Қыйсық жолға жетелеген қыңыр ис

 

Мәмлекетимизде жаслар өзлери таңлаған қәнигелиги бойынша жоқары яки орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болыўы ушын оқыўға тест сынақлары арқалы қабылланып атыр. Соңғы жылларда тест сынақларында бир қатар жеңилликлер де жаратылмақта. Усындай жеңилликлерден көпшилик жасларымыздың утымлы пайдаланып атырғаны олар ушын да, ата-аналары ушын да қуўанышлы, әлбетте.

 

Әттең, айырым өз перзентиниң билимине исенбеген, билиминиң төменлиги арқасында нызамсыз жолларды излей баслаған ата-аналар, ҳәттеки олардың усы сыяқлы кемшиликлеринен пайдаланып қалыўды кеўиллерине түйген заманласларымыз бүгинги күни арамызда аз болса да ушыраспақта.

 

Пайтахтымыз турғыны болған С.Валида Нөкис қаласындағы Орайлық дийқан базарындағы дүканлардың биринде саўда-сатық пенен шуғылланып жүргенинде, өзине алдыннан таныс болған пуқара Шолпан күтпегенде оннан мәсләҳәт сорап қалады. Мәсләҳәти соннан ибарат, оның еки жақын ағайинин медицина колледжине оқыўға «киргизиў» керек болады. Сонда Валида да ҳеш екиленбестен, ол жерде жақсы танысларының бар екенин, олар менен сөйлесип көрип, бул мәселени шешиўге ҳәрекет ететуғынын айтады.

 

«Нәпсим мениң бәледур, жанған отқа саладур» дегендей, усы себеп пенен ортада азы-кем пул ислеп қалыўды ойлаған Валида сол күни дәрҳал Шолпанға қоңыраў етип, оқыў орны менен сөйлескенин, сол еки ағайинин тек ғана 6 миллион сум пул менен оқыўға киргизип бере алатуғын адамды тапқанын айтып билдиреди.

 

Арадан еки күн ўақыт өткеннен кейин, өз-ара келисимге бола, Валида Шолпанға және қоңыраў етип, оқыўға кириўге разылығын сорайды ҳәм айтылған пул таяр болса базарға алып келсе болатуғынын айтып, оны өзлери алдыннан келисилген орында күтип алады. Валида өзлери ўәделескен пулды Шолпанның алып келгенине исенгеннен кейин, сол оқыў орнының хызметкери болған Сулыўханды усы мәселеде шақырып, оған 6 миллион сумды тапсырады.

 

Халқымыздағы «Бузаўдың жуўырғаны сабанханаға шекем» деген даналық гәптиң де мәниси терең екенин олар, әттең, кеш түсинди. Өйткени, нызамсыз жоллар менен қолға киргизген бул пулларды алған ўақтында ўақыя орнына прокуратура, департамент ҳәм ишки ислер уйымларының тийисли тараў хызметкерлери жетип келген еди… Демек, қыңыр иске қол урғанлар өз ўақтында қолға алынды.

 

Өзиңиз гүўасы болғаныңыздай, бул ўақыя арқалы бир заманласымыз нызам алдында жуўапкершиликке тартылып, әтираптағылардың алдында басы ийилген ҳалында уятлы болып та қалды. Солай екен, келешекте бундай қыңыр иске қол урмастан алдын терең ойланыў тийис екенин умытпайық. Сондай-ақ, балаларымызды бундай жолларға емес, керисинше, терең билим ийелеўге қуштар етип тәрбиялайық. Себеби, мәмлекетимиздиң айдын келешеги сол жаслардың қолында.

 

(Мақалада адамлардың атлары өзгертилди)

Махмут БАЙНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойьшша Нөкис қаласы судының судьясы.

Көшпели қабыллаўда суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлар көрип шығылды

 

Әмиўдәрья районында Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары квалификациялық коллегиясы,  Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Жаслар ислери агентлиги, «Нураный» қоры басшыларының қатнасыўында көшпели қабыллаў өткерилди.

 

 

Онда 12 пуқара қабыл етилип, олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың екеўи жынаят, бесеўи пуқаралық, төртеўи ҳәкимшилик, биреўи экономикалық ислер бойынша судларға тийисли мәселелерди қурады.

 

Атап айтқанда, райондағы Пәраўан МПЖдан Муратбай Уразматов ҳәм Наўайы МПЖдан Муҳаббат Бабажанова  ислеген мийнет стажлары тийисли тәртипте мийнет стажына қосылмағанлығы бойынша тийисли мәкемелердиң ис-ҳәрекетлери бойынша, Гүлзар МПЖдан Мунира Юлдашева жай салыў ушын жер сатып алғанын, оны рәсмийлестириўде бир қатар машқалалар пайда болып атырғанын,  Жаңа абат МПЖдан Света Утабаева Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының қабыл еткен ҳүкиминен наразы екенлигин билдирип мүрәжат етти.

 

 

Қабыллаўда айырым мүрәжат бойынша тийисли ҳуқықый түсиниклер берилип, айырымлары өз орнында шешимин таўып, қанаатландырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Китап ярмаркасы шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында юридикалық әдебиятлар китап саўда ярмаркасы өткерилди.

Ярмарка даўамында барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлери тәрепинен соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар менен баспадан шығарылған рәсмий басылымдағы Өзбекстан Республикасының кодекслери баспа баҳасында сатылды.

– Бул ярмарка Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы «Әдалат» миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы ҳәм  Қарақалпақстан Республикасы суды менен биргеликте шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты Гүлзар Джумагулова.

Бундай илажлар судьялардың ҳәм басқа да тараў хызметкерлериниң нызамшылықтағы соңғы өзгерислер менен танысыў, жаңадан баспадан шығарылған китаплар ҳаққында билиў, арзан баҳада сатып алып күнделикли жумысында пайдаланыў имканиятын береди.


Ярмарка даўамында судьялар, суд аппараты хызметкерлери,  китап оқыўшыларға мәлимлеме орайы тәрепинен басқа юридикалық әдебиятлар да усынылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Хожели районы «Таскөпир» МПЖ имәратында көшпели суд мәжилиси болып өтти

 

ЖИБ Хожели район суды баслығы И.Алланиязов тәрепинен Хожели районы «Таскөпир» МПЖ имәратында көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Усы көшпели судқа Хожели районы ИИБ баслығы тәрепинен келтирилген усынысларды көрип шықты. Усыныста районлық ИИБ ЖҚХ Пробация топары есабында жаза өтеп атырған 5 шахс өзлериниң қылған қылмысын түсинип жетип, туўры жолға түскенлиги ушын мүддетинен алдын шәртли рәўиште азат етилди. Өткерилген көшпели судта 1 шахс суд тәрепинен тайынланған жазаны өтеўден бас тартып, жаза өтеў шәртлерин бузып, өзине тийисли жуўмақ шығармай жүргенлиги себепли жазасы еркинен айырыў жазасына алмастырылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды 

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде суд хызметкерлери

 

 

Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды жәмәәти де «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде белсендилик көрсетип, суд әтирапындағы жерлерге ислеў берип, декоратив терек нәллерин егиў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырды.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды 

“Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдрият” атамасында ушырасыў өткерилди

  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги “Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағларламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ПҚ-46-санлы қарары қабыл етилген еди.

 

 

Усы қарарға муўапық, Елликқала районы халық билимлендириў бөлиминде сәўбетлесиў илажы болып өтти.

Илажда жынаят ислери бойынша Елликқала районы судының баслығы О.Мауленов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз етти.

 

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағларларынан есапланады. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

 

2020-2024-жылларда инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта. Усы басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеў руўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға мүмкиншилик бериўши билим бериўге қаратылған.

 

Атап өтилген Президент қарары тийкарында Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “Жол карта” тастыйықланды.

 

Буннан мақсет – БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәхан билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў, сондай-ақ бул ҳаққында халықты хабардар етиўден ибарат.

 

 

Ушырасыў қызғын даўам етип, илаж қатнасыўшылары тараў ўәкиллеринен инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў ҳәм суд-ҳуқық тараўы менен байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

 Оразбай Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районы судының баслығы                                      

 

Айыбы ушын алты айға еркинен айырылды

Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы судының баслығы М.Бекимбетовтың басшылығында ашық суд мажлиси өткерилди. Онда дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 122-статьясы 1-бөлими менен айыпланған Б.Т.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

 

Суд мәжилисинде судланыўшы, жәбиркеш, мәмлекетлик айыплаўшы, қорғаўшы ҳәм адвокаттың жарыс сөзлери, судланыўшының қорғаў ҳәм ақырғы сөзи тыңланып, исте топланған материаллар изертленип, оларға баҳа берилди.

Судта анықланғанындай, судланыўшы Т.Б.дан Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының 2022-жыл 14-февральдағы суд буйрығына тийкарланып, өндириўши М.З.ның тәрбиясындағы 2006, 2010, 2012-жылларда туўылған перзентлериниң тәмийнаты ушын ҳәр айдағы мийнет ҳақысы ҳәм басқа да табысларының екиден бир бөлеги муғдарында, олар 18 жасқа толғанға шекем 2022-жыл 11-февральдан баслап алимент өндирилиўи белгиленген. Сондай-ақ, ѳндирилетуғын алимент муғдары нызам ҳүжжетлеринде кѳрсетилген мийнетке ҳақы тѳлеўдиң ең кем муғдарының 26,5 процентинен аз болмаўы кереклиги белгиленген.

Жынаят ислери бойынша Шоманай район судының 2022-жыл 14-апрельдеги қарарына муўапық, Т.Б. 2022-жыл 11-февральдан 1-майға шекем үш ер жетпеген перзенти ушын 4 миллион 165 мың 874 сум алимент пулларын тѳлемегени  ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 474-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегенликте айыплы деп табылған. Ол 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы қолланылғанлығына ҳәм мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен ескертиўлер берилгенине қарамастан, 2022-жылдың 1-май күнинен 2023-жылдың 1-январына шекем шекем үш ер жетпеген перзенти ушын тѳлениўи лазым болған, жәми 14 миллион 140 мың 232 сум муғдарындағы алимент пулларын төлеўден бас тартып келген.

Солай етип, Б.Т.ның алименттен улыўма қарыздарлығы 18 миллион 306 мың 106 сумды қураған.

Суд мәжилисинде судланыўшы Т.Б. өзине жәрияланған айыпты толық мойынлап, пуқара З.М. менен турмыс қурғанын, араларында үш перзенти бар екенин, өз-ара келиспеўшилик нәтийжесинде ажырасып кеткенин, өзи ҳәр жерде қол ушы талап ислеп жүргенин, бирақ алимент пулларын төлей алмағанын, көп жерлерден жумыс излегенин, бирақ, жумыс табылмағанын, егерде өзин жумысқа орналастырыўда жәрдем көрсетилсе, алимент бойынша қарыздарлығынан қутылатуғынын билдирип, кеширим сорады.

Суд судланыўшы Т.Б.ға жаза тайынлағанда, жынаяттың жағдайын ҳәм қәўиплилик дәрежесин, қылмыс себебин ҳәм ақыбетлерин, яғный келтирилген материаллық зыян муғдарын ҳәм оның қапланбағанын, судланыўшының шахсын, жазаны жеңиллестириўши жағдайлар қатарына оның айыбына толық ықрарлығын, айыбын аўырластырыўшы ҳалатлар жоқ екенлигин итибарға алды. ЖКниң 122-статьясы 1-бөлими менен санкция шеңберинде көрсетилген еркинен айырыў жазасын тайынлаўды ҳәм тилхат бас шарасын бийкар етип бас шарасын суд залынан қамаққа алыўды, ЖКниң 50-статьясы 7-бөлими «а» бәнтине тийкарланып, тайынланған еркинен айырыў жазасын мәнзил колонияларда өтеўди, ис бойынша судланыўшы Т.Б.дан жәбирлениўши З.М.ның пайдасына жәми 18 миллион 306 мың 106 сум алимент пуллары өндириўди лазым тапты.

Солай етип, судланыўшы Б.Т. айыплы деп табылып, оған алты ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Тайынланған еркинен айырыў жазасын мәнзил колонияларда өтеў белгиленди.

Судланыўшы Т.Б.дан жәбирлениўши З.М.ның пайдасына жәми 18 миллион 306 мың 106 сум сумлық алимент пулларын өндириў белгиленди.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Дузын жеп, дузлығына түпирме!

Жынаят ҳәм жаза

  

Бир күн жәнжел болған үйден қырық күн берекет қашады. Ата-бабаларымыз бул мақалды турмыстан түйип, дәлиллеп, изиндегилерге айтып қалдырған. Ал, Пайғамбарымыз ҳәдислеринде: «Қоңсы-қобалар, ағайин-туўғанлар менен татыў қарым-қатнаста болыңлар» деп билдирилген ҳәм бир-биреўдиң ортасына иритки салатуғынлар, ғыйбатшылар аўыр гүнаға гирипдар болатуғынлығы уқтырып өтилген.

 

Ата-бабаларымыз әзелий тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасаўды мақул көрген. Тыныш, аўызбиршиликли елде ырысқы-несийбе мол болатуғынлығын әўладлардан-әўладларға уғындырып келген. Мәмлекетимизде халқымыздың тынышлығын сақлаўда үлкен әмелий илажлар иске асырылып атыр. Ҳәр бир инсанның өз турмысынан разы болып жасаўы ­ мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып, инсан мәпи улығланып келмекте. Солай болса да, арамызда халқымыздың тыныш турмысына иритки салатуғын, өзлериниң жеке мәпи ушын айырым адамларды изине ертип, бузғыншы идеялар менен жүрген кимселерди ушыратыўымыз өкинишли.

