ӘМЕНГЕРЛИК ҲӘМ ҚӘЎЕНДЕРЛИК БОЙЫНША СУД ӘМЕЛИЯТЫ: ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАР ҲӘМ АКТУАЛ МӘСЕЛЕЛЕР

Инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиӊ үстин ўазыйпаларынан бири есапланады. Әсиресе, жас өспиримлер, ҳәрекетке уқыпсыз яки ҳәрекет уқыплылығы шекленген шахслардыӊ ҳуқықларын тәмийнлеўде әменгерлик ҳәм қәўендерлик институты әҳмийетли орын ийелейди. Бул институт тек ғана социаллық қорғаў қуралы емес, ал инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң нәтийжели ҳуқықый механизми болып есапланады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 78-статьясына муўапық, мәмлекет жетим балаларды ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды бағыў, тәрбиялаў ҳәм оқытыўды тәмийинлейди ҳәмде балалардың ҳуқықларын қорғайды. Бул конституциялық норма әменгерлик ҳәм қәўендерлик мүнәсебетлерин тәртипке салыўшы бәрше ҳуқықый механизмлердиң тийкарын қурайды.

 

Әменгерлик ҳәм қәўендерлик байланыслы мүнәсебетлер Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Шаңарақ кодекси ҳәм Министрлер Кабинетиниң әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

 

Пуқаралық кодексиниң тийисли нормаларына көре, әменгерлик он төрт жасқа толмаған жас өспиримлерге ҳәм суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған пуқараларға белгиленеди. Қәўендерлик болса он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги болған жас өспиримлерге, сондай-ақ, ҳәрекет уқыплылығы шекленген деп табылған шахсларға белгиленеди.

 

Суд әмелиятында бул категориядағы ислер тийкарынан ҳәрекетке укыпсыз деп табыў, ҳәрекет уқыплылығын шеклеў, әменгер яки қәўендер ҳәрекетлери үстинен шағымларды көрип шығыў ҳәмде әменгерлик ҳәм қәўендерлик бенен байланыслы тартысларды шешиў менен байланыслы жағдайларда ушырамақта.

 

Әмелиятта судлар тәрепинен көрип шығылып атырған ислердиң анализи соны көрсетеди, пуқараны ҳәрекетке уқыпсыз деп табыў ҳаққындағы ислер айрықша итибарлылық пенен көрип шығылыўы керек. Себеби бундай қарар инсанның бир қатар пуқаралық ҳуқықларын ғәрезсиз түрде әмелге асырыў имканиятына тиккелей тәсир етеди. Сол себепли судлар бул категориядағы ислер бойынша суд-психиатрия экспертизасы жуўмағы, медицина ҳүжжетлери ҳәм басқа да дәлиллерди ҳәр тәреплеме баҳалайды.

 

Пуқаралық процессуал нызамшылығына муўапық, шахсты ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыплылығы шекленген деп табыў менен байланыслы ислер айрықша ис жүритиў тәртибинде көриледи. Бунда судтың тийкарғы ўазыйпасы тек ғана ҳуқықый фактти анықлаў емес, ал инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўден ибарат.

 

Айырым жағдайларда әменгер яки қәўендер тәрепинен ўәкилликлеринен өз мәпи жолында пайдаланыў жағдайлары да ушырап турады. Атап айтқанда, әменгерликтеги шахстыӊ мал-мүлкин басқарыўда нызам талапларына әмел етпеў яки оныӊ мәплерине қайшы ҳәрекет етиў жағдайлары анықланғанда, нызамшылықта белгиленген тәртипте тийисли ҳуқықый шаралар қолланылады.

 

Кейинги жылларда мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған реформалар нәтийжесинде әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары ҳәмде судлар арасындағы бирге ислесиў және де жетилистирилди. Бул болса усы категориядағы ислер бойынша қарарлардың нызамлылығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

 

Жуўмақлап айтқанда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик институты инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли кепилликлеринен бири болып есапланады. Судлар тәрепинен бул категориядағы ислер Конституция, Пуқаралық кодекси, Шаңарақ кодекси ҳәм халық аралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери тийкарында көрип шығылыўы ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады. Бул процессте ҳәр бир суд қарарыныӊ негизинде инсан мәпи, әсиресе, балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың ҳуқықлары турыўы лазым.

 


Сарбиназ ОПАЕВА,

 Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судыныӊ судьясы