ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ АБЫРАЙЫ ҲӘМ БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ – НЫЗАМНЫҢ ЕҢ ЖОҚАРЫ ҚОРҒАЎЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 3-марттағы ПФ-33-санлы Пәрманы мәмлекетте ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқуқларын қорғаў системасын түп-тийкарынан күшейтиў ҳәм оларға нисбетен зорлық-зомбылық жағдайларына шек қойыўға қаратылған зәрүр тарийхый ҳүжжет есепленеди. Бул Пәрман жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириў ҳәм зорлық-зомбылықтың ҳәр қандай көринисине қарата гүресиў кейпиятын беккемлеўди мақсет еткен.
Жәмийеттиң саламатлығы ҳәм келешеги ҳаял-қызлар менен балалардың қаншалықлы қәўипсиз ҳәм бахтлы жасаўы менен белгиленеди. Сонлықтан, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин уллылаў, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жас ɵспиримлердиң ҳуқуқый қорғалыўын күшейтиў бойынша қатаң шаралар көрилмекте. 2026-жыл 3-март күни қабыл етилген Президент Пәрманы бул бағдардағы реформаларды жаңа, жоқары басқышқа алып шықты.
Пәрманның тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери:
- Ерте некелердиң алдын алыў: Неке жасына жетпеген шахслар менен ҳақыйқатта шаңарақлық қатнасықларға кирисиў жағдайларына шек қойыў ҳәм ата-аналардың жуапкершилигин арттырыў.
- Жас шаңарақларды хошаметлеў: Еки тәреп те кеминде 21 жасқа толып, биринши мәрте неке қурганда мәмлекет тәрепинен айрықша жеңилликлер бериледи. Сондай-ақ, Социлаллық реестрдеги шаңарақлар ушын 1,5 бәрқулла (есе) арттырылған қаржылай көмеклер (субсидия, грантлар) бериў системасы жолға қойылады.
- Зорлық-зомбылыққа қарсы санлы қорғаў: Қорғаў ордери берилген ҳаял-қызлардың телефонларына тезлик пенен хабар бериўди тәмийинлейтуғын «SOS» шақырыў («my.ihma.uz») мобил қосымшасы орнатылады.
- Билимлендириўде «Екинши имканият»: Жүкли студент-қызлар ҳәм 3 жасқа шекемги перзенти бар студентлерге академик дем алыс (отпуск) дәўиринде аралықтан оқыў ҳәм билимлендириўди тиклеў бойынша жеңилликлер бериледи.
- Жаңа жинайый жуапкершиликлер: Халықаралық стандартлар тийкарында фемицид (жинси себепли өлимге алып келиў/өлтириў), сталкинг (қуўдалаў), киберзорлық ҳәм онлайн груминг (интернет арқалы баланың исенимине кириў) сыяқлы заманагɵй қәўип-қәтерлер ушын нызамлы жуапкершилик белгилеў ўазыйпасы қойылды.
- Профессионал тергеў ҳәм судлаў: 2027-жыл 1-январдан баслап ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата зорлық-зомбылық бойынша ислерди тек ғана арнаўлы таярлықтан өткен тергеўшилер ҳәм судьялар тәрепинен көрип шығылады.
Жуўмақ орнында, бул ҳүжжет елимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, шаңарақ институтын турмыстық зорлық-зомбылықлардан аўлақ ҳалда беккемлеў жолындағы ең комплекс ҳәм қатаң қәдем есепланады. Ҳаял ҳәм бала қорғалған журттың келешеги ҳәр қашан параўан ҳәм қүдиретли болады.
Жанат АЙМАГАНБЕТОВА
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы






