Пайнетши жумысын тоқтатты
Сапарбай (аты өзгертип алынды) алдын еки мәрте алдаўшылық жынаятын ислеп жаза өтеп шыққанынан тийисли жуўмақ шығарыўдың орнына пуқараларды алдаўдың жаңа усылын ойлап тапты.
Районлық Газ тәмийнаты мекемеси алдынан “Paynet” ашып, усы мекемеге газ қарыздарлықларын есаплатыў ҳәм төлем төлеўге келген пуқаралардың пулларын қабыллап, пул төлегенлиги ҳаққында газ китапшасына мөр ҳәм штамп басып берип газ ушын өткерместен өз мәпине ислетип бираз “көкледи”.
Солай етип, Сапарбай 2021-жылдың январынан май айына шекем жәми 64 пуқараның 20 миллион сўмнан аслам пулларын алдаўшылық жолы менен өз мәпине өзлестирип, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнтинде көрсетилген жынаятты қастан ислеген.
«Қыңыр истиң қыйығы қырық жылда да шығады» дегениндей Сапарбайдың бул «бизнеси»не шек қойылды.
Тергеў ҳәм суд мәжилиси даўамында жәбирлениўшилерге келтирилген зыянлар толық қаплаттырылды ҳәм судланыўшыға суд тәрепинен әдил жаза тайынланды.
Ибрайым Алланиязов,
Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы