Мақсет пуқаралардың нызамлы ҳуқықларын қорғап, әдил судлаўды тәмийинлеў

Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында быйылғы жылдың өткен айлары даўамында республикамыз судлары тәрепинен қандай жумыслар алып барылды? Бул бағдардаға өзимизди қызықтырған сораўларға жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Камал Тарихов пенен сәўбетлестик.

 -Республикамыз судлары тәрепинен пуқаралардың нызамлы ҳуқықларын қорғап, әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен усы жылдың өткен 8 айы даўамында 1 мың 699 шахсқа қарата 1 мың 318 жынаят иси көрилип жуўмақланған. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ислер саны 442 иске, ал шахслар саны 561 ге көбейгенин көрсетеди.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жәми 19 мың 610 шахстың қарсысына 17 мың 342 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрилип жуўмақланған болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ислер саны 6.574 иске, ал шахслар саны 7 мың 242 ге көбейген.

Усы дәўирде жәми 1 мың 163 шахс судланған болып, бул көрсеткиш  өткен жылға салыстырғанда 408 шахсқа көбейген. Әсиресе, Нөкис қаласы (264 шахс), Қоңырат (106 шахс), Қанлыкөл (60 шахс) ҳәм Хожели (58 шахс) районларында жасаўшы пуқараларға қарата суд ҳүкимлери шығарылған ҳалатлары бир қанша артқан.

Қарақалпақстан Республикасы судларында усы  жылдың 8 айы даўамында көрилген ислер ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық түрлерине қарай таллап көрилгенде мәжилислер, митинглер, көше жүрислери яки демонстрация шөлкемлестириў, өткериў тәртибин бузыў (15,1 процент), автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў менен лицензиясиз шуғылланыў (13,8 процент), майда бийзарылық (11,1 процент), ишки ислер уйымлары хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаў  (10,1 процент) ҳәм транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў (7,5 процент) менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар көбирек көрилгенлиги анықланды.

Судлар тәрепинен көрилген жынаят ислериниң 41,5 проценти (547), ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң 42,2 проценти (7.325), пуқаралық ислердиң 30,3 проценти (4.508), экономикалық ислердиң 56,2 проценти (3087) көшпели суд мәжилислеринде көрилген.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен анықланған нызамбузыўшылық жағдайлары туўралы, олардың келип шығыўы себеплерин сапластырыў жөнинде жынаят ислери бойынша 1025 (77,7 процент), ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша 550 (5,2 процент), пуқаралық ислери бойынша 122 (0,8 процент), экономикалық ислер бойынша 137 (2,4 процент) айрықша уйғарыў ҳәм усыныслар шығарылған ҳәм тийислилиги бойынша кәрхана, мәкеме, шөлкемлерге жиберилген.

Судлар тәрепинен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў мақсетинде 150 мәрте улыўмаластырыў өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге 124  усыныс киргизилди.

-Усы дәўирде судларда тийкарынан қайсы жынаят түрлери көбирек көрилген?

-Жынаят түрлери бойынша таллап көргенимизде усы жылдың 8 айы даўамында республикамыз судларында транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў менен байланыслы (24,8 процент), алдаўшылық (17,4 процент) ҳәм урлық (13,3 процент) жынаятлары көбирек көрилген. Сондай-ақ, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда ҳайўанат яки өсимликлер дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў жынаяты 100 процентке, зийнехана сақлаў жынаяты 2,5 есе, алдаўшылық жынаяты дерлик 2 есеге, өзгелердиң мүлкин өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў жынаяты 1,7 есеге, транспорт қураллары ҳәрекети яки олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаяты 1,3 есеге, урлық жынаяты 1,3 есеге көбейген.

Соның менен бирге, айырым жынаят түрлери,  атап айтқанда, валюта қымбатлықларын нызамға қайшы рәўиште алыў яки өткериў жынаяты өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 40, намысқа тийиў жынаяты 33, коррупция менен байланыслы жынаят 16 процентке азайған.

-Бүгинги күни халықтан пуқаралық ислери бойынша судларға мүрәжатлар көбирек көзге тасланады…

-Ҳақыйқатында да, усы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен жәми 18 мың 349  пуқаралық ис көрилип тамамланған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 6 мың 678 иске, яғный 57 процентке  көбейген. Судларда көрип тамамланған пуқаралық ислери категорияларына қарап ажыратылғанда, ең көп келисимлер менен байланыслы ислер (60,7 процент), оннан кейин шаңарақ қатнасықларына байланыслы ислер (17,6 процент), соң айрықша тәртипте көрилетуғын ислер (8,2 процент), мийнет қатнасықлары менен байланыслы ислер (3,7 процент), турақ-жайға байланыслы ислер (2,4 процент) қурайды.

Быйылғы жылда көрилген ислерди өткен жылдың сол дәўири менен салыстырғанда келисимлер, шаңарақ қатнасықларына байланыслы, айрықша тәртипте көрилетуғын ҳәм жер менен байланыслы ислер көбейген болса,  турақ жай, мийнет қатнасықларына байланыслы ислер бираз азайған.

Атап айтқанда, келисимлер, соның ишинде кредит шәртнамасына байланыслы ислер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 39,2 процентке көбейген болып, буған соңғы жылларда банклер тәрепинен көплеп кредитлер берилип, лекин оны қайтарыў мәселесинде айырым қарыздарларда қыйыншылықлар болып, нәтийжеде шәртнама шәртлери ҳәм төлем интизамына әмел етилмей атырғанлығы себеп болған.

