ӘМЕНГЕРЛИК ҲӘМ ҚӘЎЕНДЕРЛИК БОЙЫНША СУД ӘМЕЛИЯТЫ: ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАР ҲӘМ АКТУАЛ МӘСЕЛЕЛЕР

Инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиӊ үстин ўазыйпаларынан бири есапланады. Әсиресе, жас өспиримлер, ҳәрекетке уқыпсыз яки ҳәрекет уқыплылығы шекленген шахслардыӊ ҳуқықларын тәмийнлеўде әменгерлик ҳәм қәўендерлик институты әҳмийетли орын ийелейди. Бул институт тек ғана социаллық қорғаў қуралы емес, ал инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң нәтийжели ҳуқықый механизми болып есапланады.

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 78-статьясына муўапық, мәмлекет жетим балаларды ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды бағыў, тәрбиялаў ҳәм оқытыўды тәмийинлейди ҳәмде балалардың ҳуқықларын қорғайды. Бул конституциялық норма әменгерлик ҳәм қәўендерлик мүнәсебетлерин тәртипке салыўшы бәрше ҳуқықый механизмлердиң тийкарын қурайды.

 

Әменгерлик ҳәм қәўендерлик байланыслы мүнәсебетлер Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси, Шаңарақ кодекси ҳәм Министрлер Кабинетиниң әменгерлик ҳәм қәўендерлик тараўын тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

 

Пуқаралық кодексиниң тийисли нормаларына көре, әменгерлик он төрт жасқа толмаған жас өспиримлерге ҳәм суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған пуқараларға белгиленеди. Қәўендерлик болса он төрт жастан он сегиз жасқа шекемги болған жас өспиримлерге, сондай-ақ, ҳәрекет уқыплылығы шекленген деп табылған шахсларға белгиленеди.

 

Суд әмелиятында бул категориядағы ислер тийкарынан ҳәрекетке укыпсыз деп табыў, ҳәрекет уқыплылығын шеклеў, әменгер яки қәўендер ҳәрекетлери үстинен шағымларды көрип шығыў ҳәмде әменгерлик ҳәм қәўендерлик бенен байланыслы тартысларды шешиў менен байланыслы жағдайларда ушырамақта.

 

Әмелиятта судлар тәрепинен көрип шығылып атырған ислердиң анализи соны көрсетеди, пуқараны ҳәрекетке уқыпсыз деп табыў ҳаққындағы ислер айрықша итибарлылық пенен көрип шығылыўы керек. Себеби бундай қарар инсанның бир қатар пуқаралық ҳуқықларын ғәрезсиз түрде әмелге асырыў имканиятына тиккелей тәсир етеди. Сол себепли судлар бул категориядағы ислер бойынша суд-психиатрия экспертизасы жуўмағы, медицина ҳүжжетлери ҳәм басқа да дәлиллерди ҳәр тәреплеме баҳалайды.

 

Пуқаралық процессуал нызамшылығына муўапық, шахсты ҳәрекетке уқыпсыз ямаса ҳәрекет уқыплылығы шекленген деп табыў менен байланыслы ислер айрықша ис жүритиў тәртибинде көриледи. Бунда судтың тийкарғы ўазыйпасы тек ғана ҳуқықый фактти анықлаў емес, ал инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўден ибарат.

 

Айырым жағдайларда әменгер яки қәўендер тәрепинен ўәкилликлеринен өз мәпи жолында пайдаланыў жағдайлары да ушырап турады. Атап айтқанда, әменгерликтеги шахстыӊ мал-мүлкин басқарыўда нызам талапларына әмел етпеў яки оныӊ мәплерине қайшы ҳәрекет етиў жағдайлары анықланғанда, нызамшылықта белгиленген тәртипте тийисли ҳуқықый шаралар қолланылады.

 

Кейинги жылларда мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған реформалар нәтийжесинде әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары ҳәмде судлар арасындағы бирге ислесиў және де жетилистирилди. Бул болса усы категориядағы ислер бойынша қарарлардың нызамлылығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

 

Жуўмақлап айтқанда, әменгерлик ҳәм қәўендерлик институты инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли кепилликлеринен бири болып есапланады. Судлар тәрепинен бул категориядағы ислер Конституция, Пуқаралық кодекси, Шаңарақ кодекси ҳәм халық аралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери тийкарында көрип шығылыўы ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады. Бул процессте ҳәр бир суд қарарыныӊ негизинде инсан мәпи, әсиресе, балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың ҳуқықлары турыўы лазым.

 


Сарбиназ ОПАЕВА,

 Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судыныӊ судьясы

 

КОРРУПЦИЯ НӘТИЙЖЕСИНДЕ ЖЕТКЕРИЛГЕН ЗЫЯНДЫ ӨНДИРИЎ: СУД ӘМЕЛИЯТЫН ТАЛҚЫЛАЎ

 

Коррупция бүгинги күнде жәмийеттиң раўажланыўы, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги ҳәм нызам үстинлигине үлкен қәўип туўдырып атырған ең әҳмийетли машқалалардан бири болып есапланады. Ол мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың түрли тараўларына унамсыз тәсир көрсетип, демократиялық қәдириятлар, әдиллик принциплери ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине зыян жеткереди. Сондай-ақ, коррупция экономикалық раўажланыўға тосқынлық етеди, инвестициялық орталықтың тартымлылығын төменлетеди, мәмлекетлик басқарыў системасына болған исенимди төменлетеди.

 

Коррупция дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде ушырасатуғын глобал машқала болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Оның көлеми ҳәм формалары ҳәр қыйлы болыўы мүмкин, бирақ ақыбетлери бәрқулла жәмийет мәплерине қайшы келеди. Халықаралық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлер тәрепинен бул иллетке қарсы гүресиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырған болса да, коррупция елеге шекем үлкен қәўип сыпатында сақланып қалмақта.

 

«Коррупция» атамасы латинша «corruptio» – «бузыў,» «изден шигарыў» мәнилерин анлатади. Ол әдетте лаўазымлы шахстың өзиниң хызмет ўәкилликлери ҳәм лаўазымынан жеке мәплерин гөзлеп, нызамшылық ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы түрде пайдаланыўын билдиреди. Коррупциялық ҳәрекетлер нәтийжесинде мәмлекет, жәмийет, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге үлкен муғдарда материаллық ҳәм руўхый зыян жеткериледи.

 

Коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана айыпкер шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў менен шекленбейди. Бул процесстиң әҳмийетли структуралық бөлеги сыпатында коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянды қаплаў, нызамсыз арттырылған дәраматларды қайтарыў ҳәм мәмлекет және жәмийет мәплерин тиклеў мәселелери де айрықша әҳмийетке ийе. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда судлар шешиўши орын ийелейди.

 

Суд әмелияты анализи соны көрсетеди, коррупциялық жынаятлар бойынша көрилетуғын ислерде жеткерилген зыянды өндириў мәселеси тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында баҳаланады. Пара алыў, пара бериў, лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў, өзлестириў ҳәм растрата сыяқлы жынаятлар нәтийжесинде мәмлекетке ямаса басқа шахсларға жеткерилген зыян жынаят иси шеңберинде ямаса айрықша пуқаралық даўа тәртибинде өндириледи. Бунда зыян муғдары, әдетте, финанслық аудитлер, бухгалтериялық ҳүжжетлер, экспертиза жуўмақлары ҳәм басқа да дәлиллер тийкарында анықланады.

 

Суд әмелиятында қәлиплескен әҳмийетли бағдарлардан және бири регресс тәртибинде зыянды өндириў есапланады. Айырым жағдайларда мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер жәбирлениўшилерге жеткерилген зыянды өз қаржылары есабынан қаплайды. Кейин ала бул қаржылар айыпкер лаўазымлы шахслардан регресс тәртибинде өндириледи. Бул болса мәмлекет қаржыларының тийкарсыз жумсалыўының алдын алыўға хызмет етеди.

 

Коррупциялық жынаятлар бойынша судлар тәрепинен нызамсыз арттырылған дәраматларды конфискациялаў мәселесине де айрықша итибар қаратылады. Онда тек ғана тиккелей жеткерилген зыянды қаплаў менен шекленбестен, коррупция нәтийжесинде арттырылған мүлк, пул қаржылары ҳәм басқа да активлерди мәмлекет пайдасына өткериў илажлары көриледи. Бул болса жынаят арқалы байыўға умтылыўдың алдын алыўда әҳмийетли ҳуқықый механизм есапланады.

 

Коррупция себепли жеткерилген зыянды қаплаўдың ҳуқықый тийкарлары Өзбекстан Республикасы нызамшылығында беккем белгиленген. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 985-статясына бола, шахстың нызамсыз ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде жеткерилген зыян толық көлемде қапланыўы керек. Бул қағыйда коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянларға да толық қолланылады.

 

Соның менен бирге, әмелиятта айырым машқалалар да ушырасып турады. Атап айтқанда, айыпкер шахслар тәрепинен мүлклерди басқа шахслардың атына рәсмийлестирип қойыў, қаржыларды жасырыў ямаса сырт елге алып шығып кетиў жағдайлары зыянды өндириў процесин қыйынластырады. Бундай жағдайларда халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў механизмлери, мәмлекетлераралық ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнамалар ҳәм активлерди қайтарыўға қаратылған арнаўлы тәртип-қағыйдалар үлкен әҳмийетке ийе.

 

Пуқаралардың ҳуқықлары коррупция нәтийжесинде тиккелей бузылған ҳәм оларға руўхый зыян жеткерилген жағдайларда судлар тәрепинен руўхый зыянды өндириў мәселеси де көрип шығылады. Бул инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың әҳмийетли қуралларынан бири болып есапланады.

 

Коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянды өндириў бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў тийкарынан Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына жүкленген. Әмелият соны көрсетеди, айырым жағдайларда зыянды қысқа мүддетлерде толық өндириў имканияты болмайды. Буның себеплери сыпатында айыпкер шахслардың мүлклерин жасырыўы, басқа шахслар атына өткериўи ямаса активлерди мәмлекет сыртына шығарып жибериўи сыяқлы жағдайларды келтириў мүмкин.

 

Судларда көрилип атырған жумысларды таллаў коррупциялық жынаятлар тийкарынан социаллық ҳәм финанслық ресурслар үлкен айланыста болатуғын тараўларда жүз берип атырғанын көрсетпекте. Атап айтқанда, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасы, денсаўлықты сақлаў тараўы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тармақларында бул түрдеги ҳуқықбузарлықлар салыстырмалы түрде көбирек ушыраспақта.

 

Жуўмақлап айтқанда, коррупция тек ғана мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине емес, ал экономикалық раўажланыў ҳәм халықтың мәмлекетлик институтларға болған исенимине де айрықша зыян жеткереди. Сонлықтан коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў, оның келип шығыў себеплерин сапластырыў, айыпкер шахслардың жеткерген зыянын толық қаплаўды тәмийинлеў ҳәм суд қарарларының нәтийжели орынланыўына ерисиў ҳуқықый мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.

 

Гулрано АБЫНИЯЗОВА,
пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының судьясы

ЖАСЛАР КЕЛЕШЕГИНЕ ҚӘЎИП: НАРКОМАНИЯ ҲӘМ ОНЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИ

 

 

Нәшебентлик – бул тек ғана бир инсанның денсаўлығы ҳәм тәғдирине қәўип салатуғын иллет емес, ал пүткил жәмийеттиң турақлылығына үлкен қәўип туўдыратуғын аўыр социаллық машқала болып есапланады. Ол инсанның санасын ҳәлсиретип, ерк-ықрарын сындырады, оны руўхый кризиске ҳәм жынаят жолына жетелейди. Нәшебентликке дуўшар болған шахс тек ғана өз өмирин изден шығарып қоймастан, ал оның шаңарағы, перзентлери ҳәм жақынлары да руўхый ҳәм материаллық жақтан аўыр соққы алады.

 

Бул иллет жәмийетте жынаятшылықтың артыўына, шаңарақлардың бузылыўына, жаслардың келешегиниң изден шығыўына себеп болады. Әсиресе, жас әўладтың нәшебентлик қуралына түсип қалыўы миллет келешеги ушын үлкен қәўип есапланады. Сол себепли нәшебентликке қарсы гүресиў, оның алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый санасын арттырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

 

Егер әмелиятқа мүрәжат ететуғын болсақ, Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судында нәшебентлик қураллары менен байланыслы жынаят иси көрип шығылып, судланыўшыға нызамлы ҳүким шығарылды.

 

Судта анықланыўынша, пуқара Р.Б 2025-жыл 10-январь күни нәшебентлик заты – гашишти нызамға қайшы түрде басқа шахсқа өткериў мақсетинде сақлап, оны жеткерип бериўге урынған. Бул ҳәрекет ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажлар даўамында әшкар етилген.

 

Тексериў процесинде судланыўшының ҳәр қыйлы орынларға жасырып қойылған жәми 4 дана гашиш нәшебентлик заты анықланып, айғақлы дәлил сыпатында рәсмий тәртипте алынды. Суд-химиялық экспертиза жуўмағына бола, бул элементлер қурамында актив нәшебентлик зат – тетрагидроканнабинол бар болып, улыўма сап аўырлығы 1,3 граммды қураған.

 

Суд мәжилисинде судланыўшы өз айыбына бираз ықрар болып, нәшебентлик затты дәслеп жеке тутыныўы ушын сатып алғанын, кейин болса танысының усынысы менен оны биргеликте тутыныў мақсетинде алып шыққанын билдирген. Соның менен бирге, ол қылмысынан пушайман екенлигин билдирген.

 

Суд тәрепинен ис материаллары, гүўалардың көрсетпелери ҳәм экспертиза жуўмақлары ҳәр тәреплеме талланып, дәслепки тергеў уйымы тәрепинен берилген ҳуқықый баҳа қайта көрип шығылды. Анықланыўынша, нәшебентлик заты басқа шахсқа әмелде өткерилмегенлиги себепли, жынаят ақырына жеткерилмеген деп табылып, ҳәрекетлер Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 25 ҳәм 273-статьяларына муўапық қайта квалификацияланды.

 

Суд жазаны тайынлаўда судланыўшының айыбын мойынлаўы, шын кеўилден пушайман болыўы, алдын судланбағаны, шаңарақлы екени ҳәм еки перзенти бар екенлигин жеңиллестириўши жағдайлар сыпатында есапқа алды. Усы тийкарда оған Жынаят кодексиниң 57-статьясы қолланылып, жеңилирек жаза тайынланды.

 

Суд ҳүкимине бола, Р.Б Жынаят кодексиниң 25, 273-статьясы 2-бөлими менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке еркинен айырылады. Ол жазаны улыўма тәртиптеги колонияда өтейди.

 

Сондай-ақ, ис бойынша айғақлы дәлиллер нызамлы тәртипте жоқ етилиўи, процессуал қәрежетлер болса айыпланыўшыдан өндирилиўи белгиленди.

 

Бул жағдай және бир мәрте нәшебентлик қураллары менен байланыслы ҳәр қандай нызамсыз ҳәрекетлер жынайый жуўапкершиликке себеп болатуғынын көрсетеди. Судлар тәрепинен бундай жынаятларға қатаң ҳәм әдил шаралар қолланылыўы жәмийетте нызамлылық ҳәм ҳуқық-тәртипти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Бүгинги күнде нәшебентликке қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған болып, бул жынаят түрине маўасасыз ҳәм қатаң илажлар көрилмекте. Ҳуқық қорғаў уйымлары, суд уйымлары ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысына қарсы кең көлемли профилактикалық ҳәм оператив илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

 

Суд әмелияты соны көрсетпекте, нәшебентлик пенен байланыслы ҳәр қандай ҳуқықбузарлыққа нызам шеңберинде қатаң жуўапкершилик сөзсиз. Бул болса жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеў, халықты, әсиресе, жасларды бундай иллеттен сақлаўға хызмет етеди.

 

 

 

Дамир ЗИЯМБЕТОВ,

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судының баслығы

СУДЛАРДА ИНТЕРАКТИВ ХЫЗМЕТЛЕР: ӘДИЛЛИККЕ ЕРИСИЎДИҢ ЗАМАНАГӨЙ МЕХАНИЗМИ

Бүгинги күнде мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын санластырыў, халыққа қолайлы ҳәм оператив хызметлер көрсетиў және әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды. Әсиресе, судларда интерактив хызметлердиң енгизилиўи пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын ўақыт ҳәм артықша қәрежетлерди азайтыў менен бирге, суд системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Кейинги жылларда суд уйымларының жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы «Электрон суд» системасы басқышпа-басқыш жетилистирилди. Нәтийжеде пуқаралар судқа мүрәжат етиў, арза ҳәм шағымлар жибериў, жумыс процеслерин бақлаў, суд қарарларынан нусқа алыў сыяқлы бир қатар хызметлерден аралықтан турып пайдаланыў имканиятына ийе болды.

Интерактив хызметлердиң тийкарғы мақсети – инсан факторын азайтыў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм адамлар ушын қолайлы ҳуқықый орталық жаратыўдан ибарат. Мәселен, шағым арзаларын электрон түрде жибериў имканияты пуқаралардың суд имаратларына артықша барып-келиўин қысқартып, мүрәжатларды жедел қабыл етиўге хызмет етпекте. Соның менен бирге, суд мәжилислериниң ўақты ҳәм сәнеси ҳаққында СМС-хабарнамалардың жиберилиўи тәреплердиң хабардарлығын тәмийинлеўге жәрдем бермекте.

Судларда видеоконференцбайланыс системасының енгизилиўи де интерактив хызметлердиң әҳмийетли бағдарларынан бири. Бул әсиресе, басқа аймақта жасайтуғын пуқаралар, жазаны орынлаў мәкемелеринде сақланып атырған шахслар ямаса ҳәр қыйлы себеплерге бола судқа келиўи қыйын болған қатнасыўшылар ушын үлкен қолайлық жаратпақта. Видеоконференцбайланыс арқалы суд процесслеринде қатнасыў ўақыт ҳәм қаржыны үнемлеў менен бирге, жумысларды жедел көрип шығыў имканиятын да береди.

Сондай-ақ, суд ҳүжжетлериниң электрон базасы қәлиплестирилгени ҳуқықый мәлимлемеден пайдаланыў имканиятларын және де кеңейтти. Суд қарарларының электрон тәризде жәрияланыўы судлар искерлигиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Интерактив хызметлер арқалы мәмлекетлик бажы ҳәм суд жыйымларын онлайн төлеў имканияты жаратылғаны да халыққа қосымша жеңилликлер бермекте. Бул система пуқаралардың ўақыт жумсалыўын азайтыў менен бирге, финанслық операциялардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге де хызмет етеди.

Әлбетте, судларда санлы технологияларды кеңнен қолланыў тек ғана техникалық жаңаланыў емес, ал пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылған әҳмийетли қәдем. Себеби, оператив, ашық-айдын ҳәм қолайлы суд хызметлери халықтың суд системасына болған исенимин беккемлейди.

Жуўмақлап айтқанда, судларда интерактив хызметлердиң раўажландырылыўы әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралар ушын қолайлы ҳуқықый орталық жаратыў ҳәм суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул болса өз гезегинде, ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири.

Руслан ЖУМАБАЕВ,
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының баслығы


Амангелди САЛИЕВ,
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды судьясы

АДАМ САЎДАСЫ ҲӘМ БАЛАЛАР МИЙНЕТИ: ИНСАН ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫНА ҚӘЎИП

Инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири. Бирақ бүгинги күнде дүньяда инсан қәдирине зыян келтирип атырған аўыр жынаятлардан бири – адам саўдасы ҳәм балалар мийнетинен нызамсыз пайдаланыў жағдайлары болып есапланады.

Көз алдыңызға келтириң, жақсы жумыс, жоқары айлық ямаса мүнәсип турмыс ўәде етилип, инсан алданады. Оның ҳүжжетлери тартып алынады, еркин ҳәрекетлениў ҳуқықы шекленеди ҳәм мийнет етиўге мәжбүр етиледи. Тилекке қарсы, бундай жағдайлар бүгин де дүньяда ушырасып атыр.

Адам саўдасы – бул әпиўайы нызамбузыўшылық емес. Бул инсан тәғдири, оның арзыў-нийетлери ҳәм еркинлигине қарсы қаратылған аўыр жынаят болып есапланады.
Соның ушын да Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында адам саўдасы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Нызам бундай жынаятларды ислеген шахсларға қатаң жаза шараларын нәзерде тутады.

Инсан ҳуқықлары ҳаққында сөз болғанда, балалар ҳуқықларын қорғаў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Себеби ҳәр бир бала бахытлы балалыққа, билим алыўға ҳәм саламат орталықта өсиўге ҳақылы.

Баланың қолында аўыр мийнет қураллары емес, китап болыўы керек. Оның ўақты мийнет майданында емес, билимлендириў мәкемесинде өтиўи керек.

Сол себепли мәмлекетимиз нызамшылығында балалар мийнетиниң зыянлы ҳәм қәўипли түрлерине қарсы қатаң илажлар белгиленген. Жынаят кодексиниң 148-1 ҳәм 148-2-статьяларына муўапық, шахсларды мәжбүрий мийнетке тартыў ямаса жас өспиримлерди олардың денсаўлығы ҳәм раўажланыўына зыян жеткериўи мүмкин болған жумысларға тартыў жуўапкершиликке себеп болады.

Әҳмийетлиси, адам саўдасы ямаса мәжбүрий мийнет қурбанына айланып қалмаў ушын ҳәр бир пуқара сергек болыўы зәрүр. Әсиресе, сырт елде жумыс ислеў нийетинде болған шахслар усыныс етилип атырған жумыс орны ҳаққында рәсмий дәреклер арқалы мағлыўмат алыўы, мийнет шәртнамаларын дыққат пенен үйрениўи ҳәм гүманлы усынысларға исенбеўи керек.

Адам саўдасы ҳәм балалар мийнетине қарсы гүресиў – тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары ямаса судлардың ўазыйпасы емес. Бул пүткил жәмийеттиң жуўапкершилиги болып табылады. Ҳәр биримиз бийпәрўа болмасақ, нызамларға ҳүрмет пенен қатнаста болсақ бундай иллетлерге қарсы нәтийжели гүресиўимиз мүмкин.

 

 

Нағыйма БАЛТАБАЕВА,

Нөкис районлараралық экономикалық суды баслығының  орынбасары 

МЕДИАЦИЯ – ДАЎЛАРДЫ ШЕШИЎДИҢ ЗАМАНАГӨЙ ҲӘМ НӘТИЙЖЕЛИ ЖОЛЫ

 

Бүгинги глобалласыў дәўиринде жәмийетте ҳәр қыйлы ҳуқықый қатнасықлар кеңейип барар екен, инсанлар арасында түрли келиспеўшилик-тартыслар келип шығыўы да тәбийғый жағдай. Бундай жағдайларда тартысларды жедел, әдил ҳәм өз-ара пайдалы тәризде шешиў мәселеси дүнья жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе. Усы көзқарастан, медиция институты бүгинги күнде тартысларды шешиўдиң ең нәтийжели ҳәм заманагөй усылларынан бири сыпатында тән алынбақта.

 

Соңғы жыллары елимизде де инсан мәплерин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, судларда ис көлемин азайтыў ҳәм халық арасында келисим мәдениятын қәлиплестириў мақсетинде медиция институтын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

 

Атап айтқанда, «Медиция ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи  бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды. Бул нызам медиция тараўын ҳуқықый жақтан тәртипке салыў, медиаторларды таярлаў, медиция хызметин шөлкемлестириў, суд ҳәм басқа да уйымлардың әмелиятында медиция тәртип-қағыйдаларын кеңнен қолланыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.

 

Нызамның 4-статьясына бола, медиция – келип шыққан келиспеўшиликти тәреплер өз-ара мақул шешимге ерисиўи ушын олардың ықтыярый келисими тийкарында медиатор жәрдеминде шешиў усылы болып есапланады. Әпиўайы етип айтқанда, бул тартысыўшы тәреплердиң ғәрезсиз ҳәм қалыс болған үшинши шахс – медиатор жәрдеминде келисим жолы менен келисимге ерисиўи болып табылады.

 

Медиацияның ең әҳмийетли абзаллықларынан бири сонда, онда тәреплер өз-ара мүнәсибетлерди сақлап қалады. Суд процесинде, әдетте, бир тәреп жеңип, екинши тәреп жеңиледи. Медиацияда болса ҳәр еки тәреп ушын мақул шешим табылыўына ерисиледи. Бул болса инсанлар арасындағы исеним, ҳүрмет ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын сақлап қалыў имканиятын береди.

 

Нызамшылықта медиацияның бир неше түрлери белгиленген. Соның ишинде, судтан тысқары медиция, судқа шекемги медиция, суд процесиндеги медиция ҳәм судтан кейинги медиция түрлери бар. Бул болса пуқараларға тартысты шешиўдиң ең қолайлы ҳәм мақул жолын таңлаў имканиятын жаратады.

 

Медиция суд процеси басланыўынан алдын да, суд додалаўы ўақтында да, ҳәттеки суд ҳүжжетлерин орынлаў басқышында да қолланылыўы мүмкин. Сондай-ақ, арбитраж судларында да қарар қабыл етилгенге шекем медиция тәртибинен пайдаланыў мүмкин екенлиги белгиленген.

 

Медицацияны әмелге асырыў ушын тәреплер өз-ара келисим тийкарында бир ямаса бир неше медиаторды таңлайды. Медиатордың тийкарғы ўазыйпасы – тәреплерди тыңлаў, олар арасында коньструктивлик сөйлесиў орталығын жаратыў ҳәм келисимге ерисиўге жәрдемлесиўден ибарат.

 

Усы жерде медиатор пүткиллей бийтәреп болыўы шәрт екенлигин атап өтиў керек. Ол тәреплерден бириниң мәпин қорғаўға, ҳуқықый мәсләҳәт бериўге ямаса қайсы бир тәрепти үстин жағдайға қойыўға ҳақылы емес. Бул медиция процесиниң ашық-айдын ҳәм әдил болыўын тәмийинлейди.

 

Нызамшылыққа муўапық, медицияға байланыслы келисимлер бир неше түрде дүзилиўи мүмкин. Соның ишинде, медицияны қолланыў ҳаққындағы келисим, медиция тәртибин әмелге асырыў ҳаққындағы келисим ҳәм медиативлик келисим бар.

 

Медиатив келисим – медиация процеси жуўмақлары бойынша тәреплер арасында ерисилген келисим болып, ол тәреплер ушын мәжбүрий күшке ийе болып есапланады. Бул келисим онда белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде ықтыярлы түрде орынланыўы лазым. Егер медиатив келисим орынланбаса, тәреплер судқа мүрәжат етиў ҳуқықын сақлап қалады.

 

Медиатация процесинде профессионал ҳәм профессионал емес медиаторлар қатнасыўы мүмкин. Профессионал медиатор жоқары мағлыўматқа ийе болыўы, арнаўлы оқыў курсларын тамамлағаны, қәнигелик имтиханынан өткени ҳәм Медиаторлар реестрине киргизилген болыўы керек.

 

Бул талаплар тараўда профессионаллық, жуўапкершилик ҳәм исеним орталығын қәлиплестириўге хызмет етеди. Соның менен бирге, адвокат ҳәм нотариус статусына ийе шахслар ушын айырым жеңилликлер де нәзерде тутылған.

 

Бүгинги күнде медиция тек ғана ҳуқықый емес, ал социаллық әҳмийетке ийе институт сыпатында көзге тасланбақта. Себеби ол халық арасында келисим мәдениятын раўажландырыў, тартысларды тыныш жол менен шешиў, артықша ўақыт ҳәм қаржы жумсалыўының алдын алыўға хызмет етеди.

 

Ең әҳмийетлиси, медиация инсанлар арасындағы қатнасықларды сақлап қалыў имканиятын береди. Әсиресе, шаңарақлық, мийнет, қоңсышылық ҳәм исбилерменлик қатнасықларында бул жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

 

Ҳәр қандай тартысты келисим ҳәм маўаса арқалы шешиў – жәмийеттиң турақлылығы, өз-ара ҳүрмет ҳәм әдиллик орталығын беккемлеўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады.

 

Медиация – бул тек ғана ҳуқықый тәртип-қағыйда емес. Бул – қарым-қатнас, өз-ара ҳүрмет ҳәм тыныш келисим мәденияты болып есапланады.

 

 

 

Саодат ҚАИПНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы

«ӨЗБЕКСТАН – 2030» СТРАТЕГИЯСЫН ЖАҢА БАСҚЫШҚА АЛЫП ШЫҒЫЎ ҲƎМ ОНЫ ƎМЕЛГЕ АСЫРЫЎ БАҒДАРЛАМАЛАРЫ  

 

Мәмлекетимизде «мақсет – ҳәрекет – нәтийже» шынжырына тийкарланған пүткиллей жаңа стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыў системасының енгизилгени «Өзбекстан – 2030» стратегиясын жаңа талаплар тийкарында жетилистириў зәрүрлиги туўылғанлығы себепли «Өзбекстан – 2030″ стратегиясы, яғный «Мәмлекетти раўажландырыўдың 2030-жылға шекем мөлшерленген тийкарғы бағдарлары шеңберинде реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февраль күнги 21-санлы пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Өзбекстан халқына ҳәм Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген реформалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде «»Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў» жылында тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февраль күнги 22-санлы пәрманы қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февраль күнги 21-санлы пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан – 2030» стратегиясының 4-жөнелиси нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекет басқарыўын шөлкемлестириўге қаратылған.

 

Стратегияның 84-мақсети:

-жынаят исин жүргизиўде жарасыў институтынан пайдаланыў;

 

-судлар ҳәм тергеў уйымлары жумысында айырым процессуал ҳәрекетлерди аралықтан турып әмелге асырыў имканияты дәрежесин арттырыў;

 

-кибержынаятлардың улыўма жынаячылықтағы үлесин азайтыў;

 

– жаслар ҳәм ҳаял-қызлар тәрепинен исленип атырған жынаятларды азайтыў;

 

-ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының 300 хызметкерин инсан ҳуқықлары бойынша арнаўлы маманлық арттырыў курслары менен қамтып алыў;

 

Стратегияның 85-мақсети:

-судқа шекем тартыслы болған ислерди шешиў;

 

-ҳǝкимшилик судларда ислердиң келисим шаралары арқалы шешиў  дǝрежесин асырыў;

 

Стратегияның 86-мақсети:

-судьялар арасында ҳаял-қызлардың үлесин 30 процентке жеткериў;

 

-пуқараларға әдил судлаўға ерисиўде қолайлы имканиятлар жаратыў мақсетинде жаңа интерактив хызметлер санын 19 ға жеткериў;

 

Стратегияның 87-мақсети:

-суд ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў;

 

-процесине жасалма интеллектти енгизиўди тәмийинлеў;

 

-жынаят ислеўге жол қойылмаған мәҳәллелердиң жәми мәҳәллелер салмағындағы үлесин асырыў;

 

-прокурор қадағалаўы ҳүжжетлерин электрон түрде жүргизиў дәрежесин ҳǝм тергеўге шекем тексериў ҳәм тергеў процесслеринде процессуал ҳүжжетлерди электрон түрде жүргизиў дәрежесин асырыў;

 

-жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде адамлардың өлими менен байланыслы жынаятлардың жыллық көрсеткишин, мәҳәлле аймағында алдын алыў мүмкин болған жынаятлардың жыллық көрсеткишин кемейтиў;

 

Стратегияның 88-мақсети:

-пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислер бойынша адвокатлар және судлар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар арасында электрон ҳүжжетлер алмасыў дәрежесин 50 процентке жеткериў;

 

-ҳәр 100 мың халыққа туўра келетуғын адвокатлар санын кеминде 25 ке шекем арттырыў етип белгиленген.

 

Бул жоқарыда көрсетилген «Өзбекстан – 2030» стратегиясының мақсетлери  Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, суд ҳәкимиятының еркинлигин күшейтиў ҳәм оның жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыў ҳәм ҳәкимшилик әдиллик системасын буннан былай да раўажландырыў ҳǝм ҳуқықты қорғаў уйымларының жумысын инсан мәплери, қәдир-қымбаты ҳәм ҳуқықларын қорғаўға бағдарлаў, сондай ак адвокатура институтын, қәнигели ҳуқықый жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў суд-ҳуқық реформаларының бас өлшеми болып табылады.

 

«Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февраль күнги 22-санлы пәрманы менен Мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жәмийетте аўызбиршиликти тәмийинлеў арқалы оны жоқарылатыў бойынша төмендеги тийкарғы реформалар бағдарламасы дүзилди:

 

-жынаят ислери бойынша суд процесслерин халық ўәкиллери коллегиясы қатнасыўында өткериў әмелиятын жолға қойыў;

 

-жынаят ислеринде халықаралық тән алынған «Хабеас корпус» институты шеңберинде тергеў судьяларына қамаққа алыў, үй қамағы тәризиндеги ҳәм басқа да қәўипсизлик илажларын өзгертиў ҳәм бийкар етиў ўәкиллигин бериў;

 

-жынаят исин судқа жибериўде айыплаў жуўмағы менен бирге «қорғаў пикири»н усыныў тәртибин енгизиў;

 

-жынаят исинде қорғаўшыға өз қорғаўы астындағы гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса жәбирлениўши қатнасыўында өткерилген процессуал ҳәрекетлерге байланыслы ҳүжжетлер ҳәм дәлиллер менен танысып, олардан нусқалар алыў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў даўамында қәлеген ўақытта өз қорғаўы астындағы гүман етилиўши ямаса айыпланыўшыға қарата жүргизилип атырған жынаят исин қозғатыў ҳәм тамамлаў ҳаққындағы қарарлардан нусқа алыў ўәкилликлерин бериў;

 

-адвокат сораўына мағлыўматлар бийпул берилиўи, сондай-ақ, нотариал ҳәрекетлер ҳәм кадастр уйымларынан алынатуғын мағлыўматларды адвокат сораўы арқалы алыў имканиятын жаратыў;

 

-7 мыңнан аслам адвокатлар ушын санлы қорғаў механизми енгизиў;

 

-нызамшылықта коллизиялар, муўапық емесликлер, «анық емес» қағыйдалар, «ақ дақлар» ҳәм басқа да коррупцияны келтирип шығаратуғын факторларды сапластырыў;

 

-«Коррупцияға қарсы гүресиў виртуал академиясы» электрон платформасында мәмлекетлик хызметкердиң маманлығын арттырыў әмелиятын жолға қойыў;

 

-ашық мағлыўматлар базаларынан пайдаланған ҳалда мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, соның ишинде, коррупцияға қарсы гүресиўге хызмет ететуғын программалық тәмийнатлар, онлайн платформалар ислеп шығыў бойынша таңлаў («Open Data Challange» хакатони) өткериў;

 

2026-жыл даўамында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бойынша орынбасарлардың жумысын жолға қойыў;

 

-тараўлар ҳәм аймақлар кесиминде коррупциялық қәўип-қәтерлер картасын (картограмма) жаратыў, коррупцияға қарсы гүресиў медиа-порталын шөлкемлестириў;

 

-исбилерменлерди коррупциядан қорғаў мақсетинде «Коррупциясыз, ҳадал ҳәм ашық-айдын бизнес – Өзбекстан турақлы раўажланыўының тийкары» (Таза бизнес) миллий бағдарламасын иске қосыў;

 

-«Нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлар ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясын ислеп шығыў;

 

-ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлықтың барлық көринислерине шек қойыў мақсетинде жуўапкершилик илажлары күшейтилип, 14 жасқа толмаған шахсларға исленген жынысый жынаятлар ушын өмирлик еркинен айырыўға шекемги жаза илажларын белгилеў;

 

-жас өспиримлерге исленген жынысый ҳәм зорлыққа байланыслы жынаятларды тергеўди прокуратура уйымларының ўәкиллигине өткериў;

 

-жас өспиримлер ҳәм ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлық пенен байланыслы ислерди тергеў ҳәм көриў арнаўлы таярлықтан өткен тергеўши ҳәм судьялар тәрепинен әмелге асырылыўын жолға қойыў;

 

-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәкемелеринде жас некелениўшилер ушын арнаўлы оқытыў бағдарламаларының нәтийжелилигин арттырыў;

 

-орынлаў ҳүжжетлери мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына келип түсиўи менен қарыздарды СМС хабарнама ҳәм даўыслы роботлардың автоқоңыраўлары арқалы дәрҳал хабардар етиў әмелиятын жолға қойыў;

 

-ықтыярлы орынлаў мүддети өткеннен соң қолланылатуғын айырым мәжбүрий орынлаў илажлары шеңберинде өндириўди инсан факторысыз тиккелей әмелге асырыў тәртибин енгизиў;

 

-орынлаў ҳәрекетлери даўамында өндирилген ҳәм мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларының есап бетлерине келип түскен пул қаржыларын автоматикалық түрде өндириўши юридикалық ҳәм физикалық шахслардың есап бетлери ҳәм банк карталарына дәрҳал өткериў системасын жаратыў;

 

-пуқаралар тәрепинен 24/7 режимде қоңыраўлар арқалы даўыслы роботлар жәрдеминде идентификацияланған ҳалда қарыздарлықтың бар ямаса жоқ екенлиги, сондай-ақ, орынлаў ҳәрекетлерине байланыслы барлық мағлыўматларды алыў әмелиятын жолға қойыў;

 

-Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Х.Сулайманова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайындағы экспертиза түрлериниң 70 процентке шекемги бөлегин аймақлық бөлимлеринде енгизиў;

 

-Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Конституциялық нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығыў белгиленген.

 

Судлардың жумысына халықаралық стандартларға сәйкес жаңа институтларды енгизиў арқалы әдил судлаўдың сапасын және де арттырыў, суд ислерин жүргизиўде қорғаў институтын жетилистириў, жәмийетте коррупцияға келисимге келмейтуғын қатнасты қәлиплестириў, сондай-ақ нәшебентлик ҳәм нарко жынаяшылықларға қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлық сыяқлы жәмийет алдында турған әҳмийетли машқалаларға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели ислейтуғын системаны жолға қойыў ҳǝмде мәжбүрий орынлаў уйымларының жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм айрым орынлаў ҳүжжетлерин өндириў инсан факторысыз әмелге асырылыўын тәмийинлеў әмелиятын жолға қойыў арқалы жоқарыда көрсетилген бағдарламалар «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыўға көмеклеседи.

 

Жуўмақлап айтқанда, 2026-жыл 16-февралда қабыл қылынған бул 21-санлы ҳǝм 22-санлы Президент пǝрманлары «Ўзбекистон—2030» стратегиясын жǝнеде жетилистириў, ҳәзирги улыўма жер жүзлик тенденциялар, глобал өзгерислер ҳәм жаңа шақырықларға сәйкеслигин тәмийинлеў мақсетинде мǝмлекет раўажланыўының орта мүддетке мөлшерленген үстин жөнелислери, мақсетлери, бағдарламалары ҳǝм оларға ерисиў бойынша нǝтийжели көрсеткишлерин белгилеп берди.

 

 

Сарбиназ АБДИКАРИМОВА,

Қарақалпақстан Республикасы ҳǝкимшилик суды судья аға жǝрдемшиси               

ЖАЗАДАН ДҮЗЕЛИЎГЕ: КӨШПЕЛИ СУДТА ИНСАН ТАҒДИРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚАРАРЛАР

Әмиўдәрья районы «Беруний» мәкан пуқаралар жыйыны имаратында жынаят ислери бойынша Әмиўдәря районы судының баслығы Жасурбек Балтабаевтың басшылығында гезектеги ашық көшпели суд мәжилиси болып өтти.

 

Мәжилис даўамында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 73-статьясына муўапық жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиўге байланыслы ислер көрип шығылды. Суд тәрепинен жазаны өтеў даўамында өзин унамлы тәрептен көрсеткен, нызам талапларына әмел еткен ҳәм дүзелиў жолына өткен 13 судланыўшыға жазаның өтелмей қалған бөлегинен мүддетинен алдын шәртли азат етиў ҳаққында уйғарыў шығарылды.

 

Соның менен бирге, судланыўшыларға нызам үстинлиги ҳәм жуўапкершилик мәселелери бойынша түсиниклер де берилди. Атап айтқанда, шәртли азат етилген шахслар тәрепинен жаңа жынаят исленген жағдайда, нызамшылықта белгиленген тәртипте жаза аўырластырылатуғыны айрықша атап өтилди.

 

Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 3-марттағы «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға болған басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының мазмун-мәниси кең ҳәм ҳәр тәреплеме түсиндирилди.

 

Бул пәрман шеңберинде ҳаял-қызлар ҳәм балаларды ҳәр қандай басым ҳәм зорлықтан қорғаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, шаңарақта саламат орталықты қәлиплестириўге қаратылған анық механизмлер белгилеп берилген. Сондай-ақ, зорлық жағдайларын ерте анықлаў, олардың алдын алыў ҳәм жәбирлениўшилерди социаллық қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириўге айрықша итибар қаратылғаны атап өтилди.

 

Пәрманда мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик институтлардың өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў, профилактика жумысларын системалы шөлкемлестириў ҳәм ҳәр бир жағдайға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.

 

Бул ҳүжжет мәмлекетимизде социаллық әдилликти қарар таптырыў, шаңарақ орталығын саламатландырыў ҳәм жәмийеттиң ең қорғаўға мүтәж қатламлары болған ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын исенимли тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли ҳәм стратегиялық қәдем сыпатында баҳаланды.

 

Өткерилген көшпели суд мәжилиси ҳәм ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажы халық арасында ҳуқықый сана-сезим ҳәм мәдениятты арттырыў, сондай-ақ, жынаятшылықтың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

 

ӘДАЛАТ ЖОЛЫНДА ЖАЗЫЛҒАН 75 ЖЫЛЛЫҚ ИБРАТ

 

Өмирлер бар – бир жасағандай. Өмирлер бар – мәңги жасайтуғын. Сондай өмир ийелери бар, олардың өмир жолы тек ғана жеке тәғдир емес, ал бир дәўирдиң руўхый келбетине айланады. Мине, усындай инсанлардан бири – «Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен юрист,» «Дўстлик» ордени ҳәм «Содиқ хизматлари учун» медалының ийеси, суд нуранийи Парахат Айтниязов быйыл 75 жасын қарсы алды.

 

 

Нөкис қаласында өткерилген салтанатлы әнжуман тек ғана юбилей емес, ал пүткил өмирлик садықлық, ерк-ықрар ҳәм әдилликке бағышланған өмирдиң тән алыныўы сыпатында өтти. Илажда Парахат Айтниязовтың кәсиплеслери, шәкиртлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери жыйналды. Бул орталықта тек ғана қутлықлаўлар емес, шын кеўилден иззет, устазға болған шексиз ҳүрмет ҳүким сүрди.

 

 

Әнжуманда Өзбекстан Судьялар ассоциациясының баслығы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен юрист Убайдулла Мингбоевтың баянаты оқып еситтирилди. Баянатта ол Парахат Айтниязовтың өмир жолын «тосыннан емес, ал анық мақсет, беккем ерк-ықрар ҳәм әдилликке болған терең исеним тийкарында қурылған ибратлы жол» деп сыпатлады.

 

 

Ҳақыйқатында да, юбилярдың мийнет жолы ҳуқықтаныў тараўында өз алдына айрықша бетлерди қурайды. Ол Нөкис қаласы судының судьясынан баслап Қоңырат районы судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары, бурынғы аўқам дәўиринде СССР Әдиллик министрлигиниң аға мәсләҳәтшиси сыяқлы жуўапкер лаўазымларда иследи. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында болса нызамшылық ҳәм ҳуқық қорғаў комитетине басшылық етип, жаңа мәмлекетшилик тийкарын беккемлеўге мүнәсип үлес қосты.

 

 

Кейин ала оған исеним билдирилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы лаўазымы тапсырылды. Бул жерде он бес жыл даўамында әдил судлаўды тәмийинлеў, нызам үстинлигин қарар таптырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў жолында сабырлылық ҳәм батыллық пенен мийнет етти.

 

 

Парахат Айтниязов тек ғана басшы емес, ал устаз сыпатында да жүзлеген жас юристлерге де ҳақыйқый өмир, тәжрийбе мектеби болды. Бүгин оның шәкиртлери түрли жуўапкер лаўазымларда әдиллик дәстүрлерин даўам еттирмекте. Бул – устаз мийнетиниң ең үлкен нәтийжеси.

 

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Б.Исламовтың қутлықлаўы да оқып еситтирилди. Юбилярдың жәмийетлик раўажланыўға қосқан үлеси, жоқары адамгершилик пазыйлетлери айрықша атап өтилди.

 

 

Қарақалпақстан ҳаққында сөз болғанда ел қәлбинде қалған уллы атлар еске алынды: Ибрайым Юсупов, Муса Ерниязов, Қаллибек Камалов. Әне, усындай ел ардақлаған инсанлар қатарында Парахат Айтниязовтың аты да мүнәсип орын ийелейтуғыны айрықша мақтаныш пенен атап өтилди.

 

 

Бүгин ол елеге шекем белсенди – Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы сыпатында жумыс алып бармақта. Бул исеним – оның жыллар даўамында арттырған тәжирийбеси ҳәм жоқары абырайының айқын дәлили.

 

 

Салтанат жуўмағында устаздың өмир жолы ибрат сыпатында тилге алынды. Ол ҳаққында «Бул адам шынардай – тамырлары терең, саясы кең» деп тәрийп берилди.

 

Ҳақыйқатында да, айырым инсанлар бар, олардың өмири жыллар менен емес, жақсы адамгершилик пазыйлетлери менен өлшенеди. Парахат Айтниязов әне усындай мәңги жасайтуғын өмир ийелеринен десек асыра айтқан болмаймыз.

 

 

75 жас – бул тек ғана бир сәне емес, ал әдилликке бағышланған өмирдиң және бир нурлы мәнзили. Тамырлары терең, саясы кең шынардай бул өмир жолы еле көплерге пана, оның бай тәжирийбеси болса жас ҳуқықтаныўшылар ушын жол көрсетиўши жолшы жулдыз болып хызмет етеди. Себеби ҳақыйқый устаздың өмири жыллар менен емес, тәрбиялаған шәкиртлери, қалдырған дәстүрлери ҳәм жәмийетте қалдырған изи менен өлшенеди. Парахат Айтниязов мине усындай инсанлардан – тек ғана әдилликке хызмет еткен ғайраткер емес, ал пүтин бир ҳуқықтаныў мектебин жаратқан устаз сыпатында ел ҳүрметинде азийз ҳәм қәдирли.

 

ЗОРЛЫҚҚА ҚАРСЫ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛЛИКЛЕР КҮШЕЙТИЛДИ

 

Шаңарақ – жәмийеттиң таянышы. Оның беккемлиги болса тек ғана руўхый қәдириятлар емес, ал анық ҳуқықый кепилликлер менен де тәмийинленеди. Кейинги жыллары елимизде шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

 

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 76-статьясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екени, ол жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болыўы қатаң белгилеп қойылған. Сондай-ақ, 58-статьяға муўапық, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең ҳуқықлы болып, мәмлекет оларға жәмийет ҳәм мәмлекетлик басқарыўда және жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында теңдей имканиятлар жаратыўды кепиллейди. Бүгинги күнде шаңарақларда саламат руўхый орталықты қәлиплестириў, олардың абаданлығын арттырыў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин күшейтиў бойынша беккем ҳуқықый тийкар жаратылды. Соның менен бирге, шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахслардың ҳуқықларын және де нәтийжели қорғаў зәрүрлиги әҳмийетли ўазыйпа сыпатында күн тәртибине шықты.

 

 

Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, 2025-жыл 9-апрельде қабыл етилген «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының 1053-санлы Нызамы менен бир қатар әҳмийетли жаңалықлар енгизилди. Оған бола, Шаңарақ кодексиниң 40-статьясы жаңа қағыйда менен толықтырылды: енди суд шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбирленген шахс талап еткен жағдайда жарасыў ушын мүддет белгилемейди. Бул норма әмелиятта жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Себеби алдын айырым жағдайларда жарасыў мүддети тайынланыўы жәбирленген шахстың қәўипсизлигине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин еди. Жаңа тәртип болса биринши гезекте инсан қәўипсизлигин үстин қояды. Нызам менен Турақ жай кодексине де әҳмийетли қосымша киргизилди. Енди турақ жайдан пайдаланыўға байланыслы тартыслар көрилгенде суд тәреплердиң келисимине тийкарланып мүлк ийесине мәжбүрий киргизилип атырған шахсты тең шараяттағы басқа турақ жай менен тәмийинлеў ямаса ижара ҳақысын төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин. Бул норма әсиресе тартыслы жағдайларда социаллық әдилликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

 

Бул өзгерислер суд әмелиятында бирдей қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы суд Пленумының 2025-жыл 23-июньдағы 15-санлы қарары менен тийисли қарарлар да жаңаланды. Атап айтқанда, некеден ажыратыў ислерин көрип шығыў тәртибине байланыслы қағыйдалар қайта көрип шығылып, зорлықтан жәбирленген шахстың мәплерин үстин қорғаў механизмлери анық белгилеп берилди.

 

 

Соның менен бирге, судларға шаңарақлық (турмыслық) зорлық жағдайларын баҳалаўда Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 592-статьясы ҳәм Жынаят кодексиниң 1261-статьясы талапларынан келип шығыў зәрүр екенлиги айрықша көрсетип өтилди.

 

 

Улыўма алғанда, нызамшылыққа киргизилген бул өзгерислер ҳәм қосымшалар шаңарақлық зорлықтан жәбирленген шахслардың ҳуқықый қорғалыўын буннан былай да күшейтиўге, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыўға және шаңарақ институтын беккемлеўге хызмет етеди. Бул болса мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў принципи избе-из тәмийинленип атырғанының және бир әмелий көриниси болып есапланады.

 

 

Еркин ӨТЕНИЯЗОВ,

 Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судьясы

 

 

Skip to content