза ҳәм шағымларды тек ғана электрон көринисте усыныў тәртиби еңгизилмекте.

Яғный, мәпдар шахслар тәрепинен арза ҳәм шағымларды көрип шығыў барысын онлайн тәризде гүзетип барыў, суд мәжлиси қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон формада жибериў, суд ҳүжжетлерин судлар искерлигиние еңгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған тәризде қәлиплестириў имканын бериўши «АДОЛАТ» мәлимлеме системалары комплекси ҳәм суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн тәризде, олардыӊ илтимаснамасы бойынша болса қағаз көринисинде усыныў әмелияты судлар искерлигине 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар аралық ҳәкимшилик судлар искерлигине:

2022-жылдыӊ 1-июлынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиялары, районлар аралық, район ҳәм қала экономикалық судлары искерлигине; 2022-жылдыӊ 1-октябринен баслап Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары пуқаралык ислери бойынша судлаў коллегиялары, пуқаралык ислери бойынша районлар аралық, район ҳәм қала судлары искерлигине;

2023-жылдыӊ 1-январынан баслап Жоқарғы суд жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы судлары жынаят ислери бойынша судлаў коллегиялары, жынаят ислери бойынша район ҳәм қала судлары искерлигине басқышпа-басқыш еңгизиў белгиленди.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, 2022-жылдыӊ 1-январынан баслап мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыўы уйымлары, адвокатлар тәрепинен ҳәкимшилик судларға арза ҳәм шағымлар тек ғана электрон көринисте усынылады, бунда мүрәжаатлардыӊ қағаз көринисинде қабыл етилиўине жол қойылмайды.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы

ҳәкимшилик суды баслығы                                      

 

Тойдан аўысқан арақлар болса аламан…

Еркинбай жасы бир жерге барып, турмыстың ақ-қарасын жақсы таныған адам. 57 жасты қарсылаған болса да бүгин ойламай басылған қәдеми ақыбетинде суд залында жузи төмен…

Екинши топар майыбы болыўына қарамастан, күн-көристиң ғамы ма, я пул табыўдың «аңсат» жолын изледи ме қулласы өзинше бир «арақ саўдасы»ның басын услап бизнес ислемекши болды. Бизнес ушын товар шийки зат керек емеспе?!

Ол Нөкистеги той көп болатуғын тойханаларды аралап, тойдан аўысқан арақларды жыйнаўды баслады. Тойханаға барып хабарласып еди, дәрриў иси оңынан келеғойди. Сол жердеги официант жигит оған 12 баклажкада жыйналған арақты әкелип берди, және бул арақларды қолдан таярлайтуғын болса оған акциз марка жабыстырыў кереклигин айтып, акциз марканы сататуғын адамды да телефоннан таўып береғойды. Телефонда сөйлескен ҳаял менен базарда ушырасып оннан 80 дана акциз марка сатып алады.

Үйине барып 0,5 литрлик жәми 60 дана «Қаратаў» арағын қолдан таярлап, акциз маркаларды шам менен күйдирип жабыстырады. Қараса, таяр дым жақсы «заводской»дан парқы жоқ.

Сөйтип, бул арақларға таяр қарыйдар да табылады. Ажағасының тойының кемисин толтырып жүрген Манас танысы Қарыйдан арзан арақ сорайды. Қарый болса Еркинбай деген адамның арзан арақ сататуғынын, бирақ қарызға бермейтуғынлығын айтады. Арақтың баҳасы 15 500 сўм екенлигин еситкен Манас Қарыйға сол адамның үйине барыўды усыныс етеди.

Такси менен Еркинбайдың үйине барып 5 блок арақты 930 000 сўмға сатып алады. Және азырақ жетпей қалып еди, Қарый өзиниң үйинде тойынан аўысқан 2,5 блоктың қасына және арақ қосып 3 блокқа толтырады. Анығырағы баяғы базардағы акциз марка сататуғын ҳаялдан 6 дана акциз марка алып, өзи ислеп журген тойханадан аўысқан арақларды жыйнап, оларға акциз марка жабыстырады. Сөйтип Манасқа дым билмегендей 15 000 сўмнан сатып жибереди.

Усылай еки исбилерменниң саўдасы бир майданда ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен сапластырылады.

Еркинбай менен Қарыйдың қылмысы жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды тәрепинен көрип шығылды. Суд ис бойынша судланыўшылар, гүўалардың көрсетпелери, мәмлекетлик айыплаўшының пикирин, адвокаттың қорғаў сөзин тыңлап, ис материаллары менен салыстырып, тексерип ҳуким етти.

Суданыўшы Еркинбай менен Қарый Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 176-статьясы 1-бөлими менен айыплы деп табылып, оларға 2 жыл мүддетке азатлықтан шеклеў жазасы тайынланды.

 

 

Шарапат Шамамбетов

Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы

 

«9-декабрь –халық аралық коррупцияга қарсы гүрусиў» күнине бағышланған ушырасыў

Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеӊеси баслығы тәрепинен тастыйықланған «9-декабрь –халық аралық коррупцияга қарсы гүрусиў» күнине бағышланған режеге тийкар Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Ктайбеков, Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы З.Хасанова ҳәм Нөкис қалалық прокуроры аға жәрдемшиси Е.Базарбаев тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында «Коррупциясыз тараў» атамасында ушырасыў өткерилди.

Сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилгениндей, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў, коррупциялық жағдайлардың раўажланыўына шәраят жаратып берип атырған себеплер, олардың алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, коррупция жағдайларын болдырмаў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде бир қатар нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилмекте.

Усы жылдың 6-июль күни збекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы келисимсиз мүнәсибетте болыў орталығын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўында коррупциялық себеплерди кескин кемейтириў ҳәм бунда жәмийетшилик қатнасыўын кеңейтириў ис-иләжлары туўрысында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен кең жәмийетшиликтиң пикири ҳәм усынысларын инабатқа алып, мәмлекет басқарыўын коррупциядан тысқары аймаққа айландырыў мақсетинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен «Коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегенликте айыпдар деп табылған шахслардың ашық электрон реестри» жүритилиўи тәмийинлениўи көрсетилди. Иләж барысында Пәрманның әҳмийети ҳам мазмуны жөнинде кең мағлыўмат берилди.

Ушырасыўда салық системасында да коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында исленип атырған жумыслар айрықша атап өтилди.

Зульфия Хасанова,
Нөкис районлар аралық экономикалық суды баслығы 

Skip to content