Сондай-ақ, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер, соның ишинде юридикалық фактти белгилеўге байланыслы ислердиң көбейиўине шахстың өлгенлиги ҳалаты өз ўақтында ПХАЖ уйымында дизимге алынбай қалғанлығы, бул болса ҳәзирги ўақытта сол шахстың мийрасхорлары тәрепинен мийрасты қабыл етиўге яки оларға ҳәр қыйлы напақалар тайынланыўына тосқынлық етип атырғанлығы себепли бундай фактлердиң суд арқалы тастыйықланыўына, нәтийжеде судқа мүрәжат етиўшилер санының көбейиўине алып келмекте.

Соның менен бирге, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жуўапкер лаўазымлы шахслар тәрепинен шаңарақларды сақлап қалыў илажларының жетерли дәрежеде алып барылмағанлығы нәтийжесинде некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзалардың да саны өткен жылға салыстырғанда 435 ке көбейген. Ал, суд әмелиятының талланыўы соны көрсетеди, егер бир пуқарадан некеден ажыратыў ҳаққында даўа арза келип түссе, оннан кейин тәреплер араларында және бир неше даўлар келип шығады. Яғный балаларына алимент өндириў, олар менен көрисип турыў, перзентин өзиниң тәрбиясына алып бериў, дүнья-мүлклерин бөлисиў ҳ.т.б. даўа арзалар менен судқа мүрәжат етеди, буған олардың жақын туўысқанлары да қосылып баслайды. Нәтийжеде пуқаралық ислери бойынша судлардың жүклемеси, яғный судта көрилетуғын ислер артып бара береди.

Жоқарыда айтып өтилген себеплерге байланыслы Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары судьяларының орташа бир айлық ис көлеми Өзбекстан Республикасы судлары ишинде ең жоқарыларынан бири болып тур. Буған ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасының районлараралық судларында тек ғана 10 судья ислеп атырғанлығы да себеп болмақта. Соның ушын ҳәр бир мәҳәлле Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырыў илажларын еле де күшейтиў, шаңарақларды қайта тиклеўге қаратылған барлық илажларды көриўи тийис болады.

-Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар тәрепинен исленген жынаятларға тоқтап өтсеңиз?

-Быйылғы жылдың 8 айы даўамында ҳаял-қызлар тәрепинен исленген 223 жынаят судларда көрип шығылған болып, олардың саны өткен жыл менен салыстырғанда 84 ке көбейген. Олар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин алдаўшылық (81 шахс), зийнехана сақлаў (13 шахс), пара бериў (30 шахс) менен байланыслы жынаятлар қураған.

Сондай-ақ, усы дәўирде жаслар тәрепинен исленген  456 жынаят судларда көрилген болып, олардың саны өткен жыл менен салыстырғанда 32,9 процентке көбейген.  Жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин урлық (105 шахс), алдаўшылық (69 шахс), жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў (48 шахс) ҳәм бийзарылық (31 шахс) жынаятлары қураған.

-Жүз берип атырғн жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың келип шығыў ҳәм олардың көбейиўи себеби неде деп ойлайсыз?

-Буған пуқаралардың жәмийет ушын пайдалы жумыс пенен жетерли тәмийинленбегенлиги, бурын жынаят ислеп жазасын өтеп келген шахсларға профилактикалық бақлаўдың жетерли дәрежеде орнатылмағанлығы, көбинесе халықтың ҳуқықый саўатлылығын асырыў бағдарында үгит-нәсият жумыслары нәтийжели алып барылмағанлығы тийкарғы себеп болып атырғанлығын көриўимиз мүмкин. Жақында бул мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясында да көрип шығылды. Сонлықтанда депутатлардан ҳәм бул мәселеге жуўапкер шахслардан жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын-алыў, олардың санын кескин азайтыў мақсетинде халқымыздың ҳуқықый мәденияты дәрежесин арттырыўға қаратылған профилактикалық илажларды күшейтиўди, олардың санын емес, ал сапасын жақсылаўды, сондай-ақ, елимиздиң ҳәр бир пуқарасын жәмийет ушын пайдалы турақлы жумыс орны, яғный олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы илажларды буннан былай да жеделлестириўимиз тийис.

-Бүгинги күни республикамыз судларының материаллық-техникалық жақтан тәмийинлениўи жағдайына тоқтап өтсеңиз?

-Бул бағдарда елимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер қатарында судларға айрықша итибар берилип, олардың материаллық жақтан тәмийинлениўи алдыңғы жылларға қарағанда бираз жақсыланғанын атап өтиўимиз керек. Атап айтқанда, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы суды, 17 қалалық ҳәм районлық жынаят ислери бойынша суды (Бозатаў районлық судының имараты усы жылы питиў алдында), 5 районлараралық (районлық) пуқаралық ислери бойынша суды, 4 районлараралық экономикалық судының дерлик бәршеси өз алдына имаратлар менен тәмийинленди.

Лекин, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық суды менен Беруний районлараралық экономикалық суды, пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық суды менен Қоңырат районлараралық экономикалық суды биргеликте жайласқан имаратлар талапқа жуўап бермейди. Бул имаратлар суд ушын жүдә тар болып, оларда судқа келген пуқаралар ушын күтиў ханалары жоқ, суд мәжилиси заллары судьялар санына тең емес. Әлбетте, келешекте бул судлар да заманагөй типтеги имаратларға жайластырылады ҳәм мәселе өзиниң унамлы шешимин табады, деген үмиттемиз.

Жуўмақластырып айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судты түп мәнисинде әдиллик қорғанына айландырыў, халық пенен тиккелей жүзбе-жүз, ашық байланыс формаларын кеңейтип, пуқаралардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў бағдарындағы ислер еле де даўам етеди.

 

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

  • Leave a Reply

    Your email address will not be published. Required fields are marked *

Skip to content