КОРРУПЦИЯ НӘТИЙЖЕСИНДЕ ЖЕТКЕРИЛГЕН ЗЫЯНДЫ ӨНДИРИЎ: СУД ӘМЕЛИЯТЫН ТАЛҚЫЛАЎ
Коррупция бүгинги күнде жәмийеттиң раўажланыўы, мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилиги ҳәм нызам үстинлигине үлкен қәўип туўдырып атырған ең әҳмийетли машқалалардан бири болып есапланады. Ол мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың түрли тараўларына унамсыз тәсир көрсетип, демократиялық қәдириятлар, әдиллик принциплери ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине зыян жеткереди. Сондай-ақ, коррупция экономикалық раўажланыўға тосқынлық етеди, инвестициялық орталықтың тартымлылығын төменлетеди, мәмлекетлик басқарыў системасына болған исенимди төменлетеди.
Коррупция дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде ушырасатуғын глобал машқала болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Оның көлеми ҳәм формалары ҳәр қыйлы болыўы мүмкин, бирақ ақыбетлери бәрқулла жәмийет мәплерине қайшы келеди. Халықаралық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлер тәрепинен бул иллетке қарсы гүресиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырған болса да, коррупция елеге шекем үлкен қәўип сыпатында сақланып қалмақта.
«Коррупция» атамасы латинша «corruptio» – «бузыў,» «изден шигарыў» мәнилерин анлатади. Ол әдетте лаўазымлы шахстың өзиниң хызмет ўәкилликлери ҳәм лаўазымынан жеке мәплерин гөзлеп, нызамшылық ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қайшы түрде пайдаланыўын билдиреди. Коррупциялық ҳәрекетлер нәтийжесинде мәмлекет, жәмийет, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге үлкен муғдарда материаллық ҳәм руўхый зыян жеткериледи.
Коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана айыпкер шахсларды жынайый жуўапкершиликке тартыў менен шекленбейди. Бул процесстиң әҳмийетли структуралық бөлеги сыпатында коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянды қаплаў, нызамсыз арттырылған дәраматларды қайтарыў ҳәм мәмлекет және жәмийет мәплерин тиклеў мәселелери де айрықша әҳмийетке ийе. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда судлар шешиўши орын ийелейди.
Суд әмелияты анализи соны көрсетеди, коррупциялық жынаятлар бойынша көрилетуғын ислерде жеткерилген зыянды өндириў мәселеси тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында баҳаланады. Пара алыў, пара бериў, лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыў, өзлестириў ҳәм растрата сыяқлы жынаятлар нәтийжесинде мәмлекетке ямаса басқа шахсларға жеткерилген зыян жынаят иси шеңберинде ямаса айрықша пуқаралық даўа тәртибинде өндириледи. Бунда зыян муғдары, әдетте, финанслық аудитлер, бухгалтериялық ҳүжжетлер, экспертиза жуўмақлары ҳәм басқа да дәлиллер тийкарында анықланады.
Суд әмелиятында қәлиплескен әҳмийетли бағдарлардан және бири регресс тәртибинде зыянды өндириў есапланады. Айырым жағдайларда мәмлекетлик уйымлар ямаса шөлкемлер жәбирлениўшилерге жеткерилген зыянды өз қаржылары есабынан қаплайды. Кейин ала бул қаржылар айыпкер лаўазымлы шахслардан регресс тәртибинде өндириледи. Бул болса мәмлекет қаржыларының тийкарсыз жумсалыўының алдын алыўға хызмет етеди.
Коррупциялық жынаятлар бойынша судлар тәрепинен нызамсыз арттырылған дәраматларды конфискациялаў мәселесине де айрықша итибар қаратылады. Онда тек ғана тиккелей жеткерилген зыянды қаплаў менен шекленбестен, коррупция нәтийжесинде арттырылған мүлк, пул қаржылары ҳәм басқа да активлерди мәмлекет пайдасына өткериў илажлары көриледи. Бул болса жынаят арқалы байыўға умтылыўдың алдын алыўда әҳмийетли ҳуқықый механизм есапланады.
Коррупция себепли жеткерилген зыянды қаплаўдың ҳуқықый тийкарлары Өзбекстан Республикасы нызамшылығында беккем белгиленген. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 985-статясына бола, шахстың нызамсыз ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги нәтийжесинде жеткерилген зыян толық көлемде қапланыўы керек. Бул қағыйда коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянларға да толық қолланылады.
Соның менен бирге, әмелиятта айырым машқалалар да ушырасып турады. Атап айтқанда, айыпкер шахслар тәрепинен мүлклерди басқа шахслардың атына рәсмийлестирип қойыў, қаржыларды жасырыў ямаса сырт елге алып шығып кетиў жағдайлары зыянды өндириў процесин қыйынластырады. Бундай жағдайларда халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў механизмлери, мәмлекетлераралық ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнамалар ҳәм активлерди қайтарыўға қаратылған арнаўлы тәртип-қағыйдалар үлкен әҳмийетке ийе.
Пуқаралардың ҳуқықлары коррупция нәтийжесинде тиккелей бузылған ҳәм оларға руўхый зыян жеткерилген жағдайларда судлар тәрепинен руўхый зыянды өндириў мәселеси де көрип шығылады. Бул инсан ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың әҳмийетли қуралларынан бири болып есапланады.
Коррупция ақыбетинде жеткерилген зыянды өндириў бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў тийкарынан Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымларына жүкленген. Әмелият соны көрсетеди, айырым жағдайларда зыянды қысқа мүддетлерде толық өндириў имканияты болмайды. Буның себеплери сыпатында айыпкер шахслардың мүлклерин жасырыўы, басқа шахслар атына өткериўи ямаса активлерди мәмлекет сыртына шығарып жибериўи сыяқлы жағдайларды келтириў мүмкин.
Судларда көрилип атырған жумысларды таллаў коррупциялық жынаятлар тийкарынан социаллық ҳәм финанслық ресурслар үлкен айланыста болатуғын тараўларда жүз берип атырғанын көрсетпекте. Атап айтқанда, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасы, денсаўлықты сақлаў тараўы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тармақларында бул түрдеги ҳуқықбузарлықлар салыстырмалы түрде көбирек ушыраспақта.
Жуўмақлап айтқанда, коррупция тек ғана мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине емес, ал экономикалық раўажланыў ҳәм халықтың мәмлекетлик институтларға болған исенимине де айрықша зыян жеткереди. Сонлықтан коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў, оның келип шығыў себеплерин сапластырыў, айыпкер шахслардың жеткерген зыянын толық қаплаўды тәмийинлеў ҳәм суд қарарларының нәтийжели орынланыўына ерисиў ҳуқықый мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири болып есапланады.
Гулрано АБЫНИЯЗОВА,
пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының судьясы