 

Республикамыздың Хожели районында l967-жылы туўылып, усы елдиң нанын жеп, камалға келген, үш перзенттиң әкеси Қ.Р. тыныш жасап атырған турмысынан «тойып секирип», жынаятқа қол урды. Ол 2020-жылы октябрь айында Хожели районы «Сары шүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны «Қумбыз аўыл» көшесинде жасайтуғын танысының үйине бирнеше пуқаралардың жыйналғанынан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы аймақлық бирлигин Конституцияға қайшы рәўиште бузыўға ашықтан-ашық үндеў, нызамсыз митингке шақырыў, сепаратизм идеялары менен мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясатқа сын ҳәм тийкарланбаған қарсы пикирлер бар болған видеоматериалларды таярлап тарқатыў мақсетинде барған. Сол жерде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағын жайып таярланған «Мы требуем независимость!», «Биз азатлық тәрепдарымыз, алға Қарақалпақстан!» ҳәм «Қарақалпақстан азат ҳәм еркин болыў керек» деп жазылған плакатларды услап турып: «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан Республикасы активистлери, өз елимизди, жеримизди қолымыздан кетип қалмаслығы ушын, миллетимизди, тилимизди сақлап қалыў ушын ертеңги он төртинши октябрь күни Жоқарғы Кеңестиң алдына азатлығымызды талап етип шығыўға шақырып қаламан, буған ҳақымыз бар. Алға, Қарақалпақстан!» деп сөйлеп турып видеоға түсип, оны тарқатыў мақсетинде таярлаған.

 

Буннан тысқары, интернет дүнья жүзилик хабар тармағына «Jal2as Tore Murat» атлы канал арқалы «Демонстрация сторонников Алга Каракалпакстан! г.Нукус, Каракалпакстан» деп аталыўшы бир қанша пуқаралар менен тил бириктирип таярлаған видеоматериалды жайластырыўға себепши болған.

 

Халқымыздың тынышлығын бузатуғын бундай ҳәрекетлер изсиз қалмады. Өзбекстан Республикасы хабар ҳәм ғалаба коммуникация тараўындағы эксперт комиссиясының 2022-жыл l4-июнь күнги жуўмағында «экспертизаға усынылған 2 (еки) дана ДВД дисктеги материаллар мазмунына бола, Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы, Өзбекстан Республикасы аймақлық бирлигине қәўип салыўшы, нызамсыз митингке шақырыў, сепаратизм идеологиялары менен суўғарылған, сондай-ақ, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясатқа надурыс сын ҳәм тийкарланбаған қарсы пикирлар бар болған қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды өз ишине алған»лығы көрсетилген. Соның ушын, ол өзиниң ислеген жынаятлы ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексинде көрсетилген жынаятты қастан ислеген.

 

Қ.Р. көрсетпесинде: «Jal2as Tore Murat» атлы каналдың ийеси хожелиши екенлигин, бирақ, оны танымайтуғынлығын, тек интернет тармағындағы видеороликлерин көрип, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм тили ҳаққындағы мағлыўматларды каналына жайластырып баратуғынын, бирақ, тил бириктирмегенлигин, видеоға түскенин, бирақ, оны ким түсиргенлигин билмейтуғынлығын айтып жеңиллик бериўди соранған. Лекин, жынаят исленди. Енди оның мәмлекетимиз нызамшылығында белгиленген жазасы бар, әлбетте.

 

Ҳәр бир инсан ҳәр қандай исти ислеўден алдын «Бул исим дурыс па?» деген сораўды өзине қойып, оннан жуўмақ шығарса, бундай жынаятқа алып келетуғын ҳәрекетлер болмас еди. Ата-бабаларымыздан қалған «Дузын жеп отырып дузлығына түпирген» деген гәп бар. Буны естен шығармағанымыз мақул!

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Ҳуқық тараўындағы билим оған ҳүрмет сезимин арттырады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги «Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 76-сессиясы ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясындағы баслама ҳәм усынысларды әмелге асырыў шеңберинде өткен жылдың 5-6-декабрь күнлери Самарқанд қаласында «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў» Глобал форумы өткерилгенлиги қарарда мағлыўмат ушын қабыл етилип, Өзбекстан Республикасында Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасы тастыйықланды.

 

Усы қарар менен тастыйықланған «Миллий билимлендириў бағдарламасы»нда ҳәзирги күнде мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары, билимлендириў мәкемелери халық арасында улыўма инсаныйлық қәдириятлар, инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм оған бойсыныў принциплерин оптималластырыў атап өтилген. Сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықый мағлыўматлардан пайдаланыўын тәмийинлеў процессине кеңнен кирисиў зәрүрлиги пайда болып атырғанлығы, жоқары оқыў орынларында, академиялық лицей ҳәм техникумларда инсан ҳуқықлары, ҳаяллар, балалар ҳуқықларына байланыслы оқыў курслары ҳәм сабақлықларының жағдайы ҳәм усы темалар бойынша оқытылыў сапасын үйрениў бойынша мониторинг өткерилген. Нәтийжеде жоқары оқыў орынларында «Инсан ҳуқықларын үйрениў» арнаўлы оқыў курсларының толық жолға қойылмағанлығы, қаржыландырыў мәселелери шешилмегенлиги себепли пәнлер қәнигелиги болмаған оқытыўшылар тәрепинен оқытылып атырғанлығы сынға алынған.

 

Соның менен бирге, Миллий бағдарлама жәмийетте инсан хуқықлары ҳәм еркинликлерине болған ҳүрмет сезимлериниң пайда болыўы, халықаралық шөлкемлер тәрепинен берилген усыныслардың орынланыўы ушын суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң инсан ҳуқықлары бойынша квалификациясын арттырыў бағдарындағы жумысларды системалы жолға қойыў кереклиги нәзерде тутылмақта.

 

Инсан хуқықлары тараўында билим – ҳәр бир пуқараның инсан ҳуқықларына болған ҳүрметти қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳәр тәреплеме оның орынланыўына әмел етиў ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады, деп есаплайман.

 

Бекбаулы Досымбетов,

 Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы.

Қарақалпақстан Республикасы суды

Онлайн қабыллаўда 30 дан аслам пуқараның мүрәжаты тыңланды

 

Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесовлар тәрепинен Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Нөкис районы пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткерилди.

 

Онда пуқаралардың суд қарарларына ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы отыздан аслам мүрәжаты көрип шығылды.

 

Атап айтқанда, жер-мүлк, кадастр, ажырасыў, кредит, кепиллик, қарыздарлық ҳәм басқа да мәселелер бойынша көплеген мүрәжатлар билдирилди.

 

Бозатаў районындағы Еркиндәрья АПЖ дан Л.Қулымбетованың билдириўинше, Көкшиел елатындағы бурынғы мектептиң қасына қосымша жайлар көмек жолы менен салынған. Сол жайлардың бири оған берилген ҳәм ол жерде усы күнге шекем жасап келмекте. Усы қосымша жайлар мектептиң балансында қалып кеткен. Соң мектеп имараты бузылып алынып кетилген, ал сол жердеги қосымша жайлар бузылмай қалған. Сол қосымша жайларды мектептиң есабынан өзиниң атына өткериў бойынша ҳуқықый түсиник сорады.

 

Бозатаў ППЖ дан А.Бикеев 1 бас қара малын шопанға айына 60 мың сум есабынан бағыўға бергенин, бир айдан соң малы өлип қалғанын, келтирилген зыянды төлемей атырғанлығын билдирди.

 

Сондай-ақ, усы ППЖ дан М.Қожаназаров жасап турған жериниң берилиўи ҳақкындағы Бозатаў районы ҳәкими қарарының көширмеси мәмлекетлик архивтен табылмай атырғанлығынан наразылығын билдирди.

 

Бозатаў районынан С.Абипов автотранспорт басқарыў ҳуқықын мүддетинен алдын тиклеўин сорап мүрәжат етти.

 

Усы райондағы Көк суў АПЖ дан Қ.Қырықбаев 2018-жыл май айында қыйтақ жерине қызыл бурыш егиў бойынша кредит алғанын, бирақ, суў болмағанлығы себепли, еккен егини шықпай қалғанын мәлим етип, алған кредитин азайтып бериўин сорады. Себеби, еки ақлығына пособия алайын десе, атыңда кредит бар, деп АПЖ қайтарып жиберип атырған екен.

 

Кегейли районындағы Жылўанжап АПЖ дан Д.Атағуллаев жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети қарарынан наразы екенлигин билдирген болса, Мәденият МПЖ дан Е.Узақбергенов ҳәм Жилўанжап МПЖ дан М.Бекбаевалар турақ жай мәселеси бойынша мүрәжат етти.

 

Қабыллаў даўамында мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

Skip to content