Коррупциясыз келешек

Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мәмлекетлердиӊ экономикалық ҳәм сиясый раўажланыўына өзиниӊ унамсыз тәсирин көрсетип келмекте. Оған қарсы гүресиў яки оныӊ алдын алыў турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүр болған актуал ўазыйпалардан бирине айланды. Коррупция жер жүзлик көлемде шешилиўи лазым болған глобал машқалалардыӊ бирине айланды десек қателеспеген боламыз. Усы иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиӊ сиясый-экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына салмақлы дәрежеде унамсыз тәсириин көрсетип, инсан хукық ҳәм еркинликлериниӊ аяқ-асты болыўына алып келмекте. Сол себепли оған қарсы гүресиў яки алдын алыў халық аралық көлемде әмелге асырылыўы лазым болып ҳәм ол жәҳән сиясатыныӊ еӊ белгили мәселелери қатарынан орын алған. Бул иллет демократия ҳәм ҳуқық үстинлигине зыян жеткизеди, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базарлар искерлигине тосқынлық етеди, адалардыӊ өмирине қәўип туўдыратуғын жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселер тамыр атып, гүллениўи ушын қолай шараят жаратып береди.

Коррупция үлкен ҳәм киши, бай ҳәм кәмбағал болыўына қарамастан барлық мәмлекетлерде ушырасады. Бул зыянлы иллетти жоқ етиў бойынша пүткил дүнья тәрепинен бир қанша жумыслар алып барылып атырылған болса да бул иллет елеге шекем толық түрде сапластырылмай атыр. Көпшилик жағдайларда бул атама сиясый элитадағы бюракратиялық аппаратқа қарата қолланылады.

Коррупция көплеген мәмлекетлердиӊ жынайы ҳәм ҳәкимшилик нызамшылығы менен ҳуқыққа қарсы ҳәрекет сыпатында көрсетилип келинеди. Коррупцияныӊ тарыйхый келип шығыўын үйренип шығатуғын болсақ, Коррупция (лат. Corrumpere-бузыў) сөзи көпшилик жағдайда лаўазымлы шахслар тәрепинен оларға берилген лаўазым шеӊберинен ҳәм ҳуқықларынан өзлериниӊ жеке мәплеринен келип шыққан ҳалда нызамға ҳәм де этикалық нормаларға қарсы пайдаланылыўы түсиниледи.

Коррупцияныӊ тарыйхый тамыры жүда әйемги дәўир, адамлардыӊ қәўим болып жасайтуғын, сол қәўимде белгили орын тутыў ушын қәўим сәрдарларына саўғалар бериў әдетинен келип шыққан деп болжаў етиледи. Сол дәўирлерде бул жағдай нормал жағдай сыпатында қаралған. Бирақ кейин ала адамлардыӊ сана сезиминиӊ раўажланыўы ҳәм де ой-өрисиниӊ өсиўи, сондай-ақ мәмлекетлердиӊ пайда болыўы ҳәм сол мәмлекетлердиӊ орайласыўы нәтийжесинде коррупция мәмлекеттиӊ раўажланыўына үлкен тосық екенлиги айқынласты. Мәмлекетлердиӊ раўажланыўы нәтийжесинде нызамлар ислеп шығылып, өзлериниӊ конституцияларыныӊ қабыл етилиўи менен коррупцияға қарсы ис-иләжлар күшейди.

Коррупция ақыбетинде әйемги дәўирлерде айырым мәмлекетлердиң ыдырап қулаўына да себеп болған жағдайлар тарийхта өз дәлилин тапқан.

Мәмлекетимизде де коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оныӊ алдын алыў мақсетинде бир қанша ис-иләжлар алып барылмақта. Мысал етип айтқанда, 2017-жылы 3-январь күни «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилип, коррупцияға қарсы гүресиўдиӊ хуқықый механизми ислеп шығылды. Бул нызамныӊ қабыл етилиўиниӊ тыйкарғы мақсети коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оныӊ алдын алыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Өз нәўбетинде бул нызам пуқараларға коррупция ҳәм коррупцияға байланыслы нызам бузыўшылықтыӊ не екенлиги ҳәм оныӊ унамсыз тәсири қандай жағдайға алып келетуғынлығы хаққында мағлыўмат береди.

Коррупцияға қарсы гүресиўде халқтыӊ хуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, мәмлекет органлары ҳәм басқа да шөлкемлер хызметкерлериниӊ ҳуқықый саўатқанлығын асырыў, билимлендириў орайларында коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықый тәлим-тәрбия мәселелери Нызамныӊ 16,17,18-статияларында өз көринисин тапқан. Себеби, ҳуқықый сана ҳәм хуқықый мәденияты жоқары болған ҳәм ҳуқықый тәлим ҳәм тәрбиясы жетик болған инсанлар унамсыз иллетке жол қоймайды. Бул Нызамныӊ және бир өзине сайлығы, Нызамныӊ 5-бабында коррупцияға байланыслы нызам бузыўшылықларды анықлаў, оларды сапластырыў, қатаӊ жуўапкершиликтиӊ бар екенлиги нәзерде тутылған.

Қабыл етилген Нызам мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўына унамсыз тәсир етиўши иллетге қарсы гүресиўдиӊ механизми сыпатында хызмет етеди. Солай екен жуўмақлап айтқанда, келешекти коррупциясыз биргеликте қурыў ҳәм буныӊ ушын еӊ алды менен өзимизди өзимиз тәрбия қылыўымыз, коррупцияныӊ ҳәр қандай көринисин сапластырыў ушын биргеликте гүресиўимиз зәрүр.

Коррупция келешек – әўладларға мийрас.

 

М.Байниязов

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы