МҮРӘЖАТЛАР — ӘДИЛЛИК АЙНАСЫ: СУД СИСТЕМАСЫНДА ЖАҢАША МҮНӘСИБЕТЛЕР ДӘЎИРИ

Бүгинги күнде мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралар арасындағы мүнәсибетлер пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Ендиликте «пуқара мәмлекет ушын емес, ал мәмлекет пуқара ушын» сүрени реал ҳақыйқатлыққа айланды. Бул өзгерислер, әсиресе, суд системасында айқын көзге тасланбақта.

Алдынлары суд мекемелери көпшилик ушын «жабық қорған» сыпатында қабыл етилер еди. Адамлар өз машқаласы менен судқа мүражәәт қылыўдан қорқар, процесслердиң қыйыншылығы шаршатар еди. Бүгинги реформалардың тийкарғы мақсети болса — инсан қәдирин улығлаў, әдалатты ҳәр бир инсанның қәлбине ҳәм үйине алып кириў болып табылады.

Санластырыў — әдалаттың жаңа күши

Суд системасындағы «Жаңа дәўир»ди санластырыўсыз көриў мүмкин емес. «E-SUD» электрон ҳүжжет алмасыў системасы, суд мәжилислерин онлайн трансляция қылыў, суд ҳүжжетлерин электрон түрде алыў сыяқлы имканиятлар пуқаралардың артықша әўерегершилигиниң алдын алмақта. Ең әҳмийетлиси, мүражәәтлердиң «инсан факторы»сыз көрип шығылыўы коррупция қәўпин кескин кемейти.

Ендиликте пуқара өз мүражәәтиниң қайсы басқышта екенлигин, оның орынланыўы кимде екенлигин аралықтан турып бақлаў имканиятына ийе. Бул — судқа болған исенимди тиклеўдиң ең исенимли жолы есапланады.

Машқалаларға шешим — мәҳәлледен басқанады

Суд системасында халық машқалаларын шешиўдиң ең нәтийжели жолы сыпатында саяр қабыллаўлар әмелияты кең енгизилди. Судьялардың өзлери адамлардың жасаў орынларына, мәҳәллелерге шығып, олардың дертлерин тыңлаўы, орнында ҳуқықый түсиник бериў ямаса машқалаларды суд тәртибинде шешиў имкәниятларын көрип шығыў жүзлеген инсанлардың өмирин жеңиллестирди.

Бундай сәўбетлерде адамлар тек ғана нызамлы шешим емес, бәлки өзлерине болған итибар ҳәм ғамқорлықты да сезбекте. Себеби, әдалат тек суд залында емес, ал адамлардың разылығында, олардың машқалалары өз ўақтында шешилиўинде көринеди.

Жаңа дәўир — жоқары жуўапкершилик

Бүгинги күнде суд системасы хызметкерлери алдына қойылған талап та өзгерди. Ендиликте судья ямаса суд аппараты хызметкери текғана ҳүжжет толтырыўшы емес, ал машқаланы терең сезиниўши, нызам шеңберинде инсаный  қарар қабыл етиўши шахс болыўы да керек болмақта.

Әлбетте, системада еле кемшиликлер бар, машқалалар бар. Лекин ең әҳмийетлиси — бүгинги суд системасы кемшиликлерди жасырмай, оларды ашық талқыламақта ҳәм шешпекте.

Жуўмақлап айтқанда, мүражәәтлер менен ислесиўдеги бул «жаңа дәўир» —халықтың мәмлекетке, әдиллике болған исениминиң артыўы есапланады. Әдалатлы суд болса — күшли жәмийет ҳәм раўажланған мәмлекеттиң тийкары.

 

Азат ИМАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы

 

Гулмира БАЙНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы