АДАМ САЎДАСЫ ҲӘМ БАЛАЛАР МИЙНЕТИ: ИНСАН ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫНА ҚӘЎИП
Инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Бирақ бүгинги күнде дүньяда инсан қәдирине зыян келтирип атырған аўыр жынаятлардан бири – адам саўдасы ҳәм балалар мийнетинен нызамсыз пайдаланыў жағдайлары болып есапланады.
Көз алдыңызға келтириң, жақсы жумыс, жоқары айлық ямаса мүнәсип турмыс ўәде етилип, инсан алданады. Оның ҳүжжетлери тартып алынады, еркин ҳәрекетлениў ҳуқықы шекленеди ҳәм мийнет етиўге мәжбүр етиледи. Тилекке қарсы, бундай жағдайлар бүгин де дүньяда ушырасып атыр.
Адам саўдасы – бул әпиўайы нызамбузыўшылық емес. Бул инсан тәғдири, оның арзыў-нийетлери ҳәм еркинлигине қарсы қаратылған аўыр жынаят болып есапланады.
Соның ушын да Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында адам саўдасы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Нызам бундай жынаятларды ислеген шахсларға қатаң жаза шараларын нәзерде тутады.
Инсан ҳуқықлары ҳаққында сөз болғанда, балалар ҳуқықларын қорғаў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Себеби ҳәр бир бала бахытлы балалыққа, билим алыўға ҳәм саламат орталықта өсиўге ҳақылы.
Баланың қолында аўыр мийнет қураллары емес, китап болыўы керек. Оның ўақты мийнет майданында емес, билимлендириў мәкемесинде өтиўи керек.
Сол себепли мәмлекетимиз нызамшылығында балалар мийнетиниң зыянлы ҳәм қәўипли түрлерине қарсы қатаң илажлар белгиленген. Жынаят кодексиниң 148-1 ҳәм 148-2-статьяларына муўапық, шахсларды мәжбүрий мийнетке тартыў ямаса жас өспиримлерди олардың денсаўлығы ҳәм раўажланыўына зыян жеткериўи мүмкин болған жумысларға тартыў жуўапкершиликке себеп болады.
Әҳмийетлиси, адам саўдасы ямаса мәжбүрий мийнет қурбанына айланып қалмаў ушын ҳәр бир пуқара сергек болыўы зәрүр. Әсиресе, сырт елде жумыс ислеў нийетинде болған шахслар усыныс етилип атырған жумыс орны ҳаққында рәсмий дәреклер арқалы мағлыўмат алыўы, мийнет шәртнамаларын дыққат пенен үйрениўи ҳәм гүманлы усынысларға исенбеўи керек.
Адам саўдасы ҳәм балалар мийнетине қарсы гүресиў – тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары ямаса судлардың ўазыйпасы емес. Бул пүткил жәмийеттиң жуўапкершилиги болып табылады. Ҳәр биримиз бийпәрўа болмасақ, нызамларға ҳүрмет пенен қатнаста болсақ бундай иллетлерге қарсы нәтийжели гүресиўимиз мүмкин.
Нағыйма БАЛТАБАЕВА,
Нөкис районлараралық экономикалық суды баслығының орынбасары